Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Қырғызстан бас министри Асакадағы автомобиль заводында болды

2023-03-09 | Экономика

Қырғызстан Республикасы бас министри Акылбек Жапаров басшылығындағы делегация 8-март күни Әндижан ўәлаятында болды.

Ҳәзирги ўақытта Қырғызстан Республикасы бас министри Акылбек Жапаров басшылығындағы делегация жумысшы сапар менен мәмлекетимизде болмақта. Сапар даўамында делегация ағзалары мәмлекетлеримиз арасындағы дослық, экономикалық бирге ислесиў байланысларын және де беккемлеў мақсетинде елимиздеги бир қатар өндирислик объектлери менен танысыўы, ушырасыўлар өткериўи нәзерде тутылған.

Әндижанда Қырқызстан делегациясы салтанатлы түрде күтип алынды.

Қырғызстан Республикасы делегациясы ағзалары Асака районындағы «UZAUTO MOTORS» акционерлик жәмийетине барды. Мийманлар автомобиль ислеп шығарыў заводынды өндирис, автомобильлерди жыйнаў процесслери менен жақыннан танысты.

Қырғызстан бас министри соның менен бирге Chevrolet бренди астында Spark, Nexia, Cobalt, Lacetti (Gentra), Damas, Labo, Malibu, Tracker, Equinox, Trailblazer, Traverse, Tahoe маркасындағы автомобильлер ислеп шығарылып атырған усы кәрхана жумысына жоқары баҳа берди.

Ф. УБАЙДУЛЛАЕВ,  

З. УМРЗОҚОВ (фото)

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться