08:32:19 (GMT+5)    23.02.2025

Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
ЯнварьФевральМарт
АпрельМайИюнь
ИюльАвгустСентябрь
ОктябрьНоябрьДекабрь
Календарь

Ўақыялар

Февраль 2025
Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
12
3456789
10111213141516
17181920212223
2425262728  
       
Порталда жаңалық

Конституцияға усыныслардың жуўмақлары бойынша мәсләҳәтлесиў болып өтти

2023-03-07 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 6-март күни Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатлары ҳәм Сенатының ағзалары, Жоқары суд басшылығы менен ушырасты.

Ушырасыўда Конституцияға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў бойынша халқымыз тәрепинен келип түскен усыныслардың жуўмақлары бойынша мәсләҳәтлесиў болып өтти.

Депутатлар жәмийетшилик тәрепинен жиберилген 200 мыңнан аслам усыныслардың ҳәр бирин терең үйренип шықты, онда халықаралық тәжирийбе де есапқа алынды, түрли тараўлардан жетик қәнигелер ҳәм экспертлер тартылды.

Бир неше ай даўам еткен үйрениўлер нәтийжесинде Өзбекстан Республикасы Конституциясына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы Конституциялық нызам жойбарының жуўмақлаўшы редакциясы таярланды.

Бул нызам жойбарында социаллық-экономикалық, сиясий ҳәм мәмлекетлик басқарыў тараўларына байланыслы оғада әҳмийетли өзгерислер сәўлелендирилгени себепли нызам жойбарын референдумға қойыўдан алдын депутатлар Өзбекстан Республикасы Конституциясының 83-статьясында белгиленген нызамшылық басламасына ийе субъектлер менен мәсләҳәтлесиўлер өткермекте.

Онда парламент ҳәм ҳүкимет, жәмийетшилик ўәкиллери нызам жойбарына өз пикир-усынысларын билдирмекте.

Сондай-ақ, бул нызам жойбары Конституциялық суд тәрепинен өз алдына көрип шығылатуғыны ҳәм шешим берилетуғыны атап өтилди.

Мәсләҳәтлесиўлер даўам етеди.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться