Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан Президенти Трансаўған темир жол коридорын қурыў жойбарын жеделлестириў зәрүрлигин атап өтти
2023-02-24 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 23-февраль күни еки тәреплеме Ҳүкиметлераралық комиссияның гезектеги мәжилиси шеңберинде мәмлекетимизде болып турған Пакистан Ислам Республикасының қаржы министри, комиссияның Пакистан бөлими баслығы Исҳоқ Дорди қабыллады.

Өз-ара пайдалы бирге ислесиўди және де кеңейтиў, бәринен бурын, саўда, инвестиция ҳәм транспорт тараўларындағы жойбарларды әмелге асырыўдың әмелий тәреплери додаланды.
Исҳоқ Дор ушырасыў имканияты ушын Өзбекстан жетекшисине миннетдаршылық билдирип, Пакистан бас министри Шаҳбоз Шарифтиң сәлеми ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.
Ушырасыўда транзит ҳәм преференциал саўда ҳаққында қол қойылған әҳмийетли келисимлерди әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.
Буннан тысқары, ҳүкиметлераралық сөйлесиўлер күн тәртиби шеңберинде экономиканың түрли тармақларында анық кооперация жойбарларын алға қойыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы еки тәреплеме автомобиль қатнаўларын раўажландырыў ҳәм Орайлық және Қубла Азияны Аўғанстан арқалы байланыстыратуғын ҳәм Пакистан портларына алып шығатуғын темир жол қурылысының жойбарын жеделлестириў зәрүр екенлигине айрықша тоқтап өтти.
Дерек: Өзбекстан Республикасы Президентиниң рәсмий веб-сайти