Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2025
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Мәмлекетимиз басшысы Әзербайжан менен әмелий бирге ислесиў көлемин және де кеңейтиў зәрүр екенлигин атап өтти

2023-02-24 | Сиясат

23-февраль күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев биргеликтеги Аймақлар форумының биринши мәжилисине ҳәм Исбилерменлер кеңесиниң ушырасыўында қатнасыў ушын Әзербайжан делегациясы басшылығында елимизге келген экономика министри, еки тәреплеме Ҳүкиметлер аралық комиссияның жәрдемши баслығы Микойил Жабборовты қабыллады.

Жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў мәселелери көрип шығылды.

Ушырасыў алдында экономика министри Микойил Жабборов мәмлекетимиз басшысына Әзербайжан Президенти Илҳам Алиевтиң қызғын сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

Сөйлесиўде автомобиль қурылысы, тоқымашылық ҳәм пиллешилик тармақларында кооперациялық жойбарлар жедел әмелге асырылып атырғаны айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Биргеликтеги инвестициялық қорды дүзиў ҳаққында келисимге қол қойылмақта. Нефть-газ тармағында, транспорт логистика тараўларында перспективалы жойбарлар таярланбақта.

Еки мәмлекет арасында әмелий бирге ислесиў көлемин, соның ишинде, әмелге асырылып атырған локализациялаў бағдарламасы шеңберинде және де кеңейтиў зәрүр екени атап өтилди.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться