Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2025
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекстан Президенти рәсмий сапар менен Египетте болады

2023-02-20 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Египет Араб Республикасы Президенти Абдулфаттоҳ Ас-Сисидиң мирәт етиўине бола, 20-21-февраль күнлери рәсмий сапар менен усы мәмлекетте болады.

Жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер күн тәртибинен Өзбекстан-Египет қатнасықларын және де беккемлеў мәселелериниң кең шеңбери орын алған.

Сиясий, саўда-экономикалық, мәдений-гуманитарлық ҳәм билимлендириў тараўларында бирге ислесиўди раўажландырыў перспективаларына айрықша итибар  қаратылады. Халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша пикир алысылады.

Саммиттиң жуўмағында Биргеликтеги билдириўдиң қабыл етилиўи ҳәм бир қатар еки тәреплеме ҳүжжетлерге қол қойылыўы нәзерде тутылған.

Сапар шеңберинде Өзбекстан басшысы Египеттиң жетекши компанияларының басшылары ҳәм исбилермен топарлардың ўәкиллери менен ушырасыў өткереди.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться