Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң атына Америка Қурама Штатларының Президенти Жо Байденнен хат келди
2023-02-20 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти
Уллы мәртебели Шавкат Мирзиёевқа
Ҳүрметли Уллы мәртебели Президент!
Мәмлекетлеримиз арасындағы қатнасықларды беккемлеўде көрсетип атырған жетекшилигиңиз ҳәм жеке умтылысыңыз ушын, соның ишинде, қәўипсизлик тараўындағы бирге ислесиў ушын терең миннетдаршылық билдиремен.
Өзбекстан менен экономика ҳәм энергетика мәселелеринде өз-ара байланысларды раўажландырыў, сондай-ақ, Сизиң мәмлекеттиң сиясий системасын можернизациялаў ҳәм реформалаў бағдарындағы ҳәрекетлериңизди қоллап-қуўатлаў АҚШ ушын үлкен әҳмийетке ийе.
АҚШ ҳәм Өзбекстан арасындағы стратегиялық шериклик тереңлесип бармақта ҳәм ерисилген жетискенликлерди 2023-жылы да және де алға қойыўымызға үмит билдиремен.
Сиз Орайлық Азиядағы бес мәмлекеттиң регионаллық бирге ислесиўин кеңейтиў арқалы қоңсы мәмлекетлер менен қатнасықларды раўажландырыўға үлкен итибар қаратып атырғаныңызды айрықша атап өтпекшимен.
Бул ҳәрекетлер Орайлық Азияда ҳәм оның сыртында раўажланыў ҳәм турақлылықты тәмийинлеўге үлкен үлес қоспақта.
Бизиң шериклигимиз, мине 30 жылдың ишинде БМШтың барлық мәмлекетлердиң ғәрезсизлиги, суверенитети ҳәм аймақлық пүтинлигин ҳүрмет етиўдей тийкарғы принциплерине әмел етиў тийкарғы принциплерине әмел етиў тийкарында раўажланды.
Бул қәдириятларға бирдей садықлығымыз өз-ара байланысларымыздың узақ мүддетли келешекте және де беккемленетуғынына исенемен.
Ҳүрмет пенен,
Жо Байден
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги