Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың орынланыўы көрип шығылды

2023-02-16 | Сиясат

Президент Шавкат Мирзиёев жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў мәселелери бойынша мәжилис өткерди.

Мәмлекетимизде жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясат мәнзилли ҳәм кең көлемли. Атап айтқанда, өткен жылы 9 мың 406 мәҳәлледе жаслар жетекшилериниң жумысы жолға қойылып, жаслардың машқалаларын орнында шешиў имканияты жаратылды. Нәтийжеде олардың мүрәжатларын  көрип шығыў мүддети 30 күннен 5 күнге қысқарды. Ҳәзирги ўақытта жетекшилердиң усынысы тийкарында жигит-қызларға 25 жәрдем түрлери көрсетилмекте.

Жас әўладтың социаллық-экономикалық машқалаларын шешиў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде 14-30 жастағы 9 миллион жастың балансы қәлиплестирилди. Бос ўақытын мазмунлы шөлкемлестириў, қәбилетин жүзеге шығарыў мақсетинде 5 басқышлы «Бес баслама олимпиадасы» өткерилип келинбекте.

Мәжилисте бул бағдардағы жумысларды даўам еттирип, сапа жағынан жаңа басқышқа көтериў зәрүрлиги атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы питкериўшилерди кәсип-өнерге үйретиў ҳәм жумыс пенен тәмийинлеўге қаратылған «Турмыс мектеби» бағдарламасын әмелге асырыў басламасын билдирди.

Жасларды итибар ҳәм ғамхорлық пенен толық қамтып алыў мақсетинде олар «мәҳәлледен министрликке шекем» системасы арқалы мәмлекетлик уйымларға бириктирилетуғыны белгиленди.

Жасларға ажыратылып атырған қаржылардың қәлиплесиўи ҳәм қаржыландырыў процесслерин санластырып, мақсетли бағдарлаў ўазыйпасы қойылды. Жигит-қызлардың исбилерменлик басламаларын қоллап-қуўатлаў, бизнес көнликпелерин раўажландырыў бойынша көрсетпе берилди.

Жасларымыз көркем өнер, әдебият, спорт тараўларында да умтылыўшаң. Оларға бундай имканиятларды жақынластырыў мақсетинде аймақларда «Мәденият кәрўаны» илажлары, фестивальлар, интеллектуаллық ҳәм спорт жарыслары өткериледи. Жаслар сейил етиў орынлары, креатив парклер шөлкемлестириледи.

Жасларды жат идеялар қәўпинен исенимли қорғаў ушын қолайлы мәлимлеме ресурсларын жаратып, байытып барыў зәрүр екенлиги айтылды.

Мәжилисте жуўапкерлер усы жылы әмелге асырылатуғын жумыслар бойынша мәлимлеме берди.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться