Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Әдил судлаў жумысын әмелге асырыўды нәтийжели шөлкемлестириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында

2023-01-18 | Ҳүжжетлер

Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

 

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 16-январьдағы «Әдил судлаўға ерисиў имканиятларын және де кеңейтиў ҳәм судлар жумысы нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПП-11-санлы Пәрманының орынланыўын нәтийжели тәмийинлеў мақсетинде:

  1. Бас прокурор (Н.Йўлдошев):

Санлы технологиялар министрлиги менен биргеликте бюджеттен тысқары қаржылар есабынан Әдил судлаўды әмелге асырыўға жәрдемлесиў бойынша қәнигелескен прокурорлар корпусы – (кейинги орынларда –  Қәнигелескен прокурорлар корпусы) жумысына 2023-жыл 1-сентябрьге шекем «Судларда прокурор қатнасы» мәлимлеме системасын жаратып, дәслеп сынақ түринде иске қоссын ҳәм 2024-жылдан әмелиятқа толық енгизсин;

Жоқары суд пенен биргеликте 2023-жыл 1-июльден Бас прокуратура ҳәм Жоқары суд мәлимлеме системаларын интеграциялаў жолы менен өз-ара ҳүжжет алмасыўын толық жолға қойсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Жоқары суды эмблемасының үлгиси 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Эмблеманы таярлаў ҳәм сақлаў сондай-ақ, оннан пайдаланыў тәртиби Жоқары суд баслығы тәрепинен тастыйықланатуғыны белгиленсин.

  1. Жоқары суд жумысын әмелге асырыў ушын тартылған ресурслардан нәтийжели пайдаланылыўын тәмийинлеў мақсетинде Жоқары суд Судьялар жоқары кеңеси, Бас прокуратура ҳәм Әдиллик министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте:

алдыңғы сырт ел тәжирийбесинен келип шыққан ҳалда айырым категориядағы пуқаралық, экономикалық ҳәм ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы жумысларды көриў ўәкиллигин тийислилиги бойынша ҳәкимшилик уйымларға өткериў;

айырым категориядағы жынайый, пуқаралық, экономикалық ҳәм ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы жумысларды төменги инстанция судларының өзинде жуўмақлаў тәртибин белгилеў;

пуқаралық ҳәм экономикалық жумыслар бойынша тәреплерди келистириў ҳәм медиация институтын кеңнен енгизиў бойынша тийкарланған усынысларды ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына киргизилиўин тәмийинелесин.

Жоқары суд Судьялар жоқары кеңеси сондай-ақ, Экономика ҳәм қаржы министрлиги менен биргеликте 2023-жыл 1-июльге шекем усы бәнтте нәзерде тутылған жаңа механизмлердиң енгизилиўи нәтийжесинде жумыс жүклемеси оптималластырылған судлардың штат бирликлерин нәтийжели бөлистириў бойынша тийкарланған усынысларды Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына киргизилиўин тәмийинлесин.

  1. Бас прокурор (Н.Йўлдошев) Экономика ҳәм қаржы министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте алдыңғы сырт ел тәжирийбесин ҳәм судларда көрилетуғын жумыс көлемин инабатқа алып, айырым бағдарларда прокурор қадағалаўын қысқартыў, сондай-ақ, Бас прокуратура жанындағы шөлкемлердиң штат бирликлерин оптималластырыў есабынан Қәнигелескен прокурорлар корпусының штат бирликлери санын көбейтиў бойынша усынысларды Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына киргизсин.
  2. Қәнигелескен прокурорлар корпусы хызметкерлериниң өз жумысын нәтийжели әмелге асырыўы ушын Жоқары суд (Б.Исламов) суд имаратларында айрықша хызмет ханалары ажыратылыўын, Бас прокурор (Н.Йўлдошев) усы ханалардың үскенелениўин тәмийинлеў илажларын көрсин.
  3. Санлы технологиялар министрлиги (Ш.Шерматов):

турақлы түрде суд ҳәкимияты уйымларының жумысын санластырыў бойынша белгиленген ўазыйпалардың өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўына жәрдемлесип барсын;

Жоқары суд (Б.Исламов) пенен биргеликте ҳәр шеректе Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 3-сентябрьдеги «Суд ҳәкимияты уйымларының жумысын санластырыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4818-санлы қарарының орынланыўын мониторинг етсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине 2-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
  2. Жоқары суд мәпдар уйымлар менен биргеликте үш ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында усыныслар киргизсин.
  3. Усы Пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Жоқары суд баслығы Б.Исламов ҳәм Бас прокурор Н.Йўлдошев белгиленсин.

Пәрманның орынланыўын қадағалаў ҳәм орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы С.У.Умурзаковқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                               Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2023-жыл 16-январь

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться