Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Миллий авиакомпанияны трансформациялаўға байланыслы усыныслар көрип шығылды
2022-12-14 | Сиясат
Президент Шавкат Мирзиёев 14-декабрь күни «Uzbekistan airways» акционерлик жәмийетин трансформациялаўға байланыслы усыныслар менен танысты.
Мәмлекетимиз басшысының 2021-жыл 30-апрельдеги қарарында пуқаралық авиация кәрханаларын трансформациялаў бойынша ўазыйпалар белгиленген еди. Бул бағдарда алдыңғы сырт ел тәжирийбеси үйренилмекте, жетик консультантлар тартылмақта.
Атап айтқанда, «Uzbekistan airways» акционерлик жәмийетин реформалаў бойынша түркиялы қәниге Илкер Айжи жәмәәти менен жумыс алып барылмақта. Ол «Түрк ҳаўа жоллары» авиакомпаниясын басқарған ўақытта оны регионаллық дәрежеден глобаллық дәрежеге табыслы алып шыққан.
Бүгин «Uzbekistan airways»тың алдына да сондай ўазыйпа қойылды. Мәмлекетимиздиң географиялық орналасыўы ҳәм тараў инфраструктурасынан ақылға уғрас пайдаланып, оны халықаралық транспорт хабына айландырыў нәзерде тутылған.
Таныстырыўда мәмлекетимиз басшысына «Өзбекстан ҳаўа жоллары»н трансформациялаў ҳәм раўажландырыў бойынша ислеп шығылған стратегия ҳаққында мәлимлеме берилди.
Оған муўапық, авиакомпанияға халықаралық тәжирийбе тийкарында корпоративлик басқарыў системасын енгизиў, ҳаўа кемелерин көбейтиў, хызметлердиң сапасын арттырыў ҳәм жүк тасыў тармағын кеңейтиў илажлары көриледи. Сырт ел инвесторларын тарта отырып, авиакомпанияны жәҳән стандартлары тийкарында меншиклестириў жумыслары жуўмақланды.
Булардан гөзленген тийкарғы мақсет «Өзбекстан ҳаўа жоллары»н жетекши регионаллық авиакомпанияға айландырыў, сондай-ақ, халықтың жергиликли ҳәм халықаралық жөнелислерде арзан баҳаларда ҳәрекетлениўин тәмийинлеўден ибарат болып табылады.
Президентимиз бул режелерди мақуллап, оның орынланыўына тезирек кирисиў керек екенин атап өтти.
– Бул тараўда он жылға кешиккенбиз. Авиакомпания ески усылда ислемекте, жолаўшылар хызмет сапасынан разы емес. Егер экономикамызды, туризмди раўажландырамыз десек, бирден-бир жолымыз усы, – деди Шавкат Мирзиёев.
Авиакомпанияда жойбар офисин дүзип, трансформация процесин муўапықластырып барыў бойынша усыныслар берилди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги