Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан аўыл хожалығы хызметкерлерине
2022-12-11 | Сиясат
Қәдирли ўатанласлар!
Ҳүрметли дийқан ҳәм фермерлер, аграр тараўының хызметкерлери!
Қәдирли ветеранлар!
Мийнет мәўсими тамамланып, тараўдағы жумыслардың жуўмағы шығарылып атырған, мине, усы қутлы күнлерде сиз, әзизлерди, сизлер арқалы пүткил халқымызды бүгинги кәсиплик байрамыңыз – Аўыл хожалығы хызметкерлери күни менен шын жүректен қутлықлайман.
Бүгинги қуўанышлы әййямда, бәринен бурын, ҳадал маңлай тери, пидәкерлик мийнети менен жерден жемислер өндирип, турмысымызға қут-берекет, пайыз, қуўаныш алып келетуғын ҳәзирети дийқанларымызға, барлық тараў хызметкерлерине ең жақсы тилеклеримизди билдиремиз.
Биз сизлердиң тымсалыңызда ҳәр қандай қыйын шараятта да өз кәсибине ҳәм парызына садық болып, ел-журтымызға шын жүректен хызмет етип атырған мийнеткеш, мәрт ҳәм уллы инсанларды көремиз.
Әсиресе, пүткил дүньяда климат өзгерип, жер ҳәм суў ресурсларында ҳәр қыйлы машқалалар көбейип атырған ҳәзирги ўақытта ҳақыйқый сабыр-тақатлылық, жумыстың ебин табатуғын пазыйлетлерди көрсетип, барлық аўыл хожалығы егинлеринен мол зүрәәт жетистирип киятырғаныңыз жоқары ҳүрмет ҳәм мақтаўға ылайық.
Усы мәниде, базарларымыз бенен дүканларымыздың молшылығы ҳәм арзаншылығында, қала ҳәм аўылларымыздың абаданлығында сизлердиң үлесиңиз шексиз, десек, әйне ҳақыйқатты айтқан боламыз.
Әзиз дослар!
Кейинги жылларда елимизде барлық тараўлар менен тармақлар қатарында аўыл хожалығында да түпкиликли реформалар әмелге асырылмақта. Бул процессте инсан қәдири менен мәплерин тәмийинлеў әҳмийетли ўазыйпа сыпатында биринши орынға қойылмақта.
Бул ҳаққында сөз еткенде, масақлы дән жетистириў ҳәм сатып алыўдың жаңа системасы енгизилип, дийқанларымыздың қоймалары дәнге, руўзыгершилиги қут-берекетке толып атырғаны аграр тараўды қаржылай қоллап-қуўатлаў мақсетинде халықаралық жеңилликли кредитлер ажыратылғаны, өним жетистириў, суўғарыў, туқым ҳәм нәл сатып алыўға байланыслы қәрежетлер субсидияның есабынан қаплап берилип атырғанын атап өтиў керек.
Өзбек пахтасына енгизилген бойкот бийкар етилип, тоқымашылық тараўында ири брендлер мәмлекетимиздиң пахта базарына қайтпақта.
Дийқан хожалықларын раўажландырыўға усы жылы 100 мың гектар пахта ҳәм ғәлле майданлары қысқартылып, ашық электрон аукцион арқалы халыққа тарқатылды. Соның есабынан 420 мыңнан аслам жаңа хожалық шөлкемлестирилип, 1 миллион 200 мыңнан аслам турақлы ҳәм мәўсимлик жумыс орынлары жаратылғаны айрықша әҳмийетке ийе.
Дүньяда азық-аўқат жетиспеўшилиги барған сайын артып, регионымызда шөллениў процеси күшейип атырғаны аўыл хожалығы хызметкерлериниң алдына да әҳмийетли ўазыйпаларды қойып атырғанына гүмән жоқ.
Биз тараўды турақлы раўажландырыў ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде аграр тармақта баслаған реформаларымызды избе-из даўам еттиремиз. Атап айтқанда, аўыл хожалығында суў тәмийнатын жақсылаў, суў хожалығы инфраструктурасын модернизациялаў бойынша ири жойбрларды баслаймыз.
Пахташылық ҳәм ғәллешиликте базар принциплерин кеңнен енгизиў, илимий тийкарда өним жетистириў, фермер ҳәм дийқанлардың мәплерин арттырыў илажлары күшейтиледи.
Соның менен бирге, жергиликли шараятқа сай, арзан аўыл хожалығы техникаларын ислеп шығарыў оларды фермер ҳәм дийқанларымызға жеңилликли шәртлерде жеткерип бериў, субсидиялар ажыратыў ҳәм қосымша қаржыландырыў имканиятлары кеңейтиледи. Аўыл хожалығында хызмет көрсетиўдиң сапасын ҳәм дәрежесин арттырыў, әмелият ҳәм илим интеграциясын беккемлеў мәселелери де итибарымыз орайында болады.
Өним ислеп шығарыўды көбейтиў, бәнтликти тәмийинлеў мақсетинде басланған унамлы тәжирийбе даўам еттирилип, дийқан хожалықларын дүзиўге қосымша 100 мың гектардан артық жер халыққа тарқатылады.
Қәдирли ўатанласлар!
Мине усы қуўанышлы әййямда өзиниң пидәкерлик мийнети, бай билим ҳәм тәжирийбеси менен елимиздиң аўыл хожалығының раўажланыўын жаңа басқышқа алып шығыўға мүнәсип үлес қосып киятырған дийқан ҳәм фермерлеримиз, агрокластерлердиң басшылары менен хызметкерлерине, тараўда мийнет етип атырған барлық ўатанласларымызға өзимниң атымнан, гүллән халқымыздың атынан терең миннетдаршылық билдиремен.
Сизлерди бүгинги қутлы байрам менен және бир мәрте қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, шаңарағыңызда ығбал-бахыт, ийгиликли жумысларыңызда үлкен жетискенликлер тилеймен.
Бәрқулла мийнетиңиздиң рәҳәтин көрип жүриң!
Ҳеш қашан кем болмаң, әзизлерим, қәдирданларым!
Шавкат Мирзиёев,
Өзбекстан Республикасы Президенти
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги