Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан ҳәм Россия ҳүкиметлери басшыларының ушырасыўы
2022-12-02 | Экономика
Самарқанд қаласында 2-декабрь күни Өзбекстан Республикасы ҳәм Россия Федерациясы ҳүкимет басшылары дәрежесиндеги қоспа комиссияның үшинши мәжилиси болып өтти.
Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов ҳәм Россия Федерациясы Ҳүкимети баслығы Михаил Мишустин басшылығында өткен мәжилисте мәмлекетлеримиз арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм өз-ара бирге ислесиў қатнасықларының бүгинги жағдайы ҳәм перспективалары додаланды.
Усы жылдың 15-сентябрь күни Президентлер – Шавкат Мирзиёев ҳәм Владимир Путин тәрепинен Өзбекстан Республикасы менен Россия Федерациясы арасында кең көлемли стратегиялық шериклик ҳаққындағы декларацияға қол қойылғаны атап өтилди.
Ҳүкиметлер алдына ҳәр қыйлы тараўларда әмелий бирге ислесиўди ҳәр тәреплеме раўажландырыў ўазыйпасы қойылған.
Мәжилисте перспективалы жойбарлар ҳәм саўда шәртнамаларының әмелге асырылыўын тәмийинлеў және мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди тереңлестириў режелери келисип алынды.
Кейинги бес жылда Өзбекстанда Россия инвестициясының қатнасындағы кәрханалардың саны үш есеге көбейип, дерлик үш мыңға жетти. Тек ғана усы жылы 700 кәрхана дүзилди.
Өз гезегинде, Россияда да өзбек капиталының қатнасыўында мыңға шамалас кәрхана жумыс алып бармақта.
Бүгинги күнде мәмлекетлеримиз арасында аўыл хожалығы, тоқымашылық ҳәм азық-аўқат санааты, фармацевтика, электротехника ҳәм машина қурылысы тараўларында санаат кооперациясы раўажланбақта.
Тәреплер транспорт ҳәм транзит тараўында бирге ислесиўди кеңейтиўден мәпдар екени билдирилди. Усы жылы жүк тасыўдың көлеми 21 процентке артқаны, онда транзит жүк тасыўлардың салмағы 25 процентке көбейгени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Соның менен бирге, аймақлар арқалы транзит жүк тасыўда исенимли транспорт-логистикалық шынжырларды қәлиплестириў бойынша бирге ислесиўди даўам еттириў зәрүрлиги атап өтилди.
Билимлендириў ҳәм илим, мәденият тараўларында бирге ислесиў еки тәреплеме қатнасықлардың әҳмийетли бағдарларынан бири болып табылады. Ҳәзирги ўақытта Өзбекстанда Россиядағы жоқары билимлендириў мәкемелериниң 14 филиалы жумыс алып бармақта.
Мәжилис жуўмағына бола, өз-ара бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға қаратылған оннан аслам ҳүжжетке қол қойылды.
Қоспа мәжилис шеңберинде 1-2-декабрь күнлери Самарқандта Өзбекстан – Россия бизнес-форумы болып өтти. Оған еки мәмлекеттиң министрликлери ҳәм уйымлары, регионлары, тармақлық бирлеспелери ҳәм аўқамларының басшылары, сондай-ақ, 500 ден аслам жетекши компания және корпорациялардың ўәкиллери қатнасты.
Ҳүкиметлер басшылары форум жумысына қатнасып, шығып сөйледи. Кейинги жыллары еллеримиз арасындағы көп тәреплеме бирге ислесиўдиң жаңа дәўири басланғаны атап өтилди.
Форум шеңберинде Самарқанд қаласында мәмлекетимизде ислеп шығарылған өнимлердиң көргизбеси шөлкемлестирилди.
Ғолиб Ҳасанов,
Икрам Аввалбоев
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги