Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекстан ҳәм Россия жетекшилери саўда-экономикалық бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдарларын додалады

2022-11-30 | Сиясат

30-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти.

Сөйлесиўде Өзбекстан ҳәм Россия арасындағы көп тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў ҳәм кең көлемли стратегиялық шериклик қатнасықларын беккемлеўдиң әҳийетли мәселелери додаланды.

Ҳәр қыйлы дәрежедеги жедел сөйлесиўлер даўам етип атырғаны ҳәм жоқары дәрежедеги келисимлерди әмелге асырыў бойынша биргеликте нәтийжели жумыслар кеңейип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Жыл басынан товар алмасыўдың көлеми 30 проценттен зыятқа артты. Өткен айда Экономикалық бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлераралық комиссияның гезектеги мәжилиси табыслы өткерилди. 1-2-декабрь күнлери Самарқанд қаласында еки мәмлекет ҳүкиметлери басшылары дәрежесиндеги Қоспа комиссияның ушырасыўы болып өтеди, онда экономиканың әҳмийетли тармақларындағы ҳәзирги ҳәм перспективалы кооперациялық жойбарлар көрип шығылады. Сондай-ақ, мәмлекетлеримиздиң жетекши санаат кәрханалары ҳәм компаниялары ўәкиллериниң қатнасыўында бир қатар исбилерменлик илажлар өткерилиўи режелестирилген.

Аймақлараралық бирге ислесиў кеңеймекте. Гуманитарлық алмасыўлар тараўында үшинши Өзбекстан-Россия билимлендириў форумының жоқары нәтийжелери атап өтилди.

Буннан тысқары, көп тәреплеме форматтағы, соның ишинде, Орайлық Азия регионындағы әмелий бирге ислесиў мәселелери бойынша пикир алысылды. Жетекшилер болажақ илажлар режесин де көрип шықты.

Өзбекстан ҳәм Россия Президентлериниң телефон арқалы сөйлесиўи ҳәр қашанғыдай ашық, исенимли ҳәм дослық руўхында өтти.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться