Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Жынаятларды тергеў тараўында маман кадрларды таярлаўдың сапа жағынан жаңа системасын енгизиў ҳаққында

2022-11-29 | Ҳүжжетлер

Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Елимизде тергеў исинде «Инсан қәдири ушын» деген ийгиликли идеяны толық жүгеге шығарыў, жынаятларды өз ўақтында ашыўды шөлкемлестириў тергеў уйымларының жумысын нызам үстинлигин ҳәм қылмыс ушын жаза бар екенин тәмийинлеў принципи тийкарында жетилистириўдиң әҳмийетли ўазыйпаларынан бири болып табылады.

Усы мүнәсибет пенен тараўда әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм заман талапларына жуўап беретуғын тергеў тараўындағы жоқары маман қәнигелерди таярлаў ҳәм қайта таярлаў системасының нәтийжелилигин түп-тийкарынан арттырыў талап етилмекте.

Жаңа Өзбекстан шараятында жынаятларды тергеў тараўында маман кадрларды таярлаў ҳәм қайта таярлаў әмелиятын сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыў, бул бағдарға  алдыңғы халықаралық стандартлар ҳәм заманагөй мәлимлеме технологияларын кеңнен енгизиў және ҳуқық қорғаў уйымларының жоқары маманлықтағы кадрларына болған талабын қанаатландырыў мақсетинде:

  1. Бас прокуратура, Ишки ислер министрлиги, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Миллий гвардия, Мәмлекетлик бажыхана комитети ҳәм Әдиллик министрлигиниң төмендеги усыныслары мақуллансын:

Бас прокуратура Академиясы негизинде Өзбекстан Республикасы Ҳуқық қорғаў академиясын (кейинги орынларда – Академия) шөлкемлестириў ҳәм онда жынаятларды тергеў тараўында кадрлардың әмелият пенен өз-ара байланыслылығын тәмийинлеген ҳалда бирден-бир қатнас тийкарында таярлаўға қаратылған үзликсиз оқыў системасын жолға қойыў;

  1. Ташкент мәмлекетлик юридика университетиниң Қәнигелестирилген филиалын (кейинги орынларда – Қәнигелестирилген филиал) сапластырыў және оның штат бирликлери, оқыў ҳәм материаллық-техникалық базасын Академияға өткериў.
  2. Төмендегилер Академия жумысының тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:

билим алыўшыларда инсан ҳуқықлары менен еркинликлерине сөзсиз әмел етиў мәденияты менен сәйкес жоқары руўхый, психологиялық, аналитикалық ҳәм кәсиплик сапасын раўажландырыўдың нәтийжели системасын енгизе отырып жынаятларды тергеў тараўында қәнигелерди тереңлестирилген мақсетли базалық таярлаў;

арнаўлы кәсиплик көнликпелерди қәлиплестириў ҳәм раўажландырыў, суд-ҳуқық тараўындағы реформалардың мазмун-мәнисин жеткериўге қаратылған бағдарламалар тийкарында тергеў ҳәм ҳуқық қорғаў жумысының басқа да тараўларында кадрларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў;

коррупцияға және жынайый дәраматларды легалластырыўға қарсы гүресиў тараўларында арнаўлы оқыў бағдарламалары тийкарында мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлердиң хызметкерлериниң маманлығына арттырыў ҳәм қайта таярлаў системасын жолға қойыў;

жынаятларды тергеў методикасын ҳәм тактикасын нәтийжели белгилеў тийкарында жынаят ислери бойынша еркин ис жүргизиў көнликпелерин раўажландырыўға қаратылған интерактив оқытыў медодларын билимлендириў процесине енгизиў;

оқытыўдың заманагөй түрлерин, педагогикалық ҳәм мәлимлеме технологиялары тийкарында теориялық таярлықтың ҳуқықты қолланыў әмелияты менен өз-ара байланыслылығын, соның ишинде, аралықтан билимлендириў тәризинде тәмийинлеўге қаратылған оқыў процесин шөлкемлестириў;

прокуратура уйымлары хызметкерлеринде билим ҳәм көнликпелерди, соның ишинде, системалы таллаў ҳәм сын пикирлеўди, нызамшылықты тәмийинлеў бойынша әдиллик ҳәм жуўапкершилик сыяқлы жоқары сезимлерди қәлиплестириў ҳәм беккемлеўге қаратылған таярлаў, қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыўдың бир пүтин системасын дүзиў;

жоқары маманлықтағы илимий-педагогикалық кадрларды таярлаў, ҳуқық қорғаў жумысының ең әҳмийетли мәселелери бойынша комплексли илимий изертлеўлерди системалы тийкарда, соның ишинде, миллий ҳәм халықаралық грантларды тарта отырып әмелге асырыў;

жынаятлар ислениўиниң себеп ҳәм шараятларын, соның ишинде, тергеўге шекемги тексериў ҳүжжетлери ҳәм жынаят ислерин үйрениў тийкарында олардың өз алдына түрлери кесиминде таллаў ҳәм диагностика етиў, сондай-ақ, ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў жумысын методикалық ҳәм консультатив тәмийинлеў;

суд-ҳуқық тараўында биргеликтеги илимий изертлеўлер алып барыў, алдыңғы педагогикалық тәжирийбе алмасыў бағдарында үзликсиз халықаралық бирге ислесиўди әмелге асырыў, оқыў процесине сырт ел жетекши жоқары билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў шөлкемлериниң маман қәнигелерин тартыў.

  1. Академияның Муўапықластырыў-қәўендерлик кеңеси (кейинги орынларда – Қәўендерлик кеңеси) 1-қосымшаға муўапық қурамда дүзилсин.

Қәўендерлик кеңеси Академия жумысына төмендеги әҳмийетли мәселелерде жәрдемлесетуғыны белгиленсин:

оқытыўға болған зәрүрликке муўапық, Академияда билимлендириў бағдарлары ҳәм қәнигеликлерин тастыйықлаў, оқыў процесин шөлкемлестириў ҳәм раўажландырыў бойынша перспективалы басламаларды мақсетли белгилеў;

студент ҳәм тыңлаўшылардың стажировкасы және питкериўшилерин жумысқа орналастырыў мәселелеринде сорастырыў ҳәм дәслепки тергеў жумысын әмелге асырыўға ўәкилликли мәмлекетлик уйымлар және судлар менен нәтийжели бирге ислесиўдиди шөлкемлестириў;

билимлендириў ҳәм илимий мәкемелер, ҳуқық қорғаў уйымлары және сырт елли шериклер менен билимлендириў ҳәм илим тараўларында мақсетли бирге ислесиў орнатыў ҳәм раўажландырыў;

Академияның раўажланыўын тәмийинлеўге материаллық жәрдем көрсетилиўин шөлкемлестириў, бюджеттен тысқары қаржыларды қәлиплестириў, миллий ҳәм халықаралық грантларды тартыў.

Қәўендерлик кеңесиниң ҳәр бир ағзасына Академияның нәтийжели жумыс алып барыўы ҳәм раўажланыўына жәрдемлесиў бойынша белгиленген ўазыйпалардың өз ўәкилликлери шеңберинде ҳәр тәреплеме әмелге асырыў бойынша жеке жуўапкершилик жүкленсин.

  1. Академия бас прокуратураның шөлкемлестириў структурасына киретуғыны, юридикалық тәреп статусына ийе, қәнигелестирилген жоқары билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў мәкемеси болып табылатуғыны;

Академияға Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен лаўазымға тайынланатуғын ҳәм лаўазымынан босатылатуғын басшы басшылық ететуғыны, оның статусы, транспорт және медициналық тәмийнат шәртлери жоқары әскерий ҳәм қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелериниң басшылары менен теңлестирилетуғыны;

Академия Бас прокуратура Академиясының  ҳуқық ҳәм миннетлемелери бойынша ҳуқықый мийрасхоры болып табылатуғыны;

Академияның тергеў тараўына қәнигелестирилген кафедралары қурамының 30 проценттен аз болмаған бөлеги – ишки ислер уйымлары, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ҳәм бажыхана уйымларының сорастырыў және тергеў структураларында көп жыллық әмелий жумыс тәжирийбесине ийе болған жоқары маманлықтағы қәнигелердиң есабынан қәлиплестирилетуғыны;

Академияның басқарыў хызметкерлери ҳәм профессор-оқытыўшыларына Бас прокуратура хызметкерлери ушын, басқа да хызметкерлерге жоқары билимлендириў мәкемелериниң тийисли хызметкерлери ушын белгиленген мийнетке ҳақы төлеў, материаллық хошаметлеў шәртлери ҳәм басқа да жеңилликлер енгизилетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. 2023-2024-оқыў жылынан баслап төмендеги тәртипти нәзерде тутқан ҳалда тергеў жумысы ҳәм ҳуқық қорғаў жумысының басқа да тараўларда жоқары билимлендириўдиң еки басқышлы системасы – бакалавриат ҳәм магистратура бойынша толық оқыў процеси шөлкемлестирилсин:

 бакалавриат бойынша оқытыў күндизги билимлендириў тәризинде әмелге асырылады және қәнигелик ҳәм юридикалық пәнлерди оқытыў, сондай-ақ, тереңлестирилген стажировканы шөлкемлестириў арқалы кадрларды мақсетли таярлаўға қаратылады;

Академияның тергеў иси бағдары бойынша магистратурасына қабыллаў сорастырыў ҳәм тергеў исин әмелге асыратуғын структуралардың және прокуратура уйымларының (кейинги орынларда – ўәкилликли мәмлекетлик уйымлар) әмелдеги хызметкерлери (әскерий хызметкерлер) арасынан әмелге асырылады;

Академияның тергеў иси бағдары бойынша бакалавриат және магистратурасына оқыўға қабыллаў Қәўендерлик кеңесиниң ўәкилликли ағзасы басшылық ететуғын уйымлараралық қабыллаў комиссиясы тәрепинен шөлкемлестирилетуғын арнаўлы психологиялық таңлаў, жазба имтихан ҳәм тест сынақлары арқалы әмелге асырылады;

Академияда билим алыў мүддети бакалавриат бағдарламасы бойынша – үш жыл, тергеў иси бағдарындағы магистратура бағдарламасы бойынша – бир жыл болып, питкериўшилерге жоқары юридикалық билимлендириўдиң тийисли басқышын жуўмақлағанын тастыйықлайтуғын мәмлекетлик үлгидеги дипломлар бериледи;

Академияның тергеў иси бағдарындағы ҳәр жылғы қабыллаў квоталары бакалавриат бағдарламасы бойынша – 250 ге шекем студент, магистратура бағдарламасы бойынша – 50 ге шекем жоқары юридикалық мағлыўматлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымлардың хызметкерлерин қурап, Қәўендерлик кеңеси тәрепинен ўәкилликли мәмлекетлик уйымлардың аймақлар кесиминдеги зәрүрликлеринен келип шығып усыныслар ислеп шығылады ҳәм магистратураның басқа да қәнигеликлери бойынша қабыллаў квоталары Бас прокуратура тәрепинен Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги менен биргеликте белгиленеди.

Академияда оқытыў мәмлекетлик грантлар ҳәм төлемли-контракт тийкарында шөлкемлестирилип, бакалавриат ҳәм тергеў иси бойынша магистратураға қабыллаў параметрлери Қәўендерлик кеңесиниң усынысын есапқа ала отырып ҳәр жылы Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен белгиленетуғыны;

Академияға қабыл етиўде абитуриентлердиң белгили бир топарларына республиканың басқа да жоқары билимлендириў мәкемелерине кириўге нызамшылық ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған жеңилликлер берилмейтуғыны;

Академияның тергеў иси бағдары бойынша питкериўшилери ўәкилликли мәмлекетлик уйымларға хызметке (әскерий хызметке) қабыл етилгенде тек ғана офицерлердиң қатарына киретуғын ямаса дәрежели атақ берилиўи нәзерде тутылған лаўазымларға тайынланатуғыны;

мәмлекетлик грантлар тийкарында оқыўды жуўмақлаған Академия бакалавриатының питкериўшилерине ўәкилликли мәмлекетлик уйымларда кеминде үш жыл ислеп бериў (хызметти өтеў) миннетлемеси жүкленетуғыны;

Академияның тергеў иси бағдары бойынша магистратурасына күндизги түрдеги оқыўға қабыл етилген ўәкилликли мәмлекетлик уйымлардың хызметкерлери, сондай-ақ, басқа да қәнигеликлер бойынша магистратураның күндизги түрине оқыўға қабыл етилген прокуратура уйымлары хызметкерлерин оқытыў пулсыз тийкарда әмелге асырылатуғыны және олардың ийелеп турған лаўазымы ҳәм орташа айлық мийнет ҳақысы оқыў дәўири даўамында сақлап қалынатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

оқыўдың жуўмақлары бойынша  жоқары нәтийжелерге ерискен ўәкилликли мәмлекетлик уйымлардың хызметкерлери Академияның тергеў иси бағдары бойынша магистратурасын тамамлаўы менен қағыйдаға бола, бурын ийелеп турған лаўазымынан жоқары лаўазымға тайынланады;

Академияда оқыў дәўири ўәкилликли мәмлекетлик уйымлардың хызметкерлери ушын пенсияға шығыў, атақ (дәреже) алыў ҳәм көп жыллық хызметти есаплаў ҳуқықын беретуғын улыўма хызмет (әскерий хызмет) стажына оқыўдың ҳәр бир жылы хызмет (әскерий хызмет)тиң бир жылына теңлестирилген ҳалда киргизиледи.

  1. Ўәкилликли мәмлекетлик уйымлардың хызметкерлери ушын Академияда төмендеги оқыў бағдарламалары бойынша кәсиплик қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыўдың мәжбүрий тәртиби енгизилсин:

биринши мәрте ўәкилликли мәмлекетлик уйымларға хызметке қабыл етилип, сорастырыўшы ямаса тергеўши лаўазымларына тайынланған ҳәм прокуратура уйымларына биринши мәрте хызметке қабыл етилген хызметкерлер ушын – даўамлылығы 576 сааттан аз болмаған мәжбүрий басланғыш қәнигелесиў түринде кәсиплик таярлаў курслары;

прокуратура уйымларында басшылық лаўазымларын ийелеў мақсетинде резервте турған кадрлар ушын – даўамлылығы 576 сааттан аз болмаған басшы кадрларды кәсиплик қайта таярлаў курслары;

сорастырыўшы ямаса тергеўши лаўазымларына тайынлаў мақсетинде ўәкилликли мәмлекетлик уйымлардың хызметкерлери ушын – даўамлылығы 288 сааттан аз болмаған кәсиплик қайта таярлаў курслары;

ўәкилликли мәмлекетлик уйымлардың сорастырыў ҳәм тергеў структураларының хызметкерлери, сондай-ақ, прокуратура уйымларының барлық буўынлары хызметкерлери ушын (ҳәр үш жылда кеминде бир мәрте) – даўамлылығы 144 сааттан аз болмаған маманлық арттырыў курслары.

Академияның кәсиплик қайта таярлаў курсларына қабылллаў ўәкилликли мәмлекетлик уйымлардың басшыларының усынысына бола әмелге асырылатуғыны;

усы бәнттиң екинши ҳәм төртинши абзацларында белгиленген курсларды тергеўши (сорастырыўшы) лаўазымларына тайынланған ҳәм биринши мәрте прокуратура уйымларына хызметке қабыл етилген хызметкерлер олар лаўазымға тайынланған күннен баслап алты айдан кешиктирместен өтейтуғыны. Бул курсларды өтеў бойынша талап бакалавриатты Академияда питкергенлерге ямаса Ишки ислер министрлиги Академиясының «Тергеў жумысы» қәнигелиги бойынша питкериўшилерге қолланылмайтуғыны;

қайта таярлаў ҳәм маманлық арттырыў системасына кириўши курсларда оқып атырған ўәкилликли мәмлекетлик уйымлардағы хызметкерлердиң ийелеп турған лаўазымлары бойынша белгиленген тәртип ҳәм муғдарда мийнетке ҳақы фонды төлемлери (пул тәмийнаты) сақлап қалынатуғыны белгиленсин.

  1. Төмендегилер:

Жынаятларды тергеў тараўында кадрларды үзликсиз оқытыў бирден-бир системасының структуралық-логикалық схемасы 2-қосымшаға муўапық;

Өзбекстан Республикасы Ҳуқық қорғаў академиясының структурасы 3-қосымшаға муўапық;

Өзбекстан Республикасы Ҳуқық қорғаў академиячының жумысын нәтийжели шөлкемлестириўи бойынша «жол картасы» 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Төмендеги ҳуқықлар берилсин:

а) Қәўендерлик кеңесине – ўәкилликли мәмлекетлик уйымлардың талапларын инабатқа алған ҳалда Академияның тергеў жумысының бағдары бойынша бакалавриаты ҳәм магистратурасына қабыллаў параметрлерин арттырыў бойынша усыныслар киргизиў;

б) Бас прокурорға:

тергеў жумысының бағдарынан тысқары қәнигеликлер бойынша Академияда оқыў процесин билимлендириўдиң кешки, сыртқы ҳәм аралықтан түрлери тийкарында шөлкемлестириў;

Академия структурасына хызметкерлердиң улыўма шекленген саны ҳәм мийнетке ҳақы төлеў фонды шеңберинде өзгерислер киргизиў сондай-ақ, төлемли-контракт тийкарында оқытыў ҳәм төлемли хызметлерден түскен қаржылар есабынан штатлар енгизиў;

Академия ушын белгиленген қабыллаў параметрлеринен тысқары дифференцияластырылған төлемли-контракт тийкарында оқыўға қосымша қабыллаў квоталарын белгилеў;

в) Академияға:

ўәкилликли мәмлекетлик уйымлардың талапларын инабатқа алған ҳалда, бакалавриат ҳәм магистратурада оқыў қәнигеликлери ҳәм бағдарлары бойынша маманлық талаплары, оқыў режелери менен бағдарламаларын еркин түрде ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў;

илимий, билимлендириў, баспа, полиграфия ҳәм нызамшылықта қадаған етилмеген басқа да жумысты әмелге асырыў бойынша төлемли хызметлер көрсетиў;

Академияның жумысына қәнигелерди (консультант, баянатшы, оқытыўшы ҳәм басқалар) саат есабы менен ҳақы төлеў ҳәм узақ мүддетли ислеў шәртлеринде тартыў сондай-ақ, оларға мийнет базарының әмелдеги конъюнктурасын есапқа алған ҳалда төлемли-контракт тийкарында бюджеттен тысқары қаржылар есабынан тийисли төлемлерди белгилеў;

г) Академия баслығына:

Академия Кеңесиниң усынысына бола бюджеттен тысқары қаржылар есабынан бакалавриаттың қәбилетли студентлерине қосымша индивидуал стипендиялар ажыратыў;

жетекши сырт ел жоқары билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў шөлкемлери менен, кадрларды таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў, сондай-ақ, биргеликтеги билимлендириў бағдарламаларын әмелге асырыў бойынша өз-ара бирге ислесиў ҳаққында меморандум ҳәм келисимлер дүзиў;

халықаралық бирге ислесиў ҳәм еки тәреплеме шәртнамалар шеңберинде сырт еллердиң ўәкилликли уйымлары кадрларын таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў курсларын шөлкемлестириў.

  1. Академия жумысын қаржыландырыў дәреклери етип төмендегилер белгиленсин:

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары;

Академияда төлемли-контракт түринде оқытыўдан түсетуғын қаржылар;

төлемли хызметлер көрсетиў, сондай-ақ, ўақтынша бос турған бюджеттен тысқары қаржыларды коммерциялық банклердиң депозитлерине жайластырыў арқалы дәрамат алыўдан түсетуғын қаржылар;

Қәўендерлик кеңесиниң қурамына кириўши мәмлекетлик уйымлар тәрепинен ажыратылатуғын бюджеттен тысқары қаржылар;

миллий ҳәм халықаралық грантлар, сондай-ақ, нызамшылық ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер.

Академияға алты хызмет жеңил автотранспорт қуралы (соның ишинде, 5 жеке бириктирилген) ҳәм еки автобусты сақлаў ушын лимит белгиленсин.

  1. Қәнигелестирилген филиалдың әмелдеги оқыў бағдарламалары бойынша оқытыў олар жуўмақланғанға шекем бурын белгиленген тәртипте Академияда даўам еттирилетуғыны, тыңлаўшыларға бурын орнатылған жеңилликлер ҳәм миннетлемелер сақлап қалынатуғыны сондай-ақ, питкериўшилерге тийисли қәнигелик бойынша диплом берилетуғыны;

Академияның биргеликтеги билимлендириў бағдарламаларын ҳәм қоспа факультетлерин тамамлағаннан соң оқыўды даўам еттирген шахсларға берилген сырт ел билимлендириў шөлкемлериниң белгиленген түрдеги дипломлары (бакалавриат, магистратура) қосымша ҳәкимшилик тәртип-қағыйдаларсыз жоқары билимлендириў ҳаққындағы ҳүжжет сыпатында тән алынатуғыны;

Академия магистратурасын тамамлағаны ҳаққындағы диплом әскерий хызмет (хызмет)ти өтеўде Қураллы Күшлер Академиясының еки жыллық магистратура бағдарламасын, Ишки ислер министрлиги Академиясының екинши дәрежедеги магистратурасын тамамлағаны ҳаққындағы дипломларға теңлестирилетуғыны;

Академияда төлемли-контракт тийкарында оқытыў баҳалары ҳәр жылы Қәўендерлик кеңес тәрепинен белгиленетуғыны;

сапластырылып атырған Қәнигелестирилген филиал хызметкерлери нызамшылықта белгиленген тәртипте дүзилетуғын мүддетли мийнет шәртнамасына тийкарланып Академиядағы штат бирликлери ҳәм мийнетке ҳақы төлеў муғдарлары шеңберинде жумысқа қабыл етилетуғыны;

Академияны бюджет қаржылары есабынан сақлаў менен байланыслы қәрежетлер 2022-жылы Өзбекстан Республикасының республикалық бюджетинен Бас прокуратура ҳәм Әдиллик министрлигине ажыратылған қаржылар шеңберинде қаржыландырылатуғыны, 2023-жылдан баслап Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде нәзерде тутылатуғыны белгиленсин.

  1. Ташкент қаласы ҳәкимлиги (Ж.А.Ортиқхўжаев):

Бас прокуратура менен биргеликте 2023-2024-оқыў жылының ақырына шекем Академияның оқыў-административлик корпусын  толық шөлкемлестириў ҳәм пайдаланыўға тапсырыў бойынша барлық зәрүр илажларды көрсин;

Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен биргеликте Академия корпусын қурыў бойынша қурылыс-оңлаў жумыслары жуўмақланғанға шекем сапластырылып атырған Қәнигелестирилген филиал студентлериниң Академияда оқыў процесин шөлкемлестириў мақсетинде басқа билимлендириў мәкемелеринен бийпул тийкарда имарат, жатақхана ҳәм аудитория ханаларының ўақтынша ажыратылыўын тәмийинлесин.

  1. Ишки ислер министрлиги (П.Р.Бобожонов) 2023-2024-оқыў жылынан баслап:

Ишки ислер министрлиги Академиясында «Тергеў жумысы» бағдары бойынша бакалавриатқа қабыллаўды тоқтатып, бул тараўдағы оқыў-методикалық ҳәм мәлимлеме-ресурс базаларын басқышпа-басқыш Академияға өткерсин;

«Ҳуқықбузарлықлар профилиактикасы жумысы» бағдары бойынша бакалавриат оқыў бағдарламасына жыллық қабыллаў квотасын көбейтиў илажларын көрсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи – Спичрайтери Х.М.Султанов Бас прокуратура (Н.Т.Йўлдошев), Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы (М.М.Ходжиматов) менен биргеликте еки ай мүддетте прокуратура уйымлары хызметкерлериниң улыўма көзқарасы, сиясий түсиниги, руўхый ҳәм интеллектуаллық потенциалын жоқарылатыў, оларда ўатансүйиўшилик, кәсибине садықлық ҳәм жоқары жуўапкершилик сезимлерин арттырыў илажларын нәзерде тутыўшы руўхый-ағартыўшылық жумысларын шөлкемлестириў концепциясын тастыйықлаў бойынша Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарарының жойбарын киргизсин.
  2. Бас прокуратура (Н.Т.Йўлдошев) үш ай мүддетте:

Қәнигелестирилген филиалды сапластырыўға жуўапкер болған Әдиллик министрлиги менен биргеликте тийисли имарат-объектлер, штат бирликлери, оқыў-методикалық ҳәм мәлимлеме-ресурс база, материаллық-техникалық ҳәм басқа да мүлклерди усы Пәрманға муўапық тапсырыў-қабыллаў бойынша шөлкемлестириў илажларын көрсин;

Ишки ислер министрлиги, Миллий гвардия, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Мәмлекетлик бажыхана комитети ҳәм Инновациялық раўажланыў министрлиги менен биргеликте ашық, ҳәр тәреплеме ҳәм әдил таңлаў өлшеми ҳәм механизмлерин қамтып алған Академияда жоқары билимлендириў ҳәм жоқары билимлендириўден кейинги билимлендириўге қабыллаў ҳәм оқытыўдың айрықша тәртибин нәзерде тутыўшы Ҳүкимет қарарының жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин;

мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте белгиленген тәртипте нызамшылық ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында усынысларды киргизсин.

  1. Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги Бас прокуратура менен биргеликте Академияның заманагөй кампусына зәрүр болған имарат ҳәм объектлерди қурыў, реконструкциялаў ҳәм үскенелеў жумыслары ушын тийисли қаржылар ажыратыў бойынша усынысларды 2023-2025-жылларға мөлшерленген Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў бағдарламарына киргизсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине 5-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
  3. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 7-февральдағы «Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў тараўында кадрлар таярлаў системасын жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-4166-санлы қарары 5-бәнтиниң биринши-бесинши, жетинши-сегизинши абзацлары, 6-бәнтиниң биринши-бесинши абзацлары сондай-ақ, 9-бәнтиниң биринши, үшинши, төртинши, алтыншы абзацларынан тысқары өзиниң күшин жойытқан деп есаплансын.
  4. Усы Пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Бас прокурор Н.Т.Йўлдошев белгиленсин.

Бул Пәрманның орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң орынбасары Д.Б.Кадировқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                               Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2022-жыл 28-ноябрь

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться