Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан Республикасы Президенти Америка-Өзбекстан саўда палатасының делегациясын қабыллады
2022-11-16 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 16-ноябрь күни «Көксарай» резиденциясында Сырт ел инвесторлары кеңесиниң биринши жалпы мәжилисинде қатнасыў ушын мәмлекетимизге келген Америка-Өзбекстан саўда палатасының баслығы Кэролин Лэмм басшылығындағы делегация менен ушырасыў өткерди.
Делегация қурамында ушырасыўда АҚШтың «General Electric», «Procter and Gamble», «Coca-Cola» «CNH Industrial», «John Deere», «Zeppelin» ҳәм «Silverleafe» компанияларының басшылары қатнасты.
Мәмлекетимиз басшысы мийманларды қутлықлап, Өзбекстан ҳәм АҚШ арасындағы көп қырлы бирге ислесиў жедел раўажланып атырғанын айрықша атап өтти.
Қурамына 38 жетекши компания киретуғын Америка-Өзбекстан саўда палатасы еки тәреплеме стратегиялық шерикликти беккемлеўге салмақлы үлес қосып атырғаны атап өтилди.
Мәмлекетлеримиз кәрханалары арасындағы әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм биргеликтеги кооперациялық жойбарларды әмелге асырыў бойынша пикир алысылды.
Энергетика, химия тармағы, машина қурылысы, азық-аўқат ҳәм тоқымашылық санааты, аўыл хожалығы ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўлары бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары сыпатында атап өтилди.
Кэролин Лэмм палата ағзаларының елимиздеги жумысы ҳәр тәреплеме қоллап-қуўтланып атырғаны ушын АҚШ исбилерменлер жәмийетшилиги атынан мәмлекетимиз басшысына миннетдаршылық билдирди.
Америка исбилермен топарлары ўәкиллери АҚШ бизнесиниң өз-ара бирге ислесиўди және де тереңлестириўге қызығыўшылығы артып баратырғанын айрықша атап өтти. Өзбекстан жетекшиси басшылығында әмелге асырылып атырған реформалардың табысларын жоқары баҳалап, мәмлекетимиз бенен инвестициялық шерикликти кеңейтиў ушын ашылып атырған имканиятлардан белсене пайдаланыўға умтылатуғынын тастыйықлады.
Жаңа биргеликтеги жойбарларды ислеп шығыў ушын 2023-жылдың биринши шерегинде биргеликтеги бизнес форумын өткериўге келисип алынды.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги