Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Исбилерменлер ушын қолайлықларды арттырыў илажлары додаланды
2022-11-15 | Сиясат
Президент Шавкат Мирзиёевқа исбилерменлик жумысын әпиўайыластырыў бойынша исленип атырған жумыслар ҳаққында мәлимлеме берилди.
Исбилерменликти раўажландырыў мәмлекетимиз экономикалық сиясатының тийкарғы бағдары. Бул бағдарда жаратылып атырған шараятлар себепли исбилерменлер көбейип бармақта. Мәмлекетимиз жалпы ишки өнимниң ярымынан көби киши бизнес субъектлери тәрепинен ислеп шығарылмақта. Экспортта да олардың орны жоқары.
Ҳәзирги күнде бизнести тәртипке салыўшы 6 мыңнан артық нормативлик-ҳуқықый ҳәм 40 мың техникалық ҳүжжетлер бар. Айырым ески талаплар жаңа өнимлер, технологиялар ҳәм хызметлерди енгизиўди қыйынластырмақта.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Исбилерменлик жумысын мәмлекет тәрепинен тәртипке салыўды әпиўайыластырыў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманында Раўажланыў стратегиясын «Инсан қәдирин улығлаў ҳәм белсенди мәҳәлле жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламаға муўапық исбилерменлердиң заманагөй жумыс алып барыўына тосқынлық етип атырған талаплар қайтадан көрип шығылып, бир қатар жеңилликлер енгизилди.
Атап айтқанда, исбилерменликти мәмлекет тәрепинен тәртипке салыў механизмлери анық белгиленди. Олар мәмлекетлик дизимнен өткериў, лицензиялаў ҳәм руқсат бериў, техникалық тәртипке салыў, тарифлик ҳәм тарифлик емес тәртипке салыў, мәжбүрий қамсызландырыў, мәмлекетлик қадағалаў, бәсекини қорғаў, жуўапкершилик орнатыў сыяқлылар.
Таллаўлардан келип шығып, көплеген тәртип-қағыйдалар да қысқартылды. Мәселен, исбилерменлик субъектиниң устав фонды азайтылып атырғанында кредиторларды жазба түрде хабардар етиў, электр энергиясы артықша пайдаланылғанында оны шеклеп қойыў, жеке тәртиптеги исбилермен тәрепинен жалланған хызметкерлерди салық уйымларында өз алдына есапқа қойыў сыяқлы процесслер көп әўерегершиликке себеп болып атыр. 2023-жыл 1-январьдан бундай мәжбүрий талаплар бийкар етиледи.
Сондай-ақ, исбилерменлик тараўындағы мәжбүрий талаплардың бирден-бир реестрин қәлиплестириў мөлшерленген. Ол еки басқышта исленип, 2025-жыл 1-июльден толық иске қосылады. Бул реестрге киргизилмеген талаплар бойынша исбилерменге жуўапкершилик белгилеў қадаған етиледи.
Президентимиз усы жылы 22-август күни болған исбилерменлер менен ашық форматтағы сөйлесиўде тараўды санластырыў, ҳүжжетлерди қағаз түринде сақлаўды азайтыў бойынша көрсетпелер берген еди.
Алдын әмел еткен тәртипке бола, юридикалық тәрептиң мийнет ҳақылары ҳәм басқа да дәраматлары, олар бойынша есапланған салық суммалары ҳаққындағы ҳүжжетлер 75 жыл даўамында қағаз түринде сақланыўы керек еди. Жаңа пәрман менен мағлыўматлар салық уйымлары базасында бар екенлиги ушын оларды қағазда сақлаў бийкар етилди. Сондай-ақ, исбилерменлик субъектлери өзлериниң ишки бухгалтериясының басланғыш ҳүжжетлерин мәлимлеме системалары арқалы дүзгенде, оларды қағаз түринде жүргизиўден азат етилмекте. Бул өзгерислер нәтийжесинде 587 мың кәрхана қағазпазлықтан қутылып, жумысы жеңиллеседи.
Сондай-ақ, 2023-жыл 1-январьдан баслап салық уйымларына қаржы есабатларын ҳәр шеректе усыныў, 9 түрдеги статистика есабатларын тапсырыў әмелияты бийкар етилди.
Мәмлекетимиз басшысы жуўапкерлердиң мәлимлемесин тыңлап, усы пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириў, мәмлекетимизде исбилерменлик жумысын жүргизиўди әпиўайыластырыў, қолайлы бизнес орталығын жаратыў жумысларын избе-из даўам еттириўге көрсетпе берди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги