Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Медицина хызметкерлери менен «Ашық форматтағы сөйлесиў»диң логикалық даўамы болған ушырасыў
2022-10-26 | Денсаўлықты сақлаў
Президент Шавкат Мирзиёев 26-октябрь күни Ташкент қаласындағы бир қатар медицина мәкемлериниң жумысы менен танысты.
Мәмлекетимиз басшысы дәслеп Үштепа районындағы 22-шаңарақлық поликлиниканы барып көрди.
Үш қабатлы бул заманагөй мәкеме 19 мәҳәлледеги 56 мың халыққа хызмет көрсетеди. Бул ушын балалар және физиотерапия бөлимлери, күндизги стационар қәнигелик бөлмелери ҳәм лабораторияларда зәрүр шараят жаратылған. Усы жыл 18-марттағы «ашық форматтағы сөйлесиў»де берилген тапсырмаға бола, бул поликлиникаға да заманагөй физиотерапия үскенелери орнатылған.
Сондай-ақ, бийпул тарқатылатуғын дәрилер бөлмеси, шыпакер қабыллаўынан алдын тексериў бөлмеси шөлкемлестирилген. 65 шыпакер ҳәм көплеген мийирбийкелер наўқаслардың дәртине дәрман болмақта.
Мәмлекетимиз басшысы поликлиникадағы шараятларды көзден өткерди, медицина хызметкерлери менен сәўбетлести.
– Медицина – үлкен-кишиге, ҳәммеге тийисли ең үлкен мәмлекетлик хызмет. Соның ушын бул тараўға турақлы итибар қаратып атырмыз. Басланғыш буўынды «төменге түсириўге» ҳәрекет етип атырмыз. Әлбетте, өзгерис бар: жаңа емлеўханалар ашылып, поликлинакалар үскенеленип атыр. Бирақ еле медициналық хызметлер жетип барылмаған шаңарақлар да бар. Қәнигели медициналық хызметлердиң ҳәр бир шаңараққа кирип барыўын тәмийинлеў, бунда мүтәж инсанларға айрықша итибар бериў керек, – деди Шавкат Мирзиёев.
Сөйлесиўде халықтың медициналық мәдениятын арттырыў, кеселликлердиң алдын алыў мәселелери ҳаққында сөз болды.
– Көп жағдайларда кеселликти адамның өзи келтирип шығарады: аз ҳәрекет етеди, дурыс аўқатланбайды, денсаўлығына қарамайды. Буны басланғыш буўын кеңнен түсиндириўи керек. Халықты дәри менен емес, профилактика менен саўалландырыў зәрүр. Адамлардың өзиниң денсаўлығына итибарын күшейтиў, скрининг тексериўлерден турақлы өткерип турыў керек, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Бул жерде көшпели тексериўлерде пайдаланылатуғын арнаўлы транспортлар да көзден өткерилди.
Президент Шавкат Мирзиёев Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайында жаратылған жаңа хирургия комплексиниң жумысы менен танысты.
Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы көп тармақлы болып, ол қыстаўлы медициналық жәрдемниң барлық бағдарлары бойынша, соның ишинде, үлкенлер ҳәм балалар ушын хирургия, терапия, педиатрия, күйиў-токсикологиялық және айрықша ҳәм қәнигелескен медициналық жәрдем көрсетеди. Россия, Түркия, Австрия, Германия, Финляндия, Қубла Корея, Япония сыяқлы мәмлекетлер менен илимий бирге ислесиў алып барылмақта.
Жаңа хирургия комплексинде кардиохирургия, трансплантология, нейро-қан тамыр хирургиясы ҳәм реанимация бөлимлери жумыс ислейди. Оларда жылына 3 мыңға шекем жоқары технологиялы медициналық жәрдем көрсетиледи.
Усы жерде денсаўлықты сақлаў системасында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм алдағы әҳмийетли ўазыйпалар бойынша видеоселектор мәжилиси болып өтти.
Белгили болғанындай, усы жыл 18-март күни мәмлекетимиз басшысы медицина хызметкерлери менен «ашық форматта сөйлесиў» өткерген еди. Бүгинги мәжилис сол сөйлесиўдиң логикалық даўамы болды.
Президентимиз сөзиниң басында тараўда исленип атырған жумыслар ҳәм олардың мазмунына тоқтап өтти. Соның ишинде, усы жылы жаңа 106 шаңарақлық шыпакерлик пункт ҳәм поликлиника, мың мәҳәлледе медициналық пункти шөлкемлестирилген. Бул арқалы 3,5 миллион халыққа басланғыш медициналық хызмет жақынластырылған.
Алдыңғы сырт ел тәжирийбелери тийкарында халықтың кепилленген бийпул медициналық хызметке болған зәрүрлик балансы ислеп шығылды. «Медицина бригадалары»на қосымша 3 мың 600 педиатрия мийирбийкеси ҳәм акушерка штатлары ажыратылды.
Шаңарақлық шыпакерлер тәрепинен бийпул тарқатылатуғын дәрилер 45 түрден 70 ке жеткерилди. Буған ажыратылып атырған қаржылардың көлеми болса өткен жылға салыстырғанда 3 есеге арттырылды.
Сондай-ақ, 820 басланғыш медициналық мәкемеге диагноз үскенелери жеткерип берилди.
Шаңарақлық поликлиникаларда 19 мыңнан аслам күндизги емлеў орынлары шөлкемлестирилди. Соның нәтийжесинде 740 мың халыққа емлеўханаға бармастан мәҳәллениң өзинде емлениў имканияты жаратылды.
10 миллионнан аслам 40 жастан асқан халықтың 70 проценти кардиохирургиялық ҳәм қантлы диабет кеселлигин ерте басқышта анықлаў бойынша скрининг тексериўден өткерилди.
Жоқары технологиялық операцияға мүтәж 16 мың наўқастан 3 мың 200 и ўәлаят ҳәм районлардың өзинде емленди.
Елимизде биринши мәрте ордер системасы арқалы 29 жеке меншик емлеўхана менен шәртнамаға қол қойылды.
Медицина хызметкерлериниң айлығы 30 процентке шекем көбейтилди. Сондай-ақ, шыпакерлерге жумыс нәтийжелилигине қарай дифференцияластырылған хошаметлеў ҳәм үстеме төлемлери енгизилди.
Улыўма, усы жылы медицинаға 28 триллион сум ажыратылып атыр. Бул өткен жылға салыстырғанда 1,3 есеге көп.
Мәжилисте аймақлардағы әҳмийетли мәселелер додаланды. Атап айтқанда, 272 мәҳәлледе медицина пункти жоқ екени көрсетип өтилди.
«Аўыл шыпакери» бағдарламасы шеңберинде алыс аймақлардың дизими 297 ге жеткерилди.
Бул бағдарлама тийкарында 191 шыпакер жумыс баслады. Мәселен, Мойнаққа Ферғана, Самарқанд ҳәм Хорезмнен шыпакерлер жумысқа барған. Бирақ узақ аўылларда және 171 бос орынды толықтырыў зәрүр.
Қәўип топарына киретуғын 40 жастан асқан халықты скринингтен өткериў айырым аймақларда төмен дәрежеде орынланған.
Басланғыш буўында әҳмийетли машқалалардан және бири бул – аналықты ҳәм балалықты қорғаў мәселеси. Елимизде 2010-жылға шекем жыллық туўылыў 600 мың әтирапында болған. Өткен жылы бул көрсеткиш 950 мыңнан асқан. Сонлықтан туўыў орынларының санын көбейтиў зәрүрлиги атап өтилди.
Усы жыл 16-июньде «Халыққа тез медициналық жәрдем көрсетиў системасын жетилистириў ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилген еди. Бул арқалы тез медициналық жәрдемге шақырыўға жетип барыў ўақты 3 есеге, қәрежетлер 25 есеге қысқарыўы режелестирилген. Әндижан, Жиззақ, Самарқанд ҳәм Сурхандәрьяда бул жаңа система иске түсирилмекте.
Бирақ қалған ўәлаятларда қурылыс жумыслары басланбаған.
Республикалық эндокринология. кардиология ҳәм хирургия орайларының аймақлардағы жумысы қанаатландырарлы емеслиги атап өтилди. Сонлықтан, 23 қәнигелескен орай, ўәлаят ҳәм министрлик арасында үш тәреплеме шәртнама дүзиў усынысы алға қойылды. Онда орайлар аймақларындағы кеселликлерди ерте анықлаў, жоқары технологиялық емлеў ҳәм оларды азайтыў бойынша, ўәлаят ҳәкимликлери шыпакерлерди жоқары технологиялық үскенелер менен тәмийинлеў бойынша, министрлик ҳәм аймақларда жақсы нәтийжеге ерискен шыпакер ҳәм орай басшыларын хошаметлеў бойынша миннетлеме алады.
Медицина мәкемелерин заманагөй үскенелер менен тәмийинлеў бағдарында немқурайдылықлар да атап өтилди.
Мәжилисте бундай кемшиликлерди сапластырыў бойынша ҳәкимлер ҳәм тараў жуўапкерлериниң мәлимлемеси тыңланды.
Қәнигелескен орайлардың басшылары ҳәм шыпакерлер кеселликлердиң алдын алыў, емлеўдиң сапасын арттырыў бойынша усыныслар билдирди.
Усылардан келип шығып, Президентимиз жуўапкер адамларға бир қатар тапсырмалар берди.
Соның ишинде, Денсаўлықты сақлаў министрлигине медицина мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын жақсылаў бойынша үш жыллық бағдарлама ислеп шығыў тапсырылды.
Быйыл 300 мәҳәлледе медицина пунктлери, келеси жылы 140 шаңарақлық шыпакерлик пункти ҳәм поликлиникалар шөлкемлестирилип, оларды үскенелеў ўазыйпасы берилди.
Туўыў орынларын басқышпа-басқыш көбейтиў, әмелдегилериниң шараятларын жақсылаў, туўма кемшиликлердиң алдын алыў, аналарды пайдалы дәри қураллары менен тәмийинлеў бойынша көрсетпе берилди.
Қәнигелестирилген орайларда жаңа жоқары технологиялық емлеў усылларының енгизилиўи, 640 тез жәрдем машинасы сатып алынатуғыны айтылды.
Министрлер Кабинетине мийирбийкелерди оқытыў ҳәм маманлығын арттырыў, мийнетин хошаметлеў, олардың турмыс шараятларын жақсылаў мәселелерин қамтып алған қарар жойбарын таярлаў бойынша тапсырма берилди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги