Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекстан Президенти «Орайлық Азия – ЕА» саммитинде шығып сөйлейди ҳәм Ташкентте Европа кеңеси Президентин қабыллайды

2022-10-26 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев мәмлекет басшыларының «Орайлық Азия – Европа Аўқамы» форматындағы биринши мәжилисине қатнасыў ушын 27-октябрь күни әмелий сапар менен Астана қаласында болады.

Илажға Европа кеңеси Президенти Шарль Мишель ҳәм регионымыз мәмлекетлериниң жетекшилери қатнасыўы нәзерде тутылған.

қабыллайды.

Саммит күн тәртибине муўапық, сиясий сөйлесиўди раўажландырыў, аймақлараралық бирге ислесиўди кеңейтиў, саўда-экономикалық шериклик ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўларды жеделлестириў перспективалары додаланады.

Бүгин кеште Европа кеңеси Президенти Шарль Мишель Өзбекстан Республикасына келиўи күтилмекте.

28-октябрь күни Өзбекстан ҳәм ЕА арасында жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер болып өтеди. Мәмлекетимиздиң Европа Аўқамы менен еки ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиўине байланыслы мәселелериниң кең көлеми көрип шығылады.

Жоқары мәртебели мийман елимизге сапары барысында Самарқанд қаласына барады.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться