Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан Республикасы Президенти Орайлық Азия ҳәм Россия жетекшилери ушырасыўына қатнасты
2022-10-14 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 14-октябрь күни Астана қаласында «Орайлық Азия – Россия» саммитине қатнасты.
Ушырасыўға Россия Президенти Владимир Путин, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғыз Репсубликасы Президенти Садир Жапаров, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳман ҳәм Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳаммедов та қатнасты.
«Орайлық Азия – Россия» форматындағы саммитте бирге ислесиў, регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша пикир алысылды.
Мәмлекетимиз басшысы регионаллық шерикликти күшейтиў мақсетинде саўда-экономикалық, транспорт-коммуникация, энергетика ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы, қоршаған орталықты қорғаў бағдарындағы байланысларды буннан былай да жоқары басқышқа алып шығыўға қаратылған басламаларды алға қойды.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги