Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекстан Президенти Жәҳән банки менен шерикликти буннан былай да кеңейтиўдиң әҳмийетли бағдарларын белгилеп берди

2022-10-03 | Сиясат

30-сентябрь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев елимизде әмелий сапар менен болып турған Жәҳән банки вице-президенти Анна Бьерде басшылығындағы делегацияны қабыл етти.

Өзбекстан менен усы абырайлы халықаралық финанс институтының стратегиялық шерикликти буннан былай да раўажландырыў, сондай-ақ, елимиздеги ең әҳмийетли социаллық-экономикалық реформалар бағдарламасын алға қойыў бойынша бирге ислесиўди кеңейтиўдиң әмелий тәреплери көрип шығылды.

Ушырасыўдың басында мәмлекетимиз басшысы Анна Бьерде ҳәм Жәҳән банки жәмәәтин нәтийжели бирге ислесиўдиң 30 жыллығы менен шын жүректен қутлықлады.

Кейинги жылларда шериклик жоқары пәтлерде раўажланып, барған сайын нәтийжели болып атырғаны айрықша атап өтилди. Бул дәўирде қоспа жойбарлар портфели дерлик 4 есеге кеңейип, 8 миллиард доллардан асты.

Тек ғана өткен жылда тийисли «жол картасы»на муўапық Жәҳән банки аўыл хожалығы, энергетика, экология, қаржы ҳәм басқа да бағдарлар бойынша 1 миллиард долларлық 6 әҳмийетли жойбардың қаржыландырылыўын мақуллады.

Банктиң белсенди жәрдеми менен бүгинги күнде Өзбекстанда аграр, энергетика ҳәм транспорт тармақларында комплексли жаңаланыўлар әмелге асырылмақта. Жәҳән банки тәрепинен Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясына үнлес болған 2026-жылға шекемги Мәмлекетлик бағдарлама қабыл етилди.

Вице-президент Анна Бьерде елимиздеги реформалардың жетискенлигин жоқары баҳалап, банктиң кең көлемли шерикликти буннан былай да кеңейтиўге умтылысы исенимли екенин тастыйықлады.

Банк аўыллық жерлерде турмыс дәрежесин жақсылаў, мәмлекетлик кәрханаларды меншиклестириў, аўыл хожалығын трансформациялаў, экономиканың энергия нәтийжелилигин арттырыў, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаўды модернизациялаў, исбилерменлик ҳәм инвестициялық орталықты раўажландырыў сыяқлы әҳмийетли бағдарлардағы жаңаланыўларды жеделлестириў мақсетинде экспертлик ҳәм қаржылай жәрдемди буннан былай да кеңейтиўге таяр екени атап өтилди.

Орайлық Азияның турақлылығы ҳәм турақлы раўажланыўын тәмийинлеўге қаратылған стратегиялық регионаллық жойбарларды әмелге асырыўды қоллап-қуўатлаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Ушырасыў жуўмағында Өзбекстан ҳәм Жәҳән банки арасындағы шерикликти әҳмийетли бағдарларда кеңейтиў бойынша жаңаланған «жол картасы»н қабыл етиўге келисип алынды.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться