Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Электротехника санаатындағы тийкарғы ўазыйпалар додаланды
2022-09-27 | Сиясат
Президент Шавкат Мирзиёев 26-сентябрь күни электротехника санаатындағы тийкарғы ўазыйпалар бойынша мәжилис өткерди.
Санаатта әмелге асырылып атырған модернизация нәтийжесинде электротехника тармағы да өзгерди. Кейинги бес жылда өндирис көлеми 4,5 есеге өскен. Бул өнимлердиң сапасы артқанын, базары бар екенин билдиреди.
Сол себепли экспорт да 5 есеге көбейген. Жылдың ақырына шекем бул көрсеткиш 750 миллион доллардан артыўы күтилмекте. 2017-жылы бул тармақта экспортқа жарамлы өнимлеримиз 25 болған болса, усы жылы 200 ге жеткен. Ферғана, Самарқанд, Қашқадәрья ҳәм Ташкент ўәлаятларындағы 11 кәрхана дәслепки мәрте сыртқы базарға шыққан.
Мәжилисте «Өзэлтехсанаат» ассоциациясының баслығы М.Юнусов тармақтағы алдағы жумыслар, келеси жылларға мөлшерленген мақсетли көрсеткишлер ҳаққында мәлимлеме берди. Айтып өтилгениндей, бүгинги күнде 1 миллиард 200 миллион доллар муғдарында 205 жойбар әмелге асырылмақта. Жаңа өнимлер ҳәм аўысық бөлеклерди локализациялаў, 2023-жылы экспорт көлемин 1 миллиард долларға жеткериў режелестирилген.
Мәмлекетимиз басшысы перспективалы жойбарларды қоллап-қуўатлап, тармақтағы тийкарғы ўазыйпаларды көрсетип өтти.
– Турмыслық техника өндириси көбейди дегени, бул – халықтың сатып алыў қәбилети өсти, дегени. Соңғы жылларда электротехника санаатымыз «қайта туўылды». Енди оны және де раўажландырып, өндиристи көбейтиў, жоқары қосымша қун жаратыў керек. Соңғы нәтийже – жумыс орны, – деди Шавкат Мирзиёев.
Таллаўларға қарағанда, жәҳән базарларындағы жағдай еки жылда экспортты 1,5 миллиард долларға жеткериў әҳмийетли екенин көрсетпекте. Сондай-ақ, елимизде 1 миллиард 300 миллион доллар муғдарында импорт базары бар. Бул имканиятлардан мүнәсип үлес алыў ушын өним, бәринен бурын, сапалы ҳәм белгили болыўы керек.
Сол себепли Президентимиз жаңа жергиликли брендлер жаратыў ҳәм сырт ел брендлерин алып келиў, өнимлерди усыған муўапық сапалы етип, қарыйдарлардың исенимине ерисиў зәрүр екенин атап өтти.
Мәмлекетимизде ҳәм әтирапымыздағы базарларда ярым өткизгиш ҳәм электрон платаларға талап 6 миллиард долларды қурайды. Сол себепли бундай кәрханаларды көбейтиў, электроника ҳәм микроэлектроника бағдарында илимий, тәжирийбе-конструкторлық ҳәм стартап жойбарларды қаржыландырыў ўазыйпасы белгиленди. Турмыслық техникаларды маркировкалаў, экспортты қамсызландырыў ҳәм кредитлеўди кеңейтиў бойынша көрсетпелер берилди.
Турмыслық техника бар екен, сервис хызметине талап бәрқулла болады. Кәсип-өнер мектеплеринде жасларды бул бағдарға оқытыў оларды жумыс пенен тәмийинлеўде әҳмийетли фактор болатуғыны атап өтилди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жылы 9-сентябрьдеги пәрманына муўапық, қайта тиклениўши энергия дәреклерин кеңейтиў бойынша бағдарлама қабыл етилди. Онда 34 мың шаңарақ, министрликлер ҳәм уйымлардың 6 мың объектинде усындай қурылмалардың орнатылатуғыны белгиленди. Халыққа компенсация алыў, кредитти 3 жыл ишинде процентсиз бөлип-бөлип төлеў имканияты жаратылды.
Тутыныўшыларға альтернатив энергия қурылмаларын жеткерип бериў мақсетинде Қашқадәрьяда кластер усылында кәрхана қурыў режелестирилген. Мәжилисте бул жойбардың барысы ҳаққында мәлимлеме берилди.
Бизге белгили, электротехника тармағы мысқа байланыслы. Кейинги жылларда жаңа кәнлер өзлестирилип, бул шийки заттың резерви кеңейтилди. Аҳангаран районы ҳәм Қаршы қаласында мыс кластерлери шөлкемлестирилмекте. Мәмлекетимиз басшысы бул кәрханаларда сырт ел басқарыўын жолға қойып, терең қайта ислеў жойбарлары, илим ҳәм инновацияны алып кириў зәрүрлигин атап өтти.
Келеси жылы бул бағдарда жоқары қосымша қун жарататуғын 34 жойбардың иске қосылатуғыны атап өтилди.
Мәжилисте ҳәкимлер ҳәм исбилерменлердиң усыныслары тыңланды.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги