Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Қурылыс жойбарлары бойынша көрсетпелер берилди

2022-09-26 | Сиясат

Президент Шавкат Мирзиёев қурылыс жойбарларының презентациясы менен танысты.

Дәслеп Олимпиада қалашасы бойынша усыныслар көрип шығылды. Бул комплекс 2025-жылы Ташкент қаласында өткерилетуғын Жаслар арасындағы Азия ойынларын қабыллайды. Халықаралық талапларға муўапық, қалашада олимпиада стадионы, жабық спорт комплекслери, суў спорты сарайы, шынығыў майданшалары, ескек есиў бассейни қурылады.

Бурынғы презентацияда Президент бул спорт комплекслери халқымызға мүлк болып қалатуғынын, оларды сапалы етип қурыў зәрүр екенлигин айтқан еди. Соның ушын жойбарлаў ҳәм кейин ала қурылыс процесслерине тараўда үлкен тәжирийбеге ийе сырт ел компаниялары тартылады.

Мәмлекетимиз басшысы спорт комплекслериниң универсал болыўы зәрүр екенлигин атап өтти. Стадион ҳәм имаратлардың жоқарысында қуяш панеллерин орнатып, энергияны үнемлеў, бос майданларда көбирек тереклер егиў бойынша усыныслар берилди.

Презентацияда «Жаңа Өзбекстан» университетиниң жойбары да көрип шығылды. Оның ушын пайтахтымыздың Мырза Улығбек районынан орын ажыратылып, оқыў имаратлары, администрация, оқытыўшылар ҳәм студентлер ушын жатақханалар, асхана, китапхана, лаборатория, спорт комплексиниң қурылысы жойбарластырылған.

Ҳәзир бул аймақта Президент мектеби бар. Келешекте Президент билимлендириў мәкемелери агентлиги де усы жерде жайласады. Усы тәризде, аймақ билимлендириўге қәнигелескен бир пүтин комплекс болады.

– Қәнигелестирилген мектеплер – бизиң негизимиз, – деди Шавкат Мирзиёев. – Оларда балаларымыз билимли, жетик болып камалға келеди. Университет бул системаның даўамы болып, мәмлекетимиз ушын керекли, заманагөй қәнигелер таярлайды. Соның ушын бул жерде барлық шараят, алдыңғы методика болыўы керек.

Мәмлекетимиз басшысы қурылыс жумысларына көбирек жергиликли қурылысшыларды тартыў зәрүр екенлигин атап өтти.

Презентацияда көрсетилген гезектеги жойбар да жаслардың камалға келиўине қаратылған. Оған бола, мәҳәллелерде стадион, ойын майданшалары, китапхана, компьютерхана, асхана, монша ҳәм басқаларды өз ишине алған орайлар қурыў нәзерде тутылған.

Президентимиздиң көрсетпесине муўапық, халық пенен мәсләҳәтлесип, бәринен бурын, бундай орайлар қурылатуғын  орынлар анықланды. Ҳәзирги күнге шекем 171  мәҳәлледе спорт майданшаларының қурылысы басланып, олардан 64 и пайдаланыўға тапсырылды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң быйыл 11-апрельдеги «Мәҳәллелерде жасларды ғалабалық спортқа тартыўды жаңа басқышқа алып шығыў илажлары ҳаққында»ғы қарары буған үнлес болды. Усы қарарға муўапық өткерилген «Бес баслама» олимпиадасының спорт жарысларында 279 мәҳәлле жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийеси болған еди. Спортты сүйиўши жасларға ҳәм сыйлық, ҳәм хошамет сыпатында, бул мәҳәллелерде 3 түрли – универсал, стритбол ҳәм воркаут комплекслери қурылады.

Буннан тысқары, спорт инфраструктурасы жоқ және 208 мәҳәлледе де стритбол ҳәм воркаут майданлары қурылады.

Президент Шавкат Мирзиёевтиң өткен жылы декабрьде Корея Республикасына мәмлекетлик сапары жүдә нәтийжели болған еди. Буннан соң, Ташкентте медицина кластерин шөлкемлестириў жойбары да жеделлести. Оған бола, Кореяның Экономикалық раўажланыў ҳәм бирге ислесиў фонды (EDCF) жәрдеминде үлкенлер ушын медицина орайы, онкология емлеўханасы ҳәм жоқары оқыў орны қурылысы режелестирилген.

Бул үш комплекс ҳәзирги Балалар медицина орайы менен бирге бир пүтин кластерди пайда етеди. Емлеўханалар жәми 900 наўқас орнына ийе болады. Қурылыс жумыслары 2023-жылы басланады.

Мәмлекетимиз басшысы жойбарлаў бойынша жуўапкерлерге көрсетпелер берди.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться