Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекстан ҳәм Түркменстан Президентлери болажақ жоқары дәрежедеги ушырасыўлардың күн тәртибин додалады

2022-09-22 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 22-сентябрь күни Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов пенен телефон арқалы сөйлести.

Сөйлесиў басында мәмлекетимиз басшысы Түркменстан Президентин туўылған күни менен қызғын қутлықлап, оған беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм үлкен табыслар, дос түркмен халқына болса абаданлық тиледи.

Өзбекстан-Түркменстан дослық, жақын қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў ҳәм беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды.

Болажақ жоқары дәрежедеги ушырасыўлардың кең көлемли күн тәртибин таярлаўға айрықша итибар қаратылды. Өз-ара саўданы көбейтиў, санаат, энергетика, транспорт, аўыл хожалығында кооперацияны тереңлестириў, мәдений-гуманитарлық алмасыў бағдарламасын кеңейтиў ушын әмелдеги имканиятлар атап өтилди.

Мәмлекет басшылары регионаллық бирге ислесиўдиң перспективалары бойынша да пикир алысты. Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Самарқанд саммитиниң табыслы нәтийжелери жоқары баҳаланды.

Сөйлесиў жуўмағында Өзбекстан Президенти дос Түркменстан Президентин ҳәм халқын жақынласып киятырған миллий байрам – Ғәрезсизлик күни менен шын кеўилден қутлықлап, тынышлық-татыўлық, турақлы раўажланыў тиледи.

Шавкат Мирзиёев ҳәм Сердар Бердимуҳамедовтың сөйлесиўи ҳәр қашанғыдай ҳақ кеўиллилик, исеним ҳәм дослық руўхында өтти.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться