Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекстан ҳәм Монголия Президентлери әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў перспективаларын додалады

2022-09-14 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 14-сентябрь күни Самарқандта Шанхай бирге шөлкеминиң гезектеги саммитинде қатнасыў ушын мәмлекетимизге келген Монголия Президенти Ухнаагийн Хурэлсух пенен ушырасыў өткерди.

Ушырасыў алдынан мәмлекет басшылары дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының 30 жыллығы мүнәсибети менен бир-бирин қызғын қутлықлады.

Өзбекстан-Монголия қатнасықларын жеделлестириў мәселелери көрип шығылды.

Еки мәмлекет Президентлери усы жылы июнь айында Ташкент қаласында өткерилген биринши биргеликтеги бизнес-форумның жуўмақларын жоқары баҳалады.

Саўда-экономикалық бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў ушын кең имканиятлар бар екени атап өтилди. Буның ушын зәрүр шәртнамалық-ҳуқықый тийкарларды қәлиплестириў, қоспа кооперация, бәринен бурын, агросанаат тараўында анық жойбарлар менен бағдарламаларды алға қойыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Мәдений-гуманитарлық алмасыўлар ҳәм аймақлараралық байланысларды кеңейтиўден еки тәреп те мәпдар екени атап өтилди.

Монголия Президенти Өзбекстанның Шанхай бирге ислесиў шөлкеминдеги нәтийжели басшылығын атап өтип, саммиттиң табыслы өтиўин тиледи.
Ушырасыў жуўмағында еки мәмлекет арасындағы сиясий ҳәм экономикалық байланысларды системалы түрге енгизиў, өз-ара пайдалы бирге ислесиўди және де кеңейтиў бойынша «жол картасы»н қабыл етиўге келисип алынды.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться