Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекстан Президенти Әзербайжан менен әмелий бирге ислесиўди және де кеңейтиўдиң әҳмийетин атап өтти

2022-08-02 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2-август күни пайтахтымыздағы Өзбекстан, Әзербайжан ҳәм Түркия министрлериниң биринши ҳәр тәреплеме ушырасыўы илажларында қатнасып атырған Әзербайжан Республикасы делегациясын қабыллады.

Әзербайжан тәрепинен сыртқы ислер министри Жайхун Байрамов, экономика министри Микойил Жабборов ҳәм санлы раўажланыў ҳәм транспорт министри Рашад Набиев қатнасты.

Дос мәмлекетлеримиз жетекшилериниң келисимлерине муўапық Өзбекстан-Әзербайжан стратегиялық шериклик қатнасықларын және де раўажландырыў ҳәм әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери додаланды.

Ушырасыў алдында Әзербайжан сыртқы ислер министри Өзбекстан басшысына Әзербайжан Президенти Илҳам Алиевтиң сәлеми ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.

Тәреплер жақында болып өткен жоқары дәрежедеги ушырасыўдан соң сезилерли табысларға ерисилгенин қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Өткен айда нефть-газ ҳәм химия тармақларында, пиллешилик ҳәм аўыл хожалығының басқа тараўларында, сондай-ақ, миллий индустриалластырыў бағдарламалары шеңбериндеги жойбарларды әмелге асырыў ушын делегациялардың өз-ара сапарлары жедел даўам еттирилди.

Кеше ғана Ташкент қаласында еки тәреплеме Ҳүкиметлераралық комиссияның гезектеги мәжилиси табыслы өткерилди.

Бүгин болса үш мәмлекеттиң сыртқы ислер, саўда ҳәм транспорт министрлериниң ушырасыўында, бәринен бурын, регионда нәтийжели транспорт коммуникацияларын жолға қойыў мәселелери көрип шығылды.

Мәмлекетимиз басшысы өз-ара пайдалы бирге ислесиўге байланыслы жойбарлар менен бағдарламаларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм жеделлестириў, соның ишинде Өзбекстан-Әзербайжан инвестиция фондын шөлкемлестириў, исбилерменлер арасындағы байланысларды қоллап-қуўатлаў, биринши Аймақлар форумы ҳәм санаат көргизбесин өткериў, еркин экономикалық зоналар тийкарында кооперация ушын шараятлар жаратыў зәрүр екенин айрықша атап өтти.

Быйыл ноябрь айында Өзбекстанда өткерилетуғын Түркий мәмлекетлер шөлкеми саммитине таярлық көриўге байланыслы мәселелер де көрип шығылды.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться