Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекстан Президенти Түркия менен көп қырлы бирге ислесиў потенциалын нәтийжели иске қосыў әҳмийетли екенин атап өтти

2022-08-02 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2-август күни «Өзбекстан – Әзербайжан – Түркия» форматындағы биринши министрлер ушырасыўында қатанасыў ушын Ташкент қаласында болып турған Түркия Республикасы сыртқы ислер министри Мавлуд Чавушўғли басшылығындағы делегацияны қабыллады.

Түркия делегациясының қурамында ушырасыўда саўда министри Меҳмет Муш ҳәм транспорт ҳәм инфраструктура  министри Адил Қораисмоилулы қатнасты.

Еки мәмлекет арасындағы көп қырлы бирге ислесиўди жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде буннан былай да кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Ушырасыў алдынан министр Мавлуд Чавушўғли мәмлекетимиз басшысына Түркия Президенти Режеп Таййип Эрдоғанның сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди. Түркия тәрепи Жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған социаллық-экономикалық реформалар ҳәм сиясий жаңаланыўлар бағдарламасын, сондай-ақ, мәмлекетимиздиң, бәринен бурын, регионда дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм исеним қатнасықларын беккемлеўге қаратылған сыртқы сиясатын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланып атырғаны айрықша атап өтилди.

Тәреплер Өзбекстан менен Түркия арасындағы кең көлемли стратегиялық шериклик қатнасықлары избе-из раўажланып, әмелий бирге ислесиў беккемленип атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Өз-ара саўда ҳәм инвестициялар көрсеткишлери тез пәт пенен өсип бармақта, жедел гуманитарлық алмасыўлар даўам етпекте.

Үлкен бирге ислесиў потенциалынан, соның ишинде, аймақлараралық байланысларды жеделлестириў арқалы нәтийжели пайдаланыўға қаратылған Өзбекстан ҳәм Түркия жетекшилериниң келисим ҳәм қарарларын әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.

Саўда, инвестициялар, инновациялар, энергетика, санаат, аўыл хожалығы, транспорт ҳәм логистика, туризм ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўларында қоспа кооперация жойбарлары менен бағдарламаларын жеделлестириў әҳмийетли екени атап өтилди.

Мәмлекетимихз басшысы жоқары мәртебели мийманларды Өзбекстан, Әзербайжан ҳәм Түркия сыртқы ислер, саўда ҳәм транспорт министрлериниң биринши ушырасыўының табыслы өткерилгени менен қутлықлады.

Регионаллық күн тәртиби, соның ишинде, Аўғанстанда тынышлық ҳәм турақлылықтың тәмийинлениўине жәрдемлесиў ҳәм усы жылдың гүзинде Самарқанд қаласында өткерилетуғын Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң саммитине таярлық көриў мәселелери бойынша пикир алысылды.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться