Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Халықты разы етиў – барлық басшылардың ең әҳмийетли ўазыйпасы

2022-07-26 | Сиясат

Президент Шавкат Мирзиёев 26-июль күни халықтың турмысын жақсылаў ҳәм исбилерменлердиң белсендилигин артырыўға қаратылған усынысларды додалаў бойынша мәжилис өткерди.

Кейинги жылларда барлық тараўлар менен бағдарларда фундаментал реформалар әмелге асырылды. Раўажланыў стратегиясы елимизде раўажланыўдың жаңа басқышын баслап берди. Инсан қәдирин арттырыў ҳәм еркин пуқаралық жәмийетин буннан былай да раўажландырыў арқалы халықшыл мәмлекет қурыў оның биринши мақсети етип белгиленген.

Экономика ҳәм социаллық турмыстағы барлық тараўлар инсан мәплерин тәмийинлеўге қаратылған. Атап айтқанда, усы жылдың биринши ярымында жалпы ишки өним 5,4 процентке өскен. Санаат, қурылыс, саўда ҳәм хызметлер тараўларындағы раўажланыў пәтлери де, соңғы нәтийжеде, халықтың турмысында көринбекте.

Соның менен бирге, Халық қабыллаўханалары, социаллық тармақлар ҳәм сораўлар арқалы тараў ҳәм аймақлардағы машқалалар, адамлардың әдалатлы усыныслары үйренип барылмақта. Олар тийкарында халқымызды разы ететуғын қарарлар қабыл етилмекте.

Соның ишинде, исбилерменлик бойынша лицензия ҳәм рухсатнамаларды рәсмийлестириў тәртиби жеңиллетилди, мүддетлери қысқартылды. Жыл басынан берли 50 мыңнан артық жаңа исбилерменлик субъектлери шөлкемлестирилди. Халық сатып алған жайлардың 28 проценти ипотека  кредитлериниң есабынан қаржыландырылды. 1-сентябрьден баслап жеке секторда ислеп атырған ҳаялларға да мәмлекетлик бюджеттен 2 миллион сумлық ҳәмиледарлық ҳәм туўыў напақасын төлеп бериў ҳаққында қарар қабыл етилди.

Мәжилисте халықты ҳәм бизнести қыйнап киятырған машқалалар, олар бойынша алға қойылып атырған усыныс ҳәм басламалар додаланды. Тийкарлы усынысларды қанаатландырыў, адамлар ушын қолайлылықларды арттырыў бойынша жуўапкерлерге көрсетпелер берилди.

Президент халқымызды разы етиў, исбилерменликти раўажландырыў ушын барлық шараятларды жаратыў барлық басшылардың ең әҳмийетли ўазыйпасы болыўы керек екенин атап өтти.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться