Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Автотранспорт қуралларынан пайдаланыўда халыққа қосымша қолайлықлар жаратыў илажлары ҳаққында

2022-06-29 | Ҳүжжетлер

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Мәмлекетимизде автотранспорт қураллары айдаўшылары ушын қосымша қолайлықларды жаратыў, халықтың автортранспорт  қуралларынан пайдаланыўына байланыслы машқалаларын оперативлик пенен шешиў, сондай-ақ, пуқараларымыздың бул бағдардағы тилеклериниң әмелге асырылыўын тәмийинлеў мақсетинде:

  1. Кең жәмийетшилик пенен өткерилген ашық сөйлесиў шеңберинде халықтан автортранспорт қураллары айналарының реңин өзгертиўге руқсатнама бериў ушын төлемли ставкаларының муғдарын азайтыў ҳәм автомототранспорт қуралларын техникалық тексериўден өткериў мүддетлерин қайта көрип шығыў бойынша усыныслар келип түсип атырғаны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. 2022-жыл 1-июльден баслап:

жеңил автортранспорт қуралларының артқы қапталдағы айналарының реңин өзгертиў (қарайтыў) ушын руқсатнама алыў тәртиби бийкар етилсин;

физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң жеңил автортранспорт қуралларының алдынғы  айналарының реңин өзгертиўге (қарайтыўға) руқсатнама бергени ушын төлем муғдары базалық есаплаў муғдарының сегиз есеси етип белгиленсин.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық 2022-жыл 1-сентябрьден баслап:

а) ислеп шығарылғанына он жылға шекемги физикалық тәреплерге тийисли жеңил автомототранспорт қуралларын техникалық тексериўден өткериў еркин түрде әмелге асырылады;

б) жеңил автомототранспорт қуралларын мәжбүрий техникалық тексериўден өткериўдиң төмендеги мүддетлери белгиленеди:

ислеп шығарылғанына он бир жылдан он төрт жылға шекемги жеңил автомототранспорт қураллары – еки жылда бир мәрте;

ислеп шығарылғанына он бес жыл ҳәм оннан артық болған жеңил автомототранспорт қураллары – бир жылда бир мәрте.

Онда бул мүддетлер коммерция тийкарында жолаўшылар тасыў жумысында пайдаланылатуғын жеңил автомототранспорт қураллары ушын қолланылмайды.

  1. Автотранспорт қураллары айналарының реңин өзгертиўге (қарайтыўға) руқсатнама бериў Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы менен бир қатарда ишки ислер уйымлары жол ҳәрекети қәўипсизлиги бөлимлери тәрепинен де әмелге асырыў тәртиби енгизилсин.

Ишки ислер министрлиги (П.Бобожонов) мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте 2022-жыл 1-сентябрьге шекем айналарының реңин өзгертиўге (қарайтыўға) руқсат берилген автотранспорт қуралына ийелик етиў ҳуқықы өзгергенде, мәмлекетлик сан белгиси алмастырылғанда ямаса автортранспорт қуралы ийесиниң мағлыўматларында өзгерис болғанда автортранспорт қураллары айналарының реңин өзгертиўге (қарайтыўға) берилген руқстанаманың әмел етиў мүддетин автоматикалық түрде сақлап қалыў тәртибин енгизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы ҳүкиметиниң айырым қарарларына қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
  2. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                             Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2022-жыл 28-июнь

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться