Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан Президенти глобаллық раўажланыў мәселелерине бағышланған саммитте қатнасады
2022-06-24 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпинниң мирәт етиўине бола бүгин, 24-июнь күни, «БРИКС плюс» форматындағы Глобаллық раўажланыў мәселелери бойынша жоқары дәрежели сөйлесиўде қатнасады.
Қытай тәрепиниң басшылығында онлайн тәризинде өткерилетуғын илажда БРИКС топарының мәмлекетлери – Бразилия, Россия, Ҳиндстан, Қытай, Қубла Африка Республикасының мәмлекет ҳәм ҳүкимет басшылары, сондай-ақ, Аргентина, Индонезия, Алжир, Малайзия, Египет, Иран, Қазақстан басшылары да қатнасады. Жәми 18 мәмлекет делегацияларының қатнасыўы күтилмекте.
Форум күн тәртибинен 2030-жылға шекем Турақлы раўажланыў күн тәртибин әмелге асырыў бағдарындағы глобаллық шерикликти беккемлеў мәселелери орын алған. Бәринен бурын, «жасыл» экономика, жоқары технологиялар, инновациялар, санластырыў, транспорт ҳәм логистика, гуманитар алмасыў тараўларында әмелий бирге ислесиўди кеңейтиўге айрықша итибар қаратылады.
Өзбекстан Президенти өзиниң шығып сөйлеген сөзинде Турақлы раўажланыў мақсетлерине биргеликте ерисиўде кең халықаралық бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарларын көрсетип өтеди.
Жаңа «БРИКС плюс» форматы БРИКС топарына ағза мәмлекетлердиң басқа да жетекши раўажланып атырған мәмлекетлер менен өз-ара пайдалы ҳәм көп қырлы бирге ислесиўин жолға қойыў мақсетинде шөлкемлестирилгенин атап өтиў керек.
Форум өз-ара саўда ҳәм инвестицияларды алға қойыў, алдынғы технологияларды ҳәм билимлерди трансферлеў, кооперация байланысларын ҳәм транспорт-коммуникация байланыслылығын раўажландырыў, қәўипсизлик тараўында конструктивлик сөйлесиўди беккемлеўде үлкен орын ийелейди.
БРИКС мәмлекетлеринде 3 миллиардтан аслам халық жасайды, олардың үлесине дүнья жалпы ишки өниминиң 25 процентке шамаласы, глобаллық саўданың дерлик 20 проценти ҳәм тиккелей инвестициялардың 25 проценти туўра келеди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги