Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекстан ҳәм Япония жетекшилери көп қырлы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў перспективаларын көрип шықты

2022-06-09 | Сиясат

9-июнь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Япония Бас министри Фумио Кисиданың телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти.

Көп қырлы Өзбекстан–Япония бирге ислесиўин буннан былай да раўажландырыў ҳәм кеңейтиўге байланыслы, сондай-ақ, халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер көрип шығылды.

Жетекшилер мәмлекетлеримиз арасында дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының 30 жыллығы ҳәм Өзбекстан менен Япония арасындағы стратегиялық шерикликтиң 20 жыллығы менен бир-бирин қызғын қутлықлады.

2019-жыл декабрь айында Токио қаласында өткен саммит ҳәм жоқары дәрежедеги турақлы сөйлесиўлер еки тәреплеме қатнасықларды сапа жағынан жаңа дәрежеге алып шығып, оларды әмелий мазмун менен байытқаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Өз-ара саўда көлеми артып бармақта – усы жылдың басынан товар алмасыў көрсеткишлери еки есеге артты. Япония жетекши компанияларының экономикамызға тиккелей инвестициялары көбеймекте, экономиканың жоқары технологиялы тармақларында көплеген жаңа қоспа кәрханалар шөлкемлестирилмекте. Энергетика қуўатлылықларын модернизациялаў ҳәм кеңейтиў, санаатта, соның ишинде, машина қурылысы ҳәм химия тармақларында заманагөй өндирислерди жаратыў, мийманханалардың инфраструктурасын раўажландырыў бойынша биргеликте ири жойбарлар әмелге асырылмақта. Пайтахтымызда Японияның биринши Санлы университети жумыс алып бармақта.

Мәмлекетимиз басшысы Япония Бас министри ҳәм Ҳүкиметине Жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған артқа қайтпайтуғын реформаларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлап атырғаны ушын қызғын миннетдаршылық билдирди. Японияның JICA агентлиги ҳәм Халықаралық бирге ислесиў банки – JBIC шеңберинде көрсетилген финанслық ҳәм финанслық-техникалық жәрдем көлеми 7 миллиард доллардан артқаны атап өтилди.

Буннан тысқары, ҳүкимет делегацияларының усы жылы өткерилген табыслы ушырасыўы ҳәм сөйлесиўлердиң нәтийжелери жоқары баҳаланды.

Жетекшилер инновациялар, «жасыл» экономика, санлы технологиялар, илим ҳәм билимлендириў тараўларында әмелий бирге ислесиўди және де кеңейтиў ҳәм жойбарларды алға қойыў, мәдений-гуманитарлық алмасыў бағдарламалары ҳәм парламентлераралық сөйлесиўди даўам еттириў әҳмийетли екенин атап өтти.

Осака қаласында өткерилетуғын «ЭКСПО-2025» пүткил дүнья жүзилик көргизбеде Өзбекстанның кең көлемли экспозициясын шөлкемлестириўге келисип алынды.

Сөйлесиў ўақтында халықаралық күн тәртибиндеги мәселелерге да тоқтап өтилди.

Япония Бас министри мәмлекет БМШ Қәўипсизлик кеңесине турақлы ағза болыўы, Корея ярым атаўын ядролық қурал-жарақтан жырақ аймаққа айландырыў ҳәм урланған япон пуқараларын қайтарыў мәселелеринде Өзбекстан бәрқулла қоллап-қуўатлап атырғаны ушын миннетдаршылық билдирди.

Өзбекстан Президенти Япония тәрепин Кумамото қаласында Суў саммитиниң табыслы өткерилгени менен қутлықлады ҳәм Япония Ҳүкимети басшысы тәрепинен кең регионымызда турақлы раўажланыўға ерисиў мақсетинде алға қойылған Азияда әмелий бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарларын қоллап-қуўатлайтуғынын билдирди.

Бас министр Фумио Кисида, өз гезегинде, Өзбекстанның Орайлық Азияда исеним, жақсы қоңсышылық ҳәм кең көлемли шериклик қатнасықларын беккемлеў бағдарындағы басламаларын ҳәм Аўғанстанда турақлы тынышлық ҳәм экономикалық тиклениўди тәмийинлеўге көрсетип атырған жәрдемин жоқары баҳалады.

«Орайлық Азия + Япония» сөйлесиўи шеңберинде өз-ара пайдалы бирге ислесиўдиң пүткил потенциалын иске қосыўдан еки тәреп те мәпдар екени атап өтилди.

Сөйлесиў жуўмағында Президент Шавкат Мирзиёев Бас министр Фумио Кисиданы мәмлекетимизге рәсмий сапар менен келиўге мирәт етти.

Өзбекстан ҳәм Япония жетекшилериниң телефон арқалы сөйлесиўи ҳәр қашанғыдай ашық, дослық ҳәм исшеңлик руўхында өтти.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться