Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Хызметлер тараўындағы нәтийжелер талланды

2022-06-08 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 7-июн күни хызметлер көрсетиўди раўажландырыў мәселелерин додалаў бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Хызметлер – аз қәрежет пенен көп халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге болатуғын тараў. Сонлықтан аймақларда турмыслық хызмет үйлери шөлкемлестирилмекте, жумыссызлар кәсип-өнерге үйретилмекте, қаржы ҳәм шараят пенен тәмийинленбекте.

Усы жыл 27-январьда мәмлекет басшысының «Хызметлер тараўын раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Оған муўапық, бул тараўға көплеген жеңилликлер берилди ҳәм қолайлы ресурслар ажыратылды.

Булар арқалы быйыл 120 мыңнан аслам жаңа жойбарларды әмелге асырып, хызметлердиң көлемин 435 триллион сумға жеткериў режелестирилген.

Сын көз-қараста өткен мәжилисте бул бағдарда аймақларда орынланған жумыслар талқыланды.

Ҳәкимлер халықты ойлап, ҳадал ислеп, исбилерменлерге жер, имарат ҳәм инфраструктура мәселесинде жәрдем берген жерлерде нәтийже болған. Мәселен, Ташкент қаласы, Самарқанд, Ферғана ҳәм Әндижан ўәлаятларында мыңлаған жумыс орынлары ашылған.

Январь-май айларында хызметлер тараўында 232 мың жумыс орны жаратылған. Бирақ, Жиззақ, Наўайы, Хорезм ҳәм Қашқадәрья ўәлаятларында бул бағдардағы нәтийжелер төмен.

Кейинги еки айда хызмет орынларын шөлкемлестириў ушын 12 мың жер майданы аукционға қойылған. Бирақ 27 районда саўдаға шығарылған майданлар саны 10 ға да жетпеген.

Сол себепли бундай босаңлыққа жол қойған қала ҳәм район ҳәкимлери, олардың қурылыс бойынша орынбасарларына итнизамый жаза шаралары белгиленди.

Хызметлер тараўын раўажландырыў бойынша 9 ай ҳәм жыл жуўмағына шекемги режелер додаланып, Бухара тәжирийбеси бул бойынша үлги етип көрсетилди.

Мысалы Бухара қаласындағы исбилерменлер мийманхана, асхана, саўда дүканларының төбесинде ресторан ҳәм кафетерийлер шөлкемлестирген. Жеңилликли кредитлердиң нәтийжелилиги талланғанда, бир жумыс орнын ашыўға орташа 8-9 миллион сум ғана кеткен.

Жуўапкерлерге бул тәжирийбени басқа қала ҳәм район орайларында да енгизиў, онда қәўипсизлик талаплары және ижараға бериў шәртлерин ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.

Улыўма, елимизде халыққа қолайлы ҳәм транспорт қатнаўы көп жолдың бойларында мәмлекетлик уйымлардың балансындағы 4 мыңға шамалас ҳәкимшилик имарат жайласқан.  Усы имарат ҳәм объектлерден де сервис тараўында нәтийжели пайдаланыў мүмкин екени атап өтилди.

Хызмет шақапшаларын шөлкемлестириўге, бәринен бурын, қолайлы орын керек. Сонлықтан мәжилисте және 25 мың жер майданлары сервис ҳәм саўда объектлери ушын аукционға шығарылатуғыны белгиленди.

Бул бағдарда халыққа буннан былай да қолайлылық жаратыў ушын жерлерди аукционға қойыў процеси ижара бойынша 48 күннен 15 күнге, мүлк ҳуқықында 74 күннен 20 күнге қысқартылады. Жер майданлары баҳалаў экспертизасынан өткерилмейди, ҳақыйқый баҳасы аукционда анықланады.

Соның менен бирге, 2023-жыл 1-январьдан баслап, жерлерди аукционға шығарыўда кадастр уйымларында бар мағлыўматларды басқа уйымлар менен келисиў тәртиби бийкар етиледи. Барлық министрликлердиң кадастр мағлыўматлары Миллий геомәлимлеме системасына киргизиледи.

Усы жылдың 1-сентябрине шекем 205 район ҳәм қалада 253 арнаўлы саўда ҳәм хызмет көрсетиў көшелерин шөлкемлестириў режелестирилген. Бул мақсетлерге өткен жылы республика бюджетинен 1 триллион 400 миллиард сум, быйыл болса 900 миллиард сум ажыратылған.

Мәселен, Жиззақ қаласының «Жиззақлы» мәҳәллесиндеги жабық көше Шараф Рашидов орайлық көшесине тутасып, саўда ҳәм сервис шақапшаларына күни-түни жумыс ислеўге рухсат берилген. Нәтийжеде бизнес раўажланып, 200 жумыс орны пайда болған.

Ўәлаят ҳәкимлерине қала ҳәм районларда сондай көшелер шөлкемлестирип, сервисти раўажландырыў бойынша көрсетпелер берилди.

Ямаса және бир мысал:  Байсындағы белгили Оманхана санаториясының әтирапында 3 мийманхана бар. Бирақ орын жетпеўиниң себебинен мийманларды аўылдағы үйлер қабыллайды. Егер бул санаторийға алып баратуғын жол жақсыланса, мийманлардың саны және де көбейиўи, жол бойында 200 ден аслам саўда ҳәм хызмет көрсетиў объектлери шөлкемлестирилиўи мүмкин. Сонлықтан, жуўапкерлерге Оманхана аўылын раўажландырыў бойынша көрсетпелер берилди.

Усындай қатнас жасаў тийкарында, сырт елли консалтинг компанияларды ҳәм экспертлерди тартып, 28 қала ҳәм хызмет потенциалы жоқары 10 районның «мастер режеси»н ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.

Президент көшпели ҳәм жеңил конструкциялы саўда жумысы ушын талапларды жеңиллетиў зәрүрлигин атап өтти.

Соның ишинде, турақ жай мүлк ийелери ширкетлери, мәҳәлле, абаданластырыў ҳәм жол шөлкемлерине өз аймағында мәўсимлик кафе ҳәм саўда орайларын шөлкемлестириўге рухсат бериледи. Бул арқалы дерлик 50 мың халықтың бәнтлиги тәмийинленеди.

Мәжилисте транспорт тараўына жеке инвесторларды тартыў, хызметлердиң түрин көбейтиў, Автомобиль жоллары комитетиниң жумысын трансформациялаў мәселелерине де итибар қаратылды.

Мәмлекетимиз басшысы жақында мәҳәллелерде болып өткен сайлаўларға да тоқтап өтип, баслықларды сайланғаны менен қутлықлады.

– Елге бас болыў бул – үлкен жуўапкершилик. Мәҳәлле баслықлары елимиздеги реформаларды ҳәр бир шаңараққа жеткериўде, адамлардың талабын ҳәкимлердиң алдына қойып, халқымызды разы етиўде жетекши болыўы зәрүр. Бүгин хызметлер тараўын раўажландырыў бойынша қойылған анық мәселелер де бәринен бурын мәҳәлледен басланыўы керек, – деди Шавкат Мирзиёев.

Мәжилисте Бас министрдиң орынбасарлары, министрлер, ҳәким ҳәм ҳәким жәрдемшилери шығып сөйлеп, реже ҳәм усынысларын билдирди.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться