Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекстан ҳәм Қазақстан жетекшилери еки тәреплеме ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе баслы мәселелерди додалады

2022-06-06 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң 6-июнь күни Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев пенен телефон арқалы сөйлесиў болып өтти.

Мәмлекетимиз басшысы Қазақстан Президентин әҳмийетли сиясий илаж – мәмлекет Конституциясына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў бойынша улыўмамиллий референдумның табыслы өткерилгени менен шын жүректен қутлықлады.

Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды, регионаллық күн тәртиби бойынша пикир алысылды.

Жоқары дәрежеде ерисилген, бәринен бурын, еки тәреплеме саўда-экономикалық, инвестициялық, транспорт-коммуникациялық, илим-билимлендириў ҳәм мәдений-гуманитарлық бирге ислесиў жойбарларын алға қойыў бойынша келисимлерди әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.

Буннан тысқары, регионаллық бирге ислесиў, халықаралық шөлкемлер шеңбериндеги тығыз ҳәм нәтийжели сөйлесиўди даўам еттириўдиң перспективалары додаланды.

Өзбекстан ҳәм Қазақстан Президентлериниң телефон арқалы сөйлесиўи ҳәр қашанғыдай дослық ҳәм әмелий руўхта өтти.

Поделиться