Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Президентлердиң қызғын сөйлесиўи Хорезмде даўам етти

2022-06-03 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон 2-3-июнь күнлери рәсмий сапар менен мәмлекетимизде болды.

Ташкентте болып өткен сөйлесиўлерде еки дос мәмлекет халықларының мәпине хызмет ететуғын көплеген келисимлерге ерисилди.

Сапардың екинши күни жоқары мәртебели мийман Хорезм ўәлаятына келди.

Хорезм ўәлаятында бул сапарға айрықша таярлық көрилди. Көшелер еки мәмлекет байрақлары менен безелген, ҳәр қыйлы панноларға халықларымыз дослығы ҳәм туўысқанлығын жырлаўшы сөзлер жазылған.

Мәмлекетимиз басшысы Үргенш халықаралық аэропортында Тәжикстан Президенти Эмомали Раҳмонды күтип алды.

Миллий қосық ҳәм аяқ ойынлар халқымызға тән миймандослық, ашық кеўиллик белгиси болды.

Буннан соң Тәжикстан басшысы Эмомали Раҳмон Президент Шавкат Мирзиёев пенен биргеликте Үргенш қаласындағы «UzXCMG» қоспа кәрханасына барды.

Өзбекстан ҳәм Қытай менен биргеликте бул кәрхана 2014-жылы шөлкемлестирилген. Жойбардың биринши басқышында аўыл хожалығы техникаларын ири буўынлы жыйнаў, екиншисинде санаат усылында жыйнаў, үшиншисинде болса өндиристи локализациялаў жолға қойылды

Ҳәзирги күнде бул жерде 13 түрдеги экскаватор, 10 түрдеги арнаўлы техника ислеп шығарылмақта. Суў хожалығы, қурылыс ҳәм жол оңлаў тараўлары ушын оғада зәрүр болған бундай техникалар алдын валюта есабынан келтирилетуғын еди. Аўысық бөлеклер тәмийнаты ҳәм сервисте көп қыйыншылықлар бар еди.

Қоспа кәрхананың иске қосылыўы бул зәрүрликти шешиў менен бирге ўәлаяттың экономикалық потенциалын жоқарылатыў, елимиздеги ирригация ҳәм мелиорация илажларын өз ўақтында орынлаў имканиятын бермекте.

Усы күнге шекем кәрханада халықаралық стандартлар тийкарында 2 мыңға шамалас арнаўлы техника ислеп шығарылған. Локализациялаў дәрежеси 50 проценттен артқан. Енди өнимлерди сырт елге, соның ишинде, қоңсы мәмлекетлерге экспорт етиў режелестирилген. Экскаватор ҳәм арнаўлы техникалар буйыртпа тийкарында ислеп шығарылыўы да мүмкин.

Тәжикстанлы мийманлар заводтағы жумыс процесин, аўыл хожалығы машиналарын ҳәм арнаўлы техникаларды көзден өткерди.

Президент Шавкат Мирзиёев ҳәм Президент Эмомали Раҳмон Хийўа гилем комбинатында болды.

Улыўма баҳасы дерлик 22 миллион доллар болған бул кәрхана Самарқандтағы «Sam-Antep-Gilam» компаниясы тәрепинен 2020-жылы шөлкемлестирилген, өткен жылы жойбардың екинши басқышы иске қосылған. Комбинатқа Германия, Бельгия, Австрия, Швейцария, Италия, Франция ҳәм Түркиядан үскенелер келтирип орнатылған. 420 жумыс орны жаратылған.

Бул жерде гилем, полипропилен жип ҳәм басқа да өнимлер ислеп шығарылмақта. Олар АҚШ, Россия, Қытай, Қазақстан, Қырғызстан, Түркменстан ҳәм Тәжикстанға экспорт етилмекте.

Быйыл үшинши басқыш – акрил талшығынан ийирилген жип таярлаў жойбары әмелге асырылды. Нәтийжеде өндирис қуўатлылығы жылына 2,2 миллион квадрат метрге жетти.

Өнимниң 45 проценти сырт елге сатылыўы, жыллық экспорт 7 миллион доллардан артыўы күтилмекте.

Президентлер кәрханадағы өндирис процесин ҳәм шоу-румды көзден өткерди.

Бул жерде Өзбекстан санаат өнимлери де көрсетилди. Уқсас тармақлардың басшыларына тәжирийбе алмасыў, саўданы раўажландырыў бойынша көрсетпелер берилди.

Тәжикстан Президенти Эмомали Раҳмон мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев пенен биргеликте Ишан қаладағы тарийхый естеликлерди зыярат етти.

Ҳәммемизге белгили, Ишан қала тек ғана естелик емес, ал «тири» қала. Бул жерде 120 дан аслам архитектуралық естеликлер бар ҳәм ҳәзирги күнге шекем әййемги үйлерде халық жасайды. Оның «ашық аспан астындағы музей» деп аталыўы соннан.

Хийўа қаласы 1990-жыл 12-декабрьде ЮНЕСКО Мәдений мийрас дизимине киргизилген. 1997-жылы қаланың 2500 жыллық юбилейи белгиленген. 2020-жылы Түрксай халықаралық шөлкеми тәрепинен Түрк дүньясының мәдений пайтахты, деп жәрияланған.

Мәмлекет басшылары Ата дәрўазадан кирип, Көк минара, Гөне арк сарайы, Тасҳәўлини тамашалады. Паҳлаўан Маҳмуд мақбарасы ҳәм Жума мешитинде Қуран оқылып, пәтия етилди.

Хорезмниң тарийхы, илим раўажланыўына қосқан үлеси ҳаққындағы мағлыўматлар, бай мәденияты ҳәм көркем өнери мийманларда жарқын тәсир қалдырды.

Усының менен Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмонның мәмлекетимизге рәсмий сапары жуўмағына жетти.

 

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться