Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Спортшыларды таярлаў ҳәм селекциялаў бойынша жаңа система енгизиледи

2022-05-24 | Сиясат

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 23-май күни спортты ғалаба ен жайдырыў ҳәм қәбилетли спортшыларды таярлаў илажлары бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Елимизде спорт инфраструктурасы избе-из раўажландырылып, жаслардың қызығыўшылықлары қоллап-қуўатланбақта. Кейинги бес жылда 118 жаңа спорт комплекси пайдаланыўға тапсырылды ҳәм 110ы реконструкцияланды. Барлық мәҳәллелердеги жасларды спортқа тартыў бойынша биринши мәрте «бес басқышлы» жарыслар басланды. Апрел-май айларында өткен биринши ҳәм екинши басқышларға 3 миллионнан аслам жаслар қатнасты.

Бирақ қәбилетли жигит-қызларды сайлап алып, профессионал спортшыларға айландырыўға итибар жоқ. Бунда басланғыш система болған спорт мектеплери менен Олимпия резервлери колледжлери ҳәм Жоқары спорт шеберлиги мектеплери арасында өз-ара байланыслылық жолға қойылмаған. Мысалы,  190 балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде тек ғана 10 олимпиада спорт түри үйретиледи. Спорт федерациялары Олимпия резервлери колледжлери менен бирге ислесиўди өз ҳалына таслап қойған.

Сонлықтан мәжилисте спортшыларды таярлаў ҳәм селекциялаў бойынша жаңа система енгизилетуғыны белгиленли.

Оған бола, енди ҳәр бир мәҳәлледе апрель-июнь ҳәм сентябрь- декабрь айларында жарыслар шөлкемлестирилип, жақсы нәтийже көрсеткен жаслар электрон дизимге киргизиледи ҳәм аймақтағы спорт мектебинде қәнигели тренерлер менен бийпул шуғылланыў имканиятына ийе болады. Олар физикалық таярлық дәрежесине ҳәм разрядына қарай, кейинги басқышқа өткериледи. Спорт мектеплери белгили бир олимпиада спорт түрлери бойынша базаға айландырылады. Тренерлердиң мийнет ҳақысы 35 процентке көбейтиледи.

Жуўапкерлерге бул системаны енгизип, жақсы нәтийже көрсеткен мәҳәллелерди хошаметлеў бойынша көрсетпелер берилди. Жылдың ақырына шекем  508 мәҳәлледе көп функциялы спорт майданшалары қурылатуғыны атап көрсетилди.

Бүгинги күнде Олимпия резервлери колледжлерине 14 жастан үлкен жас өспиримлер қабыл етилмекте. Ақыбетинде жасларды Олимпиада ойынларына таярлаў кеш басланып атыр.

Сонлықтан, бул бағдарда раўажланған мәмлекетлердеги алдыңғы тәжирийбелер үйренилди. Енди сол тийкарда спортшыларды профессионал таярлаў системасы реформаланады. Яғный, бул тараўдағы колледжлер Олимпиада ҳәм параолимпиада спорт түрлерине таярлаў орайы сыпатында шөлкемлестириледи. Бул орайлар 5-9-класслар ушын Олимпиада мектеби,  10-11-класслар және 1-2-курслар ушын Олимпиада ҳәм параолимпиада колледжи болып хызмет етеди.

Спортты раўажландырыў министрлиги жанында алдыңғы тренер ҳәм сырт елли экспертлерден ибарат  Тренерлер кеңеси дүзилип, жарысларда ең жоқары нәтийжеге ерискен жасларды колледжлерге таңлап алады. Колледж питкериўшилери болса келешекте Жоқары спорт шеберлиги институтына қабыл етиледи. Сол тәризде, профессионал спортшыларды таярлаўдың үзликсиз системасы жаратылады.

Спортты раўажландырыў министрлигине 20 перспективалы олимпиада түрин белгилеп, олар бойынша аймақлық «таяныш база»ларды шөлкемлестириў ўазыйпасы қойылды.

Тараўдағы илимий потенциал да талап дәрежесинде емес екени айтылды. Жергиликли илимпазлар тәрепинен бирде-бир спорт түри бойынша я методика, я бағдарлама ислеп шығылмаған.

Бүгинги күнде спортшыларды таярлаў 30 жыл бурынғы бағдарламалар тийкарында әмелге асырылмақта. Спорт диетологиясы, фармакологиясы, психологиясы, спорт инженерлиги, кардио-шынығыўлар бойынша қәнигелер таярланбай атыр.

Сонлықтан, олимпиада спорт түрлери бойынша спортшыларды физикалық ҳәм руўхый жақтан таярлаў, саламат аўқатландырыў бағдарламаларын ислеп шығыў  зәрүрлиги атап өтилди. Келеси оқыў жылынан баслап Дене тәрбиясы ҳәм спорт университетинде спорт диетологиясы, инженерлиги ҳәм кардио-шынығыўлар, Медицина академиясында спорт медицинасы ҳәм фармакологиясы бойынша қәнигелер таярлаўды жолға қойыў тапсырмасы берилди.

Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша министрлер ҳәм ҳәкимлер мәлимлеме берди.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться