Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Геология-излеў жумыслары бойынша бағдарлама ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды

2022-05-20 | Жәмийет

Президент Шавкат Мирзиёев 19-май күни геология тараўын және де раўажландырыў, пайдалы дәреклер ҳәм жер асты суўы резервлерин кеңейтиўге қаратылған жойбарлардың презентациясы менен танысты.

Кейинги жыллары елимиз геологиясы ҳәм илим, ҳәм технологиялық жақтан күшейтилгени нәтийжесинде излеў жумысларының қамтылыўы кеңейди, жер асты байлықларының жаңа резервлери анықланды. Оларға тийкарланып, ири кәрханалар қурылмақта, перспективалы жойбарлар ислеп шығылмақта.

Атап айтқанда, уран бойынша 27 жаңа кән ашылып, турақлы шийки зат базасы жаратылды. Бирақ тараўдағы имканиятлар жүдә көп. Соның ушын мәмлекетимиз басшысы  баҳалы ҳәм сийрек гезлесетуғын металлар қазып алыў көлемин арттырыў бойынша тапсырма берген еди.

Презентацияда жуўапкерлер бул бағдарда ислеп шығылған режелер бойынша мәлимлеме берди. Оған бола, улыўма баҳасы 182 миллион долларлық 14 жойбар қәлиплестирилген.

Президентимиз бул жойбарлар менен шекленип қалмастан, жоқарырақ шекти алыў керек екенлигин атап өтти.

Усы мақсетте, 2022-2026-жыллары геология-излеў жумысларын әмелге асырыў бойынша өз алдына бағдарлама ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды. Бул бағдарламада 8 жаңа кән ҳәм 18 перспективалы майдан есабынан уран резервин арттырыў, заманагөй бураўлаў үскенелерин алып келиў, санлы геология моделин жаратыў нәзерде тутылады.

Сондай-ақ, «Наўайыуран» мәмлекетлик кәрханасын трансформациялаў, сырт ел қәнигелерин тартып, технологиялық процесслерди жетилистириў бойынша көрсетпелер берилди.

Уран резервин халықаралық стандартларға муўапық баҳалаў, соңғы технологиялар тийкарында рудадан уранды айырып алыў дәрежесин арттырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Презентацияда перспективалы кәнлерди таярлаў ҳәм оларға инвесторларды тартыўға байланыслы усыныс та көрип шығылды. Оған бола, Өзбекстан Тиклениў ҳәм раўажланыў қоры жанында «Жаңа кән» жойбарының офисин шөлкемлестириў, оның устав капиталына 15 миллион доллар ажыратыў мөлшерленген. Бул жойбар офиси литий, альюминий, магний, графит ҳәм басқа да баҳалы металларды ислеп шығарыў бойынша инвестициялық жойбарларды әмелге асырады.

Мәмлекетимиз басшысы жәҳән базарында уран баҳасының турақлы өсип баратырғаны, жаңа жойбарларда бул шийки затты қайта ислеў ҳәм қосымша қун жаратыўға айрықша итибар қаратыў керек екенлигин атап өтти.

Оның ушын маман кадрлар да зәрүр, әлбетте. Сонлықтан Президентимиздиң басламасы менен Геология илимлери университети шөлкемлестирилген еди. Наўайы кәншилик институтына университет статусы берилди. Италияның Пиза ҳәм Россияның Санкт-Петербург кәншилик университетлери менен қоспа бағдарламалар дүзилди.

Бирақ, заманагөй билимге ийе, мәлимлеме технологиялары ҳәм шет тиллерди жақсы өзлестирген орта буўын қәнигелерин таярлаў төмен дәрежеде. Соның ишинде, тек ғана Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитетиниң системасында жылына 300 ден артық орта буўын қәнигелерине талап бар.

Соның ушын Зарафшон, Ангрен ҳәм Ғузардағы техникумларда геологияға қәнигелескен бағдарларды көбейтип, маман жумысшылар таярлаў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Өткен жылы елимизде мыс санааты кластери шөлкемлестирилген еди. Бағдарламаға муўапық, мыс ислеп шығарыўды бирден-бир «шынжыр» тийкарында 2 есеге көбейтип, 8 миллиард долларлық өним ислеп шығарыў режелестирилген.

Презентацияда бул бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында да есабат берилди.

Ҳәммемизге белгили, регионымыздағы ең әҳмийетли машқалалардан бири бул – суў там-тарыслығы. Бундай шараятта жер асты суўынан ақылға уғрас пайдаланыў зәрүр. Тилекке қарсы, кейинги жыллары жер асты суўының көлеми елимиздеги 13 районда 5 метрге шекем, 9 районда 20 метрге шекем төменлеген.

Соның ушын Президентимиз жуўапкер шөлкемлерге жер асты суўының резервлерин көбейтиў ҳәм олардан ақылға уғрас пайдаланыўды шөлкемлестириў бойынша тапсырмалар берди.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться