Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Орынлардағы мәселелердиң 45 проценти секторларға байланыслы екен, машқала неде? – Президент

2022-05-12 | Сиясат

Президент Шавкат Мирзиёев ҳәзирги ўақытта Ферғана ўәлаяты белсендилериниң мәжилисинде қатнаспақта. Мәмлекетимиз басшысы көшпели қабыллаўлар даўамында анықланған машқалалардың 45 проценти орынларда шешилгенине айрықша тоқтап өтти.

– Биз орынларда көплеген қабыллаўлар өткердик. Буларда көтерилген сораўлардың 45 проценти орнында шешилген. Усы жерде бир сораў пайда болады, не ушын мәселелердиң жуўабы орынлардағы 4 секторға байланыслы екен, өз ўақтында шешилмеген. Машқала неде?

Сол себепли де бүгин мәжилисимизди сын көзқарастан өткериўимиз керек. Секторлар халық мәпинен келип шығып, өз ўәкилликлеринен орынлы пайдаланыўы шәрт.

Мәҳәлле, бул халықтың пикири, тилеги деген сөз. Егер мәҳәллени қағазда емес, әмелде адамлардың дәртин жеңил ететуғын системаға айландырсақ, жумысымыз жүриседи. Ферғанада 162 мәҳәлле бар, олардың жумыс системасы өзгериўи керек.

Кимгедир операция керек, басқасы баласы жақсы оқыўын қәлейди. Бул мәселелерди мәҳәлледе шешиўи керек,-деди мәмлекетимиз басшысы.

Поделиться