Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан Президенти Беларусь Бас министри менен әмелий бирге ислесиўди раўажландырыў перспективаларын додалады
2022-04-26 | Сиясат
25-апрель күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев усы күнлери Ташкент қаласында өткерилип атырған «ИННОПРОМ. Орайлық Азия» халықаралық көргизбесинде Беларусь делегациясына басшылық етип атырған Беларусь Республикасы Бас министри Роман Головченконы қабыллады.
2019-жыл август айында Беларусқа әмелге асырылған жоқары дәрежедеги сапарда ерисилген келисимлерди әмелге асырыў мәселелери көрип шығылды.
Кейинги жыллары Өзбекстан-Беларусь көп қырлы бирге ислесиўиниң раўажланыўында жоқары пәт бақланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Соның ишинде, өз-ара саўда көрсеткишлери турақлы өсип, усы жылдың басынан берли 57 процентке артты. Экономиканың тийкарғы тармақларында еки мәмлекет жетекши кәрханаларының кооперациясы кеңейип бармақта.
Ушырасыўда товар алмасыў көлемин арттырыў ҳәм тең салмақлылығын тәмийинлеў, соның ишинде, оған аўыл хожалығы ҳәм санаат өнимлерин тиккелей жеткерип бериў, саўда үйлери тармағын раўажландырыў арқалы ерисиўге айрықша итибар қаратылды.
Машина қурылысы, электротехника, фармацевтика, тоқымашылық ҳәм азық-аўқат санаатында, аўыл хожалығы ҳәм туризм тараўларында биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Аймақлар аралық бирге ислесиў потенциалын жүзеге шығарыў, инновациялық бағдарламалар ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўды биргеликте қоллап-қуўатлаў перспективалары да додаланды.
Өзбекстан ҳәм Беларусь арасындағы өз-ара пайдалы әмелий бирге ислесиўди және де раўажландырыў бойынша еки мәмлекет ҳүкиметлери тәрепинен «жол картасы» қабыл етилиўи бойынша келисимге ерисилди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги