Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Қашқадәрья: реформалардың нәтийжеси ҳәм жаңа имканиятлар

2022-04-22 | Сиясат

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев орынларда социаллық-экономикалық реформалардың барысы, әмелге асырылып атырған дөретиўшилик ҳәм абаданластырыў жумыслары, жаңа жойбарлар менен танысыў, халық пенен сөйлесиў мақсетинде 21-апрель күни Қашқадәрья ўәлаятына келди.

Сапардың биринши мәнзили Көкдала районы болды. Бул ҳәкимшилик бирликти шөлкемлестириў идеясы Шавкат Мирзиёевтиң сайлаўалды бағдарламасынан орын алған еди. Олий Мажлис Сенатының усы жылдың 17-марттағы қарарына муўапық, халыққа қолайлылықлар жаратыў ҳәм урбанизация процесслерин тәртипке салыў мақсетинде Шырақшы районының бир бөлегинде Көкдала районы дүзилди.

Президент сапары алдынан усы жаңа районда «Шырақшы кластер» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң тигиўшилик кәрханасы искен түсирилди. Оның имараты жеңил конструкциялардан қурылған. 500 ге шамалас жергиликли ҳаял-қызлар ҳәм жаслар жумыс пенен тәмийинленген.

Мәмлекетимиз басшысы кәрханадағы жумыс процесин көзден өткерди, ҳаял-қызлар менен сәўбетлести.

– Көрип атырсызлар, ҳаял-қызлар бойынша қанша қарарлар қабыл етип атырмыз, шөлкемлестириў илажларын көрип атырмыз. Буның тийкарындағы мақсет – сизлердиң қуўанышыңызды көриў. Бир ҳаялды, бир қызымды жумыс пенен тәмийнлесек, оның кейпияты пүткил шаңараққа тәсир етеди, перзентлерин жақсы оқытады. Бүгин де көп режелер, имканиятлар менен келдик. Өзбекстанда арзыў-нийетлер әмелге асатуғын заман қурыўға ҳәрекет етип атырмыз, – деди Шавкат Мирзиёев.

Кәрхана жылына 7 миллион дана таяр кийим ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе. Өнимлердиң үлкен көлеми «Samo» бренди астында экспорт етиледи. Бул ушын белгили сырт ел брендлери менен бирге ислесиў режелестирилген.

Кластер басшысына пахта өнимдарлығын арттырыў, жаңа жерлерди өзлестириў бойынша көрсетпелер берилди.

Жетитам қалашасы Көкдала районының админстративлик орайы етип белгиленгени бизге белгили. Енди бул жерде инфраструктураны раўажландырыў зәрүр. Президентимиз бул қалашаны толық режелестириў жойбары менен танысты.

Район аймағы 171 мың гектар болып, 32 мәҳәлледен ибарат. Жойбарға бола, Жетитам қалашасында район ҳәкимлиги ҳәм жергиликли уйымлар ушын имаратлар, «Жаңа Өзбекстан» массиви, бақша ҳәм мектеплер, поликлиника, дем алыў бағы, халықаралық әҳмийетке ийе жол бойында хызмет көрсетиў ҳәм саўда комплекслери қурылады.  159 километр жол оңланып, 50 километр ишимлик суўы, 80 километр электр тармақлары қурылады.

Президентимиз жаңа имаратларды энергияны үнемлейтуғын етип қурыў, жайлардың төбесине қуяш энергиясы панеллерин орнатыў зәрүрлигин атап өтти. Көкдалада 500-1000 мегаваттлық қуяш электр станцияларын ҳәм қуяш панеллери кәрханасын қурыў имканиятын үйрениў бойынша тапсырма берилди.

Усы жерде халықтың ўәкиллери менен ушырасыў болып өтти. Олар алдын Шырақшы районы орайына шекем 2-3 саатлап жол жүргени, бул көп қыйыншылық туўдырып, қәрежетлер жумсағанын айтып берди.

– Көкдала районын шөлкемлестириўден тийкарғы мақсет бул жерде жасайтуғын 182 мың халық ушын мүнәсип турмыс шараятын жаратыў, аймақты экономикалық раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша жумысларымызды жаңа басқышқа көтериў болып табылады, – деди Шавкат Мирзиёев.

Усы мақсетте районды комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша үш жыллық бағдарлама ислеп шығылатуғыны атап өтилди. Бул жерде инженерлик-коммуникация тармақлары ҳәм социаллық тараў объектлерин қурыўға дерлик 2 триллион сум қаржы қаратылады. Быйыл 260 миллиард сумлық 18 жойбар иске түсириледи.

Буннан соң мәмлекетимиз басшысы шаңарақлық балалар үйин шөлкемлестирген ата-аналар менен ушырасты.

Шавкат Мирзиёев басшы сыпатында қатаң ҳәм талапшаң болса, шахс сыпатында меҳрибан ҳәм итибарлы инсан. Буны оның кекселерге, балаларға, мүтәж шаңарақларға мүнәсибетинен билиўге болады.

Мәмлекетимиз басшысы Жиззақ ўәлаяты ҳәкими болғанында Меҳрийбанлық ҳәм Мүриўбет үйлерин тәртипке келтиргени, Самарқандта көзи әззи балалар интернатына барғанын адамлар елеге шекем еслейди.

Бүгин бундай мийрим-шәпәәт пүткил мәмлекет бойлап ен жайған. Президентимиз аймақларға шыққанында усындай социаллық мәкемелерге барыўға ўақыт табады.

Жақында Ташкент қаласының Алмазар районындағы мектеп-интернатқа барғанында Шавкат Мирзиёев «елимизде улыўма жетим болмаса, қандай жақсы болар еди» деген еди. Халқымыз бул қайырлы басламаны қоллап-қуўатламақта, барлық аймақларда шаңарақлық балалар үйлери шөлкемлестирилмекте. Нәтийжеде кейинги айларда 16 Меҳрийбанлық үйинен 10 ы өз жумысын тоқтатты.

Қашқадәрья ўәлаятында да бириншилерден болып, Китаб районындағы 5-санлы ҳәм Қамашыдағы 4-санлы Меҳрийбанлық үйлери жабылды. Бул жерде тәрбияланғанлардың бир бөлеги жақынларының қушағына қайтқан болса, бир бөлеги шаңарақлық балалар үйлерине қабыл етилген.

Президентимиз Қашқадәрьяға сапары барысында усындай меҳрийбан инсанлар – Ҳусан Холлиев ҳәм Гулбаҳар Хонимова, Шокир Суюнов ҳәм Гулбаҳар Ҳамидова, Бахтиёр Тўраев ҳәм Гулбаҳар Алланазарованың шаңарақлары менен ушырасты.

– Мәмлекетимиз сиясатын әмелге асырып, балалардың басын сыйпап, шаңарағыңыз қушағына алғаныңыз ушын сизлерге тәжим етип, рахмет айтаман, – деди Шавкат Мирзиёев. – Сиз өзлигимизди, халқымызды, халқымыздың руўхый дүньясын көрсетип, үлги болып атырсыз. Бул қыйын, буны ҳәмме де түсинбеўи мүмкин. Бирақ бул саўап истиң саўабы жүдә үлкен. Сиз тарийх жаратып атырсыз, өзиңизге руўхый естелик қурып атырсыз. Халқымыз бундай уллы пазыйлетлерди жоқары қәдирлейди.

Президент балаларға да мүрәжат етип, күш-қуўат берди.

– Өмир ойлы-бәлент, сынақлардан ибарат. Ҳәзир сизлер ушын сынақ. Бирақ, мен исенемен, келешекте қатарларыңызға үлги боласыз. Мийнетсиз, машақатсыз табысқа ерисе алмайсыз. Мен де балалығымда қыйыншылық көрип, өскенмен. Сизлер де ҳәр қашан мәмлекетимиздиң итибарында боласыз: тәлим-тәрбияңыз, оқыўларға кириўиңизди қадағалаўға аламыз.  Қуда қәлесе, камалыңызды көриў ҳәммемизге несип еткей, – деди мәмлекет басшысы.

Қашқадәрья ўәлаятында жәми 16 шаңарақлық балалар үйлери шөлкемлестирилген болып, оларда  98 ул-қыз меҳир қушағына алынған. Президентимиз бул шаңарақларға да миннетдаршылық билдирди.

Шавкат Мирзиёев Косан районындағы «Косан» фермер хожалығының атызында болып, ғәлле ҳәм ғаўашаның раўажланыўын көзден өткерди.

82 гектар майданға ийе хожалық тийкарынан усы егинлерге қәнигелескен. Өткен жылы пахтадан 41, ғәлледен 70 центнерден артық зүрәәт алынған. Дәрамат та соған жараса жақсы болған – өткен жылы 357 миллион сум дәрамат табылған.

Соның есабынан хожалыққа техникалар сатып алынды, суўды үнемлейтуғын технологиялар орнатылды.

– Базар экономикасында жумысты ҳәрекетлендириўши күш не? Пайда. Фермер хожалықлары да дәраматты көбейтиўди ойлаўы керек. Дәрамат бар жерде раўажланыў болады. Өнимдарлықты арттырыў ушын пайданың бир бөлегин илимге, яғный технологияларға жумсаў керек, – деди Шавкат Мирзиёев.

Фермер хожалығында пахта ҳәм ғәлле атызлары әтирапына жүзим, тут ҳәм асқабақ егилген. Президентимиз бул тәжирийбени кеңейтип, барлық кластер ҳәм фермер хожалықларының атызы әтирапындағы бос орынларда мийўе-овощ жетистириў зәрүрлигин атап өтти.

Қашқадәрья аўыл хожалығында ең үлкен машқалалардан бири – суўдың аз екени. Сонлықтан жаўынлатып ҳәм тамшылатып суўғарыў технологияларын енгизиў мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатланбақта.

«Косан» фермер хожалығында да жаўынлатып суўғарыў шөлкемлестирилген. Быйыл және 23 ғәлле майданында жаўынлатып және 30 гектар пахта майданында тамшылатып суўғарыў технологиясы енгизилген. Нәтийжеде 46 мың 11 тонна минерал төгин үнемленеди.

Усы жерде суў хожалығы объектлеринен пайдаланыў системасын жетилистириўге байланыслы жойбарлар додаланды. Мәмлекетимиз басшысы кластерлерге қараслы жерлерге суў жеткерип бериў бойынша олар менен мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти жолға қойыў мақсетке муўаплығын атап өтти.

Мәмлекетимиз басшысы Косан районындағы «Бунёдкор» пахта-тоқымашылық кластериниң өндирислик кәрханаларын барып көрди.

Бул жерде мәмлекетимиз басшысының кластер идеясы тийкарында пахта жетистириў ҳәм оны терең қайта ислеўдиң толық санаат «шынжыры» жаратылған. Биринши жойбар шеңберинде 21 миллиард сумлық инвестиция өзлестирилип, заманагөй тигиўшилик фабрикасы шөлкемлестирилген.

Түркия ҳәм Италиядан алып келинген үскенелер менен тәмийинленген бул кәрхана жылына 6 миллион дана таяр трикотаж ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе. Дәрамат жағынан айтқанда, дерлик 100 миллиард сумлық жоқары сапалы кийим-кеншеклер тигилип, 2 миллион доллардан зыят туратуғын таяр өним экспорт етилиўи режелестирилген.

Ҳәзирги ўақытта фабрикада 320 ҳаял-қыз жумыс ислемекте. Президент олар менен сәўбетлесип, жумысларына табыслар тиледи.

Кластерге қараслы жип ийириў ҳәм гезлеме тоқыў қуўатлықлары усы жыл июльде, май ислеп шығарыў кәрханасы декабрьде пайдаланыўға тапсырылады. Оларда және 700 ге шамалас жумыс орны шөлкемлестириледи.

Мәмлекетимиз басшысы бул жерде тараў қәнигелери, пахта-тоқымашылық кластерлериниң басшылары менен сәўбетлести.

– Биз ҳәзирги кластер системасы менен жеңил басқышты басып өттик. Енди сапа, баҳа, базар жағына жол ашық. Соның ушын кластерлеримиздиң сырт еллерге хызмет сапарларын, көргизбелерин шөлкемлестириў керек, – деди Президент.

Тоқымашылық кәрханаларын турақлы шийки зат пенен тәмийинлеў ушын пахта зүрәәтлилигин арттырыў, жасалма талшық ислеп шығарыў, нәтийжели пайдаланыў бойынша усыныслар берилди.

Президентимиз Косан районындағы «Жумысқа мәрҳамат» моноорайының жумыс менен танысты.

Бул жерде техника ҳәм хызмет көрсетиў тараўларында 20 ға шамалас кәсип-өнерге оқытыў жолға қойылған. Оқыў ҳәм шынығыў бөлмелери тийисли үскене, компьютер, муляж ҳәм басқа да әсбап-үскенелер менен тәмийинленген.

Ең әҳмийетлиси, оқыў, үйрениў жасы шекленбеген. Бул жерге барлық қәлеўшилер, ўақтынша жумыссыз адамлар да келиўи мүмкин. Бундай имканиятлардан пайдаланып, халық мийнет базарында талап жоқары болған электрик, сантехник, кепсерлеўши, аспаз, кондитер, шаштәрез ҳәм тигиўши сыяқлы кәсиплерди үйренбекте. Оларға жәҳән стандартлары дәрежесинде көнликпе бериў мақсетинде Германия,  Түркия ҳәм Япония мәмлекетлеринен қәнигелер тартылған. Орайдың жанында шет тиллерин оқытыў да жолға қойылған.

Бул жерде тек ғана Косан емес, ал қоңсылас районлардағы жумыссыз пуқараларға 2 айдан 6 айға шекемги курсларда сабақ өтиледи.

Мәмлекетимиз басшысы орайда жаратылған шараятларды көзден өткерди, кәсип үйренип атырған жигит-қызлар менен сәўбетлести.

– Сизлердиң ертеңги күниңизге итибарсыз болмай, кәсипке умтылыўыңыз мени қуўандырды. Бундай орайларды неге шөлкемлестирип атырмыз? Бурын жаслар кәсип ийелеў ушын Ташкентке ямаса басқа қалаларға баратуғын еди. Енди бул шараятлардың өзи жаслардың алдына келип атыр. Мақсетимиз – халықты кәсип-өнерли етиў. Жақсы өнери бар адам жумыссыз қалмайды, керек болса үйинен алып кетеди. Сол ушын бул имканиятлардан пайдаланып, жолыңызды таўып алыўыңыз керек, – деп атап өтти мәмлекетимиздиң басшысы.

Мәмлекетимиз басшысының 2021-жыл 9-декабрьдеги пәрманына муўапық, халықтың турақ жай шараятын жақсылаў мақсетинде орынларда «Жаңа Өзбекстан» массивлери жаратылмақта.

Президентимиз Косан районында «Дослық» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында қурылып атырған усындай жайларды барып көрди.

Бул жерде 2022-2026-жылларда 120 көп қабатлы жай қурылыўы режелестирилген. Сондай-ақ, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери, мектеплер, мәҳәлле уйымы, саўда ҳәм хызмет көрсетиў шақапшалары, спорт комплекси сыяқлы ҳәр қыйлы социаллық объектлер қурылады. Бул аймақта дем алыў бағы ҳәм стадион бар екени халыққа қолайлылық жаратады.

Быйыл 616 квартиралы 30 турақ жайдың қурылысы басланған.

Мәмлекетимиз басшысы жайларды сапалы қурыў, аламлардың қалтасына қолайлы етиў зәрүрлигин атап өтти.

Усы жердиң өзинде ўәлаятта ишимлик суў тәмийнаты ҳәм ақаба тармағын жақсылаў бағдарындағы режелер ҳаққында мағлыўмат берилди.

Президент Шавкат Мирзиёев Касби районындағы Қамашы мәҳәллесинде болды.

Бул жерде 6 мыңнан аслам халық жасайды. Оларға қолайлы социаллық шараятлар жаратыў мақсетинде аймақта «Абат аўыл» бағдарламасы әмелге асырылды.

Мәҳәллеге алып келетуғын жолдың бойынша 40 тан аслам жеңил конструкциялы саўда ҳәм хызмет шақапшалары қурылды. Бул арқалы 200 ге шамалас адам жумыслы болады.

Үйлер электр энергиясы, тәбийғый газ ҳәм ишимлик суўы менен тәмиийнленеди. 8 километрден аслам ишки жолларға асфальт, 18 километрден зыят қум-шағыл тас төселди.

Мәмлекетимиз басшысы  Абат мәҳәлле орайындағы шараятларды көрди, балалардың көркем өнер ҳәм спорт дөгереклерин бақлады.

– Бундай жумыслардың нәтийжесинде мәҳәллелерге нур, мәденият кирип атыр, адамлар өзгерислерди сезбекте. Енди бул орай халқымызға хызмет етиўи, бәрқулла адамлар менен толы болыўы керек. Бул жерде хызметлерди көбейтиў, жасларды спортқа, ҳәр қыйлы дөгереклерге тартыў зәрүр, – деди Шавкат Мирзиёев.

Мәҳәлледе быйыл 600 ҳаял-қыз жумысты үйге алып ислеў тийкарында тигиўшилик өнимлерин ислеп шығарыўға тартылды.

Кооперация тийкарында 50 шаңарақта инкубатор арқалы шөже көбейтиў,  300 шаңарақта гөш, 200 үйде мәйек жетистириў бағдарында қусшылық шөлкемлестирилмекте.

Район белсендилери менен сәўбетте жаслардың тәлим-тәрбиясы, бәнтлик мәселеси ҳаққында сөз болды. Мәмлекетимиз басшысы Касби районы әзелден өзине тән гүлалшылық ҳәм гилемшилик мектеби менен белгили болып келгенин атап өтип, «Өнермент» асссоциациясына аймақта усы бағдарларды раўажландырыўға көрсетпе берди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Қашқадәрья ўәлаятына сапары даўам етпекте.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться