Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Халықтың абаданлығы ҳәм исбилерменликтиң раўажланыўына қаратылған әҳмийетли илажлар белгиленди
2022-04-15 | Сиясат
Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 15-апрель күни азық-аўқат өнимлерин көбейтиў арқалы базарларда баҳаның турақлылығын тәмийинлеў, исбилерменлик ушын қосымша шараятлар жаратыў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.
Ҳәммемизге белгили, дүньяда жүз берип атырған ўақыялар себепли азық-аўқат өнимлериниң баҳасы өсип бармақта. Бундай шараятта ишки базарда баҳаның турақлылығын тәмийинлеўдиң экономикалық илажы азық-аўқат өнимлерин жетистириў ҳәм өндиристи көбейтиў болып есапланады.
Соның ушын быйыл елимизде 7 миллион 700 мың тонна бийдай, 23 миллион тонна мийўе-овош жетистирип, ишки базарды өнимлер менен үзликсиз тәмийинлеў мақсет етип қойылған.
Мәжилисте бул бағдардағы илажлар додаланды.
Бәринен бурын, жаңадан қосылып атырған 300 мың гектардан аслам жерден нәтийжели пайдаланыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Оның 80 мың гектары қысқартылған пахта ҳәм ғәлле майданлары болып, 254 мың халыққа ашық таңлаў тийкарында берилген. Бул ҳәр бир районда қосымша 500 гектар егислик майданы, дегени.
Мәмлекетимиз басшысы дийқанларды ең қыйнайтуғын мәселе сапалы туқым табыў ҳәм жетистирген өнимин сатыў екенин атап өтип, Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм ўәлаят ҳәкимлерине зүрәәтли туқым ҳәм нәл түрлерин орынларға жеткериў, өнимди кепилликли сатып алыў бойынша көрсетпелер берди. Оның ушын Аўыл хожалығы қорынан Бағшылық ҳәм ыссыхана хожалығын раўажландырыў агентлигине қосымша 300 миллиард сум ажыратылатуғын болды.
Өним жетистириў ушын және бир дәрек суў сақлағышлар әтирапындағы 100 мың гектардан аслам жерлер. Бул майданларға ирригация тармақларын, исбилерменлерди тартып, сәйкес келетуғын егинлер егиў илажлары белгиленди.
Алдын пайдаланыўдан шыққан 135 мың гектар жерди қайта тиклеў де аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў ушын қосымша имканият екени атап өтилди.
Ҳәзирги күнде халықтың еркинде 380 мың қыйтақ жер бар. Оларда мийўе-овощлар жетистирилсе, ҳәм шаңараққа берекет, ҳәм улыўма базарымызға қосымша өним киреди. Оның ушын қаржы системасы да бар: быйыл 21-февральда қыйтақ жер хожалықларында жетистирилген өнимлерди кепилленген түрде сатып алыў бойынша Министрлер Кабинетиниң қарары қабыл етилген.
Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесине тәжирийбели дийқанлардың қатнасыўында халыққа базарда өтимли егинлер жетистириўди үйретиў ҳәм жәрдемлесиў бойынша тапсырмалар берилди.
Бул бағдардағы ең үлкен машқала суў тәмийнаты болыўы мүмкин. Соның ушын, Суў хожалығы министрлигине ҳәр бир мәҳәлле кесиминде канал ҳәм салмаларды тазалаў, суў тәмийнаты аўыр жерлерде қудық қазыў ҳәм насос орнатып, халықтың қыйтақ жерлерине суў жеткерип бериў ўазыйпасы қойылды. Бул жумыслар ушын республикалық бюджеттен 50 миллиард сум, жергиликли бюджетлерден және 50 миллиард сумнан қаратылатуғыны айтылды.
Сондай-ақ, суў жетиспеўшилигиниң ақыбетлерин жумсартыў бойынша айрықша бағдарлама қабыл етилиўи белгиленди. Оған бола, 1-октябрьге шекем 4 мың 500 километр суўғарыў тармақлары тазаланады, 231 километри бетонланады, 3 мың гидротехника имараты оңланып, 3 мыңнан аслам насос орнатылады, 281 қудық қазылады.
Аграр тармақты қаржылай қоллап-қуўатлаў мәселесине де тоқтап өтилди.
2022-жыл ушын коммерциялық банклерге 2 триллион сум жеңиллетилген кредит ресурслары берилген. Бирақ ҳәзирги күнге шекем коммерциялық банклерге киргизилген 790 миллиард сумлық талап хатынан тек ғана 53 проценти, айырым аймақларда болса 25-30 проценти қаржыландырылған. Коммерциялық банклердиң бул бағдардағы жумысы сынға алынып, қосымша көрсетпелер берилди.
Собықлы дән ҳәм өсимлик майының шийки затын көбейтиў илажларына айрықша итибар қаратылды. Шеттен алып келинетуғын айғабағар, соя ҳәм басқа да майлы егинлер бойынша бажыхана жеңилликлерин бериў және қосымша қун салығынан азат етиў усынысы билдирилди.
Мәжилис күн тәртибиндеги екинши мәселе – исбилерменликти және де қоллап-қуўатлаўға байланыслы болды.
Кейинги ўақытлары айырым аймақларда исбилерменлердиң жеделлиги төменлегени, олар кредит, салық ҳәм инфраструктура менен байланыслы қыйыншылықларға ушырасып атырғаны көрсетип өтилди.
Соның ушын мәмлекетимиз басшысы исбилерменлерге хошамет ҳәм жәрдем болатуғын көплеген басламаларды алға қойды.
Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қорына қосымша қаржы ажыратыў және қаржылай жәрдемлердиң нәтийжелилигин арттырыў бойынша көрсетпе берилди.
Хызметлер тараўы ушын коммерциялық банклер арқалы исбилерменлерге 5 миллиард сумға шекем кредитлер ажыратылатуғыны белгиленди. Онда, кредит ставкасы, Исбилерменлик қорының компенсациясын есапқа алған ҳалда, 18 проценттен аспайды.
Соның менен бирге, ўәлаятларда киши ҳәм орта бизнес жойбарларын қаржыландырыў ушын 300 миллион доллар ресурс бериледи. Бул қаржы исбилерменлер ушын ең жақсы шәртлер усыныс еткен банклерге 7 жыл мүддетке 10 процентлик ставкада миллий валютада жайластырылады. Онда, исбилерменге берилетуғын кредит ставкасы 14 проценттен аспайды.
Экспортшы кәрханалардың машқалалары талланып, қосымша имканиятлар белгиленди. Енди оларға қосымша қун салығын қайтарыў бойынша әпиўайыластырылған механизм енгизилип, 80 процент қаржылар қосымша тексериўлерсиз 7 күн ишинде қайтарып бериледи.
Экспорт мәселелерин турақлы үйренип, оларды жеделлик пенен шешиў бойынша жаңа система жаратылады. Үзликсиз ҳәм турақлы ислеўши штаб дүзиледи. «1094» санлы «колл-орай» шөлкмлестириледи. Олар тийкарында жуўапкерлер экспортшылар менен ушырасып, машқалаларын орнында шешип барады.
Исбилерменлик ушын жер участкаларын аукционға шығарыў да әҳмийетли мәселе. Соның ушын, бул бойынша Министрлер Кабинети жанында ишки топар дүзилди. Ол бос жерлерди «мәҳәлле кесиминде» анықлаў, профессионал шөлкемлерди тартып, жойбарларды қәлиплестириў, жер участкаларын исбилермелерге тартымлы етип сатыў жумысларын муўапықластырады.
Президентимиз 2022-жыл 1-июньнен исбилерменлер ушын салық ҳәкимшилиги ҳәм тексериўлер системасын әпиўайыластырыў ўазыйпасын қойды.
Бәринен бурын, мүлк салығын есаплаў системасының базар принциплерине өткерилгенин есапқа алып, нәтийжесиз ислеп атырған объектлер бойынша тәсиршең салық механизмин (қосымша жоқары салық ставкалары) қолланыў тәртиби бийкар етиледи.
Сондай-ақ, айланысы 1 миллиард сумнан артқан исбилерменлерге қосымша қун салығын төлеўшиси гүўалығы дәслепки үйрениўсиз, автоматикалық түрде бериледи.
Усы жылы исбилерменлер жумысын тексериўлер санының асқаны атап өтилди. Тийкарсыз араласыўлардың алдын алыў ушын енди 22 түрдеги тексериў тек ғана Бизнес-омбудсман руқсаты менен әмелге асырылатуғыны белгиленди.
Руқсатнама бериў талапларын да және де әпиўайыластырыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Улыўма аўқатланыў мәкемелери ушын санитария талапларын қайта көрип шығып, ескирген талапларды бийкарлаў, жеткерип бериў хызметлери менен шуғылланыўшылар ушын жеңилликлер енгизиў ўазыйпасы қойылды.
Мәжилис соңында мәмлекетимиз басшысы жәмийетшиликтиң итибарын қаржылардан ақылға уғрас пайдаланыў мәселесине қаратты.
– Бүгин исбилерменлик ушын жүдә үлкен кредит қаржылары – қосымша 500 миллион доллар ажыратылмақта. Не ушын? Себеби, қаншелли қыйын болмасын, ҳәзирги қурамалы жағдайда халқымыздың абадынлығын, мәмлекетимиздиң турақлы раўажланыўын ойлаўымыз шәрт. Ажыратылатуғын ҳәр бир доллар, ҳәр бир сум – бюджеттен бе, банктен бе – бул барлығы халықтың ақшасы,-деди Шавкат Мирзиёев.
Қаржыларды өзин ақлайтуғын, адамлардың дәраматын арттыратуғын ҳәм жумыс орынларын жарататуғын жойбарларға қаратыў бойынша қатаң көрсетпелер берилди.
Видеоселектор мәжилисинде додаланған еки тараў бойынша ҳәкимлер «жол карталары» тийкарында анық режелерин билдирди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги