Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Халық билимлендириўи тараўындағы реформалардың нәтийжелилиги талланды

2022-04-06 | Сиясат

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 5-апрель күни халық билимлендириўи тараўында әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжелилигин таллаў бойынша видеоселектор мәжилиси болып өтти.

Инсан капиталын раўажландырыў – Өзбекстанның Раўажланыў стратегиясындағы жети бағдардан бири болып табылады. Усы жылдың 28-январь күни болған мәжилисте бул бағдардағы мәселелер додаланып, көплеген ўазыйпалар белгиленген еди.

Өткен еки айда жуўапкерлер барлық аймақларға шығып, орынлардағы машқалаларды үйренген. Мәмлекетимиздеги 852 мектепте билимлендириўдиң сапасы, муғаллимлердиң потенциалы ҳәм оқыўшылардың жоқары оқыў орынларына кириў дәрежеси бираз төмен екени анықланған.  

Президент мептеплери, қәнигелескен ҳәм жеке меншик мектеплерде алдыңғы методикалар жолға қойылған. Бирақ қалған мектеплердиң ең үлкен машқаласы бул – оқытыў методикасының гөнергени. Заманагөй билимлендириў усылларын оларға да енгизиў бойынша басламалар жоқ.

Мектеплерди компюьтер менен тәмийинлеў бойынша қаржылар ажыратылған болса да, Қарақалпақстан Республикасы, Әндижан, Жиззақ, Қашқадәрья, Наманган ҳәм Ташкент ўәлаятларында жумыслар жанланбай атыр. Алыс ҳәм шетки аймақлардағы мектеплерде билимлендириўдиң сапасы қанаатландырарсыз жағдайда.

Мәлим болғанындай, жыл басында Мектеп билимлендириўин реформалаў кеңеслери дүзилген еди. Ўәлаят, район ҳәм қала ҳәкимлери орынлардағы усындай кеңеслердиң басшылары есапланады. Сонлықтан мәжилисте билимлендириўдиң раўажланыўы төмен болған аймақлардың ҳәкимлерине ескертиў берилди.

– Егер басшылар, муғаллимлер жаңа Өзбекстанға мүнәсип ҳәрекет етсе, перзентлеримизди заман талабына сай оқытыўымыз мүмкин. Халықымыз бизге ең үлкен байлығын –  зүрриятын исенип бермекте. Бул оғада үлкен жуўапкершилик. Соны сезип, өзимизди қыйнап, мектепти реформаласақ, келешекке тийкар жаратамыз, – деди Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимиз басшысы мектеп муғаллимлерин жаңа методика тийкарында қайта таярлаў бойынша улыўма миллий жойбар басланатуғынын жәриялады.

Бул жаңа система шеңберинде келеси 3-4-жылда мектеплердеги барлық класс муғаллимлери жаңа методика тийкарында оқытылады. Бул ушын ҳәр бир аймақтағы Қәнигелигин арттырыў орайлары шөлкемлестириледи. Оларға анық ҳәм тәбийғый пәнлер бойынша сырт елден ең маман қәнигелер тартылады.

Ҳәр бир ўәлаят кесиминде «тренерлер топары» қәлиплестирилип, олар орынларда мектеп муғаллимлердиң қәнигелигин арттырып барады. Олардың айлық мийнет ҳақысына 100 процентке шекем үстемелер төленеди.

Ҳәкимликлер Халық билимлендириў министрлиги менен бирге ҳәр бир район ҳәм қалада кеминде 20 процент мектепте жылдың ақырына шекем  алдыңғы методикаларды енгизиўди баслайды. Бул жаңа системаны енгизиў ушын 100 миллион доллар қосымша қаржы қаратылады.

Сондай-ақ, Абдулла Авлоний атындағы институт Республикалық миллий билимлендириў орайы сыпатында қайта шөлкемлестириледи ҳәм Ташкент мәмлекетлик педагогикалық университети менен бирден-бир системаға бирлестириледи.

Улыўма, жаңа методикаларға оқытыў системасы Миллий билимлендириў орайы ҳәм Ташкент мәмлекетлик педагогика университетинен басланады. Университет Халық билимлендириў министрлигиниң қурамына өткериледи, мектеп муғаллимлерин таярлаў ҳәм қайта таярлаў бойынша республикадағы таяныш мәкемеге айландырылады.

Аймақларда жумыс алып барып атырған педагогикалық институтлар басқышпа-басқыш университетлердиң қурамынан өз алдына ажыратылып, бийғәрез билимлендириў дәргайына айландырылады.

Мәжилисте жаслар тәрбиясына айрықша итибар қаратылды. Мектеплерде руўхый орталықты түп-тийкарынан жақсылаў бойынша жаңа концепция ислеп шығыў ўазыйпасы қойылады.

Мектеплердеги руўхыйлық үгит-нәсиятшыларға талапларды қайта көрип шығып, бул ўазыйпаға мәҳәлле ҳәм жәмәәтте абырайы жоқары инсанларды тайынлаў, үлгили оқыўшылар менен ата-аналарды хошаметлеп барыў зәрүрлиги атап өтилди.

Бүгинги күнде елимизде 120 мектеп 3-4 коэффицентте ислемекте. Яғный, оқыўшы санының сыйымлылығына салыстырғанда жүдә көп. Президентимиз бул мектеплерде шараятты жақсылаў бойынша көрсетпелер берди.

Келеси оқыў жылы басланғанға шекем 960 мектеп компьютер класы менен тәмиийнлениўи, 740ы жаңадан үскенелениўи атап өтилди.

Улыўма, 5 мыңнан аслам компьютер классларын жаңалаў бойынша өз алдына бағдарлама қабыл етилиўи белгиленди. Буған республикалық бюджеттен 200 миллиард сум, жергиликли бюджетлерден де 200 миллиард сум қаратылады.

Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлигине мектеплер ушын айрықша жеңилликли тарифлер ашыў, оқыўшының санына қарай мектеплерде интернет тезлигин секундына 100 Мегабитке шекем күшейтиў ўазыйпасы қойылды.

Мектептеги билимлендириў де, орталық та көп жағынан директорларға байланыслы. Сонлықтан мектеп директорларын сертификатлаў системасын енгизиў зәрүрлиги айтылды. Буннан кейин директорлыққа талабанлар усы система арқалы таңланады.

Мәмлекетимиз басшысы тәбийғый ҳәм анық пәнлерди оқытыўды раўажландырыў керек екенин айтқан еди. Оған муўапық, 193 билимлендириў  мәкемеси тийкарында тәбийғый ҳәм анық пәнлерге қәнигелескен мектеплерди оңлап, барлық шараятларды жаратыў бойынша тапсырмалар берилди.

Мәжилисте министрлер ҳәм ҳәкимлер, мектеп директорлары шығып сөйлеп, пикир-усынысларын билдирди.   

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться