Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Ташкент халықаралық инвестиция форумы перспективалы жойбарлардың презентация платформасы болып хызмет етеди

2022-03-24 | Экономика

Пайтахытымыздағы Халықаралық конгресс орайында Ташкент халықаралық инвестициялық форумы басланды.

Оның жалпы сессиясында Президент Шавкат Мирзиёев шығып сөйлемекте.

Форумға халықаралық шөлкемлер ҳәм финанслық структуралар, 56 мәмлекеттен 1 мың 500 ге шамалас ири инвесторлар ҳәм жоқары мәретебели мийманлар келген. Атап айтқанда, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки, Азия раўажланыў банкиниң президентлери, министрлер, ири корпорация ҳәм компаниялардың басшылары қатнаспақта.

Форум шеңберинде жалпы мәжилис ҳәм сектор мәжилислери, дөгерек сәўбетлери, презентациялар, брифинглер сыяқлы бир қатар илажлар нәзерде тутылған.

Бул әнжуман мәмлекетимиз экономикасы ушын зәрүр болған перспективалы жойбарлардың презентация платформасы болып хызмет етеди. Елимиздеги имканиятлар, сырт ел инвесторлары ушын жаратылған шараятлар ҳәм тартымлы бағдарлар таныстырылады.

Ҳүкиметтиң мәмлекетти стратегиялық раўажландырыў, жеке меншик секторды хошаметлеў, халықаралық байланысларды беккемлеў ҳәм басқа да бағдарлардағы тийкарғы ўазыйпалары белгиленеди.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться