Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан Президенти Россия делегациясы менен аймақлараралық бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелерин додалады
2022-03-24 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 23-март күни Татарстан Президенти Рустам Минниханов басшылығындағы Россия Федерациясының делегациясын қабыл етти.
Өзбекстан аймақларының Татарстан менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўин кеңейтиўдиң әмелий тәреплери көрип шығылды.
Бурын ерисилген келисимлерге муўапық еки мәмлекеттиң жетекши кәрханалары арасында шериклик байланыслары ҳәм кооперацияның раўажаланып атырғанлығының дәслепки әҳмийетли нәтийжелери қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Өз-ара саўда көлеми артып, номенклатурасы сапалы кеңеймекте, бир қатар инвестициялық жойбарлар әмелге асырылмақта. Бүгин Ташкент ўәлаятында жаңа «Шыршық» технологиялық паркиниң биргеликтеги жойбарына старт берилди.
Гуманитар бағдарда, соның ищинде, билимлендириў ҳәм мәденият тараўларында әҳмийетли бағдарлар әмелге асырылмақта.
Санаат кооперациясы, мәлимлеме технологиялары, транспорт ҳәм логистика, фармацевтика ҳәм туризм тараўларында жойбарларды және де алға қойыўға айрықша итибар қаратылды.
Ҳәр қыйлы дәрежедеги жедел сөйлесиўлерди ҳәм «жол картасы» тийкарында биргеликтеги жумысларды даўам еттириўге келисип алынды.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги