Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Экономика раўажланыўының ҳәзирги жағдайы талланып, қосымша илажлар белгиленди
2022-03-24 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 23-март күни экономика турақлылығын тәмийинлеў илажларын додалаў бойынша мәжилис өткерди.
-Коронавирус пандемиясы ўақтында барлық тараўларды аўыр шараяттан алып шығыў бойынша қарарлар қабыл еткенимиз өзиниң нәтийжесин берди. Ҳәзирги жағдайда да қәўип-қәтерлерди алдыннан көре билиўимиз зәрүр. Дүньяда болып атырған ўақыялар нәтийжелерге унамсыз тәсир етпеўи ушын анық илажларды белгилеп алыўымыз зәрүр. Әсиресе, исбилерменлерге жеңиллик жаратып, ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўымыз керек,-деди мәмлекетимиз басшысы.
Соннан келип шығып, мәжилисте экономика раўажланыўының ҳәзирги жағдайы талланды ҳәм қосымша илажлар белгиленди.
Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлигине исбилерменлер менен күнделикли сөйлесиў орнатып, олардың жойбарлары, өндирис жумысы, экспорт-импорт әмелиятларына жәрдемлесиў бойынша тапсырмалар берилди.
Тармақлар менен аймақларда күнлик мониторинг орнатып, пайда болыўы мүмкин болған қәўип-қәтерлердиң алдын алыў бойынша оператив илажлар көриў ўазыйпасы қойылды. Исбилерменлик субъектлерине айланыс қаржыларын толтырыўы ушын револьвер кредит бериў системасын және де әпиўайыластырыў зәрүр екенлиги айтылды.
Президентимиз экспорт мәселесине де тоқтап, экспортшы кәрханалардың транспорт-логистика мәселелерин шешип барыў, олардың транспорт қәрежетлериниң бир бөлегин қаплаў әмелиятын кеңейтиў бойынша көрсетпе берди.
Ҳәммемизге белгили, ҳәзирги күнде дүньяда азық-аўқат өнимлерин жеткерип бериўде машқалалар бақланбақта және олардың баҳасы сезилерли дәрежеде артпақта. Соның ушын, Министрлер Кабинетине ишки базарда баҳалардың турақлылығын тәмийинлеў, бийдай, өсимлик майы, қумшекер ҳәм басқа да азық-аўқат өнимлерин импорт ететуғын исбилерменлерге жәрдемлесиў арқалы халықтың талабын қанаатландырыў бойынша қосымша тапсырмалар берилди. Сондай-ақ, инфляция дәрежесин азайтыў ҳәм оның мақсетли көрсеткишлерге тезирек қайтыўын тәмийинлеў Ҳүкиметтиң тийкарғы ўазыйпасы екени және бир мәрте атап өтилди.
Орайлық банкке сыртқы валюта базарындағы белгисиз жағдайды инабатқа алған ҳалда, ишки валюта базарының турақлылығын ҳәм алмасыў бейимлесиўшеңлигин тәмийинлеўде абайлы түрде қатнасты қолланып барыў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди. Онда ишки валюта базарындағы жағдайды күнлик бақлап, исбилерменлерди, улыўма, халқымызды ҳәзирги жағдай, күтилип атырған өзгерислер ҳәм көрилип атырған илажлар ҳаққында хабардар етиў керек екенлиги атап өтилди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги