Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Нураныйларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың турмыс дәрежесин арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында

2022-03-16 | Ҳүжжетлер

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Өткен дәўирде кекселерди мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўды күшейтиў, оларға социаллық хызметлер көрсетиў системасын жақсылаў бойынша комплексли илажлар әмелге асырылды.

Соның ишинде, тараўға байланыслы 10 нан аслам нызам ҳүжжетлери қабыл етилди, нураныйлардың жәмийетлик белсендиликлерин қоллап-қуўатлаў мақсетинде «Фахрий мураббий» ордени ҳәм «Меҳнат фахрийси» көкирек белгиси шөлкемлестирилди.

Кекселер ушын 152 район ҳәм қалада «Нураныйлар мәканы» комплекслери шөлкемлестирилди, барлық жумыс ислейтуғын пенсионерлерге пенсияларды толық муғдарда төлеў жолға қойылды, ўәлаятлар, районлар ҳәм қалаларда нураныйлар жәмийетшилик кеңеслери, мәҳәллелерде «Кекселер мәсләҳәти» топарлары шөлкемлестирилди, «Кекселер ҳәптелиги» ҳәм «Кекселер ушын туризм айлығы»н өткериў дәстүрге айланды.

Соның менен бирге, мәмлекетимизде кекселерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың турмыс дәрежеси ҳәм социаллық белсендиликлерин және де арттырыў мақсетинде:

  1. Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министрлиги оған жүкленген тийкарғы ўазыйпа ҳәм жумыс бағдарларынан келип шығып, мәҳәллелерде нураный ҳәм кекселер менен жумысларды жетилистириў бағдарында төмендеги илажларды әмелге асыратуғыны белгиленсин:

мәҳәллелерде «Бир нураный он жасқа жуўапкер» принципин енгизиўде интакерлик көрсетип атырған жәмийетлик белсенди нураныйларды материаллық ҳәм руўхый қоллап-қуўатлаў;

министрликлер ҳәм уйымлар, хожалық бирлеспелери, шөлкемлестириў-ҳуқықый түрине қарамастан, кәрхана ҳәм шөлкемлердеги «Ветеранлар кеңеслери», пуқаралар жыйынларындағы «Кекселер мәсләҳәти» топарларының жумысын муўапықластырыў;

мийнет ветеранларының мәҳәллелерде тынышлық ҳәм татыўлықты тәмийинлеў, жәмийетлик-руўхый орталықты саламатландырыўдағы қатнасын кеңейтиў;

«Ҳеш ким меҳир ҳәм итибардан шетте қалмасын» сүрени астында социаллық қорғаўға мүтәж болған кекселер ҳәм нураныйлар ҳалынан турақлы хабар алыў системасын шөлкемлестириў және социаллық қорғаў бағдарламалары шеңберинде мәмлекетлик хызметлердиң көрсетилиўин тәмийинлеў;

кекселер ҳәм ветеранлардың жәмийетлик белсендилигин арттырыў мақсетинде «Нураныйлар мәканы» комплекслеринде ҳәм мәҳәллелерде ҳәр қыйлы мәдений-ағартыўшылық илажлар өткериў;

пуқаралар жыйынлары баслықларының кекселер ҳәм ветеранлар ислери бойынша мәсләҳәтшилери ҳәм мәҳәллелердеги басқа да жәмийетшилик структураларының нәтийжели жумыс ислеўин тәмийинлеў.

  1. Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министрлиги (С.Т.Турдиев):

а) еки ай мүдетте Жаслар ислери агентлиги (А.З.Саъдуллаев) Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы (М.М.Ходжиматов) менен биргеликте «Бир нураный он жасқа жуўапкер» принципи тийкарында мәҳәллелерде турмыслық ҳәм үлкен әмелий тәжирийбеге ийе болған абырайлы нураныйлар ҳәм зиялыларды жумыссыз, тәрбиясы аўыр ҳәм машқалалы жасларға бириктириў арқалы оларды жәмийет ушын пайдалы инсанлар болып жетилисиўине жәрдемлесиў бағдарламаларын ислеп шықсын.

Мәҳәллелердеги жаслардың тәрбиясы ҳәм әдебинде болған унамлы өзгерислерден келип шығып нураный ҳәм зиялылар Өзбекстан ветеранларының жәмийетлик жумысын қоллап-қуўатлаў «Нураный» қоры (кейинги орынларда – Қор)ның қаржылары есабынан хошаметленип барылатуғыны белгиленсин;

б) пуқаралар жыйынлары тәрепинен нураныйлар басламасы ҳәм тәжирийбесинен кеңнен пайдаланып, «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумысларын әмелге асырыў бойынша мәҳәллелердиң бағдарламалары қабыл етилиўин тәмийинлесин;

в) пуқаралар жыйынларында «Кекселер мәсләҳәти» топарларының жәмийетшилик қадағалаўы бағдарындағы жумысын нәтийжели шөлкемлестирсин.

Онда, мәҳәллелерде халыққа көрсетилетуғын медициналық хызметлер, мектеплерде оқыўшылардың сабақларды өзлестириўи, қатнасы, бәнтликке жәрдемлесиў орайлары тәрепинен пуқараларды жумыс пенен тәмийинлеў дәрежеси ҳәм басқа да мәмлекетлик хызметлердиң көрсетилиўи бойынша нураныйлардың жәмийетшилик қадағалаўы орнатылады.

  1. Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министрлиги ҳәм Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигиниң хызметкердиң пенсия жасына толғанлығы мүнәсибети менен оның менен дүзилген мийнет шәртнамасын жумыс бериўшиниң басламасы менен бийкарлаў тәртибин қадаған етиў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.

Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги (Н.Б.Хусанов) мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте хызметкердиң пенсия жасына толғанлығы мүнәсибети менен жумыс бериўшиниң басламасы менен мийнет шәртнамасын бийкарлаўды қадаған етиў бойынша Өзбекстан Республикасы нызамы жойбарын ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. 2022-жыл 1-апрельден баслап:

а) Қордың қаржылары есабынан басқалардың күтимине мүтәж болған жалғыз кекселер ҳәм жалғыз жасайтуғын кекселер ҳәр жылы бир мәрте санаторийларда бийпул саламатландырылатуғыны;

б) Қордың қаржылары есабынан шараяты аўыр ҳәм кем тәмийинленген кекселерге шыпакерлердиң рецептлерине тийкарланып 3 айлық талаптан келип шығып дәри қураллары, медициналық ҳәм арнаўлы протез-ортопедия үскенелери алып берилетуғыны және хирургиялық операциялардың қәрежетлери қапланатуғыны;

в) Қордың қаржылары есабынан аўыр диагнозлы кеселликлери ҳәм майыплығы болған кекселерге шыпакерлердиң рецептлерине муўапық, 3 айлық мүтәжликтен келип шығып дәри қуралларының  50 процентине шекемги суммасы компенсацияланатуғыны.

Онда, дәри қуралларының дизими Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен келисилетуғыны және Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министрлигиниң қарары қабыл етилген күндеги дәри қуралларының тийисли суммасы компенсацияланатуғыны;

г) Қордың қаржылары есабынан кекселердиң денетәрбия ҳәм спорт бағдарындағы мәкемелерде (стадион, спорт заллары, бассейн ҳәм басқа да спорт комплекслери) денетәрбия ҳәм спорт пенен шуғылланыўы ушын абонемент қәрежетлериниң қапланатуғыны;

Онда, абонемент қәрежетлериниң бир айлық суммасы базалық есаплаў муғдарының 2 есесинен аспаған ҳалда спорт бағдарындағы мәкемелердиң есап бетине өткерип барылатуғыны;

д) Қордың қаржылары есабынан мәмлекетлик театрлар ҳәм музейлерге кекселер ушын билет баҳаларының толық қаплап берилетуғыны белгиленсин.

Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министрлиги (С.Т.Турдиев) Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов), Денсаўлықты сақлаў министрлиги (Б.А.Мусаев) менен биргеликте бир ай мүддетте усы бәнтте көрсетилген илажларды Қордың қаржылары есабынан қаржыландырыў ҳәм қаржы ажыратыўды тәртипке салыўшы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарын ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте қабыл етилиўин тәмийинлесин.

  1. Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министрлиги (С.Т.Турдиев) Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги (У.А.Азамов) менен биргеликте:

Кекселердиң республикамыздағы дыққатқа ылайық орынларына туристлик сапарларын шөлкемлестириў мақсетинде Қорға ажыратылған қаржылар есабынан еки заманагөй автобус сатып алсын;

Туристлик сапарларды шөлкемлестириў бойынша тарийхый қалалар ҳәм дыққатқа ылайық орынлардың дизимин қәлиплестирсин және районлар (қалалар) кесиминде автобуслар қатнаўларының графигин тастыйықласын;

2022-жыл ушын графикте белгиленген сапарларды шөлкемлестириў орны, ўақыты ҳаққында ғалаба хабар қураллары ҳәм мәлимлеме тарқатыўдың басқа да дәреклери, соның ишинде, «Нураный» электрон платформасы арқалы аймақлар халқын кеминде үш ай алдыннан хабардар етиў системасын жолға қойсын.

  1. 2022-жылы Қор қаржыларының әмелде өзлестирилиўине қарап Мәмлекетлик бюджеттен 50 миллиард сум ажыратылсын.

Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов) Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министрлигиниң тийкарланған есап-санақларына муўапық келеси жыллары Қордың тийкарғы ўазыйпаларын әмелге асырыў ушын зәрүр қаржылардың Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде нәзерде тутылыўын тәмийинлесин.

  1. Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министрлиги (С.Т.Турдиев), Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги (Ш.Х.Шерматов) менен биргеликте:

а) 2022-жыл 1-октябрьге шекем Қордың «Нураный» электрон платформасы ҳәм бирден-бир электрон базасының жумысын жолға қойсын және Қордың жумысы ҳаққындағы толық мағлыўматлардың платформада жайластырып барылыўын ҳәм ғалаба хабар қуралларында кеңнен сәўлелениўин тәмийинлесин.

Қор қаржыларының сарыпланыўы, соның ишинде, қаржы алыўшылар ҳәм хызметлерден пайдаланған ҳаққындағы мағлыўматлар, сондай-ақ, Мәмлекетлик бюджеттен ажыратылатуғын қаржылар ҳәм олардың орынланыўы ҳаққындағы мағлыўматлар белгиленген тәртипте есап бериў шерегиниң жуўмағы менен Қордың рәсмий веб-сайтына жайластырып барылатуғыны;

Қор өз қаржыларының жумсалыўына байланыслы мәселелерди додалаўға кең жәмийетшиликти тартқан ҳалда өз жумысының аудиторлық тексериўи нәтийжелери есабатын ғалаба хабар қуралларына усынып баратуғыны;

б) 2022-жыл 1-сентябрьге шекем бюджеттен тысқары Пенсия қоры менен биргеликте кекселерге байланыслы мағлыўматлар ҳәм жаңалықларды олардың мобиль телефон номерлерине SMS-хабарнама жибериў арқалы мәлим етип барыўды шөлкемлестиретуғыны;

в) 2022-жыл 1-декабрьге шекем Қордың бирден-бир электрон мағлыўматлар базасына кекселердиң жәмийетлик белсендилигин арттырыў, саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, медициналық-социаллық хызметлер бойынша оператив мүрәжат етиў сыяқлы мәселелер киргизилиўин тәмийинлейтуғыны;

г) 2023-жыл 1-январьға шекем «Нураный» электрон платформасын бюджеттен тысқары Пенсия қорының пенсия ҳәм напақа алыўшылардың электрон мағлыўматлар базасы, «Социаллық қорғаў реестри» және «Социаллық хызмет» электрон платформасы менен интеграциялаў илажларын көретуғыны белгиленсин.

  1. 2022-жыл 1-майдан баслап социаллық жәрдем көрсетиў хызметиниң хызметкерлери жалғыз кекселер ҳәм жалғыз жасайтуғын кекселер, сондай-ақ, майыплығы болған шахслар тәрепинен Медициналық-социаллық хызметлерди раўажландырыў агенлигиниң «Саll-орайы»на етилген мүрәжатлар тийкарында төмендеги хызметлерди көрсетеди:

а) мәлимлеме-сервис хызмети:

шаңарақлық шыпакерлик пунктлери ҳәм шаңарақлық поликлиникалар шыпакерлериниң тексериўине жаздырыў, оларды үйге тексериўден өтиўге шақырыў;

Қор хызметлеринен пайдаланыў ушын буйыртпа бериў, дизимнен өтиў ҳәм буйыртпаның жағдайына анықлық киргизиў;

Қор тәрепинен шөлкемлестирилетуғын профилактикалық, медициналық емлениўлер ҳәм туристлик сапарлар бойынша мағлыўматлар алыў;

денетәрбия ҳәм спорт пенен шуғылланыў ушын денетәрбия ҳәм спорт бағдарындағы мәкемелер (стадион, спорт заллары, бассейн ҳәм басқа да спорт комплекслери) ҳаққында мағлыўматлар алыў;

мәдений дем алыў мақсетинде кинотеатрлар, театрлар, музейлер ҳәм басқа да мәдений илажлар ҳаққында толық мағлыўматлар алыў;

б) үйде хызметлерди көрсетиў:

Қор тәрепинен көрсетилетуғын хызметлер шеңберинде дәри қураллары, протез-ортопедия үскенелери ҳәм кресло-арбашаларды үйге жеткерип бериў;

шыпакерлердиң рецептлерине тийкарланып жалғыз кекселер ҳәм жалғыз жасайтуғын кекселер және майыплығы болған пуқараларға олардың қаржылары есабынан дәри қуралларын алып келиў және шаңарақлық шыпакерлик пунктлери ҳәм шаңарақлық поликлиникалардың шыпакери тексериўинен соң медициналық жәрдем мағлыўматларын жеткериў.

китапханаларға ағза болған жалғыз кекселер ҳәм жалғыз жасайтуғын кекселер және майыплығы болған пуқаралар ушын китаплар, журналлар, газеталар ҳәм басқа да басылымларды жеткериў.

  1. Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министрлиги (С.Т.Турдиев) Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы (А.А.Хаджаев), Мәденият министрлиги (О.А.Назарбеков) менен биргеликте Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясының телеканаллары арқалы Қордың қаржылай жәрдеми тийкарында кекселер ушын төмендеги мазмундағы кеўилашар-ағартыўшылық көрсетиўлер ҳәм видеороликлердиң эфирге жиберилиўин шөлкемлестирсин:

а) «Аталар сөзи-ақылдың көзи» телекөрсетиўиниң ҳәр айда еки  жаңа саны.

Онда, көрсетиў мазмуны жағынан байытылған ҳалда шаңарақларды беккемлеў, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларды қәстерлеп сақлаў, Ўатанға муҳаббат руўхында сүўретке алынады;

б) «Нураныйлар мәсләҳәти», «Мәҳәлледе гүрриң» ҳәм «Жаслар нураныйлар нәзеринде» рубрикасы астында абырайлы кексе әўлад ўәкиллериниң бай турмыслық тәжирийбесине бағышланған ағартыўшылық телекөрсетиўлердиң ҳәр күнлик саны;

в) заманагөй төлем қуралларынан ҳәм банк хызметлеринен пайдаланыў және финанслық саўатлылықты арттырыў, үй шараятында дийқаншылық, шарўашылық, қусшылық, нәлшилик, гүлшилик сыяқлы жумыс түрлерин жолға қойыў және өнерментшилик, жумысты үйге алып ислеў ҳәм қыйтақ жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша қысқа метражлы видеороликлер.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық барлық мәмлекетлик басқарыў уйымларында ҳәр жылы еки мәрте усы шөлкемлерде узақ жыллық тәжирийбеге ийе болған, соның ишинде, басшылық лаўазымларында жумыс ислеген кексе әўлад ўәкиллери менен министрликлер ҳәм уйымлардың басшыларының қатнасыўында «Кексе әўлад ушырасыўлары» темасында мәсләҳәт сөйлесиўлери шөлкемлестирилип барылады.

Мәсләҳәт сөйлесиўлери министрликлер ҳәм уйымлардың жуўапкер хызметкерлериниң қатнасыўында шөлкемниң кейинги жыллардағы жумысының нәтийжелери, келешектеги режелери және узақ мүддетли стратегиялық көрсеткишлери бойынша пикир таласлы тәризде шөлкемлестирилетуғыны белгиленсин.

  1. Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги (А.Ҳ.Тошқулов) Халық билимленидириў министрлиги (Б.О.Саидов), Жаслар ислери агентлиги (А.З.Саъдуллаев), Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте 2022-жыл 1-апрельден баслап турақлы түрде:

а) жоқары билимлендириў, орта арнаўлы, профессионал билимлендириў мәкемелери ҳәм мектеплерде жасларды миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларды ҳүрметлеў руўхында тәрбиялаў мақсетинде турмыслық тәжирйибеге ийе болған нураныйлар менен ашық дөгерек сәўбетлерин, соның ишинде, видеоконференция тәризинде шөлкемлестириў;

б) басқалардың күтимине мүтәж болған жалғыз кекселер ҳәм жалғыз жасаўшы кекселерди мәнаўий-руўхый ҳәм психологиялық қоллап-қуўатлаў мақсетинде орынлардағы мәмлекетлик уйымлар ҳәм мәкемелердиң маман психологлары, белсенди жаслардан ибарат болған волонтёрлық топарларын шөлкемлестириў.

Онда, волонтёрлық топарлары тәрепинен ҳәр еки айда кеминде бир мәрте басқалардың күтимине мүтәж болған жалғыз кекселердиң ҳалынан хабар алыў мәселелерин муўапықластырыўға жаслар жетекшилери жеке жуўапкер болып есапланады.

  1. Төмендегилер:

Өзбекстан ветеранларының социаллық жумысын қоллап-қуўатлаў «Нураный» қорының орайлық аппараты структурасы 1-қосымшаға муўапық;

Өзбекстан ветеранларының социаллық жумысын қоллап-қуўатлаў «Нураный» қорының Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар Ташкент қаласындағы бөлимлериниң структурасы 2-қосымшаға муўапық;

Кекселерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың турмыс дәрежеси ҳәм жәмийетлик белсендиликлерин және де арттырыў бойынша илажлар режеси 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Қордың орайлық аппараты ҳәм аймақлық бөлимлерин сақлаўға байланыслы қәрежетлер Қордың қәлиплестирилген өзиниң қаржылары есабынан қаплап барылатуғыны белгиленсин.

  1. Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министрлиги (С.Т.Турдиев) Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (И.И.Норқулов), Денсаўлықты сақлаў министрлиги (Б.А.Мусаев) ҳәм басқа да жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте 2022-жыл 1-сентябрьге шекем халықаралық тәжирийбеден келип шығып, елимизде жедел қартайыў индексин енгизиў бойынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.
  2. Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги нураныйларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың турмыс дәрежесин арттырыў бойынша усы қарардың мақсет ҳәм ўазыйпаларының баспа ҳәм электрон мәлимлеме қуралларында, соның ишинде, Интернет жәҳән мәлимлеме тармағы арқалы халық арасында турақлы, системалы ҳәм кең көлемде жарытып барылыўын тәмийинлесин.
  3. Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  4. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министриниң биринши орынбасары С.Т.Турдиев, денсаўлықты сақлаў министри Б.А.Мусаев және Медициналық-социаллық хызметлерди раўажландырыў агентлигиниң директоры А.К.Инаков белгиленсин.
  5. Қарардың орынланыўын додалап барыў, жуўапкер орынлаўшы шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.А.Худайбергеновқа жүкленсин.

Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша Өзбекстан Республикасы Президентине 2022-жыл 1-августқа шекем мәлимлеме берилсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                              Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2022-жыл 15-март

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться