Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Ташкент халықаралық инвестициялық форумы перспективалы жойбарлардың презентация майданы болады

2022-03-11 | Сиясат

Президент Шавкат Мирзиёев 10-март күни Ташкент халықаралық инвестициялық форумына таярлық мәселелери бойынша мәжилис өткерди.

Бул форум 24-26-март күнлерине режелестирилген болып, онда халықаралық шөлкемлер ҳәм финанслық структуралар, 56 мәмлекеттен 1 мың 500 ден аслам ири инвесторлар ҳәм жоқары мәртебели мийманлардың қатнасыўы күтилмекте. Атап айтқанда, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки, Азия раўажланыў банкиниң президентлери, министрлер, ири корпорация ҳәм компаниялардың басшылары қатнасады.

Форум шеңберинде жалпы мәжилис ҳәм секция мәжилислери, дөгерек сәўбетлери, презентациялар, брифинглер сыяқлы 40 тан аслам илажлардың өткерилиўи нәзерде тутылған. Бул конференция мәмлекетимиз экономикасы ушын зәрүр болған перспективалы жойбарлардың презентация платформасы болып хызмет етеди. Елимиздеги имканиятлар, сырт ел инвесторлары ушын жаратылған шараятлар ҳәм тартымлы бағдарлар таныстырылады.

Мәжилисте форумға таярлық жумысларының барысы ҳаққында мәлимлеме берилди.

Мәмлекетимиз басшысы бундай инвестициялық форум Өзбекстанда биринши рет өткерилип атырғанына итибар қаратып, оны жоқары дәрежеде шөлкемлестириў бойынша көрсетпелер берди.

Мәмлекетимиздиң халықаралық бизнес жәмийетшилигине ашық-айдынлығын көрсетиў, ҳәр бир тармақ ҳәм аймақтың инвестициялық потенциалын көрсетиў зәрүр екени атап өтилди. Ири жойбарларға алдынғы технологиялар ҳәм инвестицияларды тартыў бойынша анық нәтийжелерге ерисиў ўазыйпасы қойылды. 

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться