Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Шавкат Мирзиёев Имам Бухарийдиң қәбирин зыяратлады

2022-02-10 | Мәденият

Президент Шавкат Мирзиёев, дәстүрге бола, Самарқандқа сапары ўақтында уллы бабамыз Имам Бухарийдиң қәбирин зыяратлады.

Мәмлекетимиз басшысы комплекс қурылысын көзден өткерди. Бул жерде дерлик 10 мың намаз окыйтуғын адамға мөлшерленген мешит, төрт минара, әйўанлар қурылмақта.

Мақбараның оң тәрепинде, жер астында галерея қурылмақта. Бул жерде зыяратшылар бабамыздың қәбирин көриў имканиятына ийе болады. Мақбарада ойылған нағыслар ҳәм каллиграфия өнеринде безеледи. Оның дийўалларына ески усылда Қураны кәрим сүрелери ҳәм ҳәдислер жазылады.

Бул жерде алдағы қурылыс жумыслары ҳаққында мағлыўмат берилди.

Комплекс жанында мийманханалар, автомобиль туратуғын ҳәм тоқтайтуғын орынлар, асханалар, саўда орынлары, жуўыныў бөлмелери қурылады.

Президент оларды сапалы қурыў, көп санлы зыяратшыларға заманагөй қолайлылықлар жаратыў бойынша көрсетпелер берди.

Мәмлекетимиз басшысы Ҳәзирети Ҳизр комплексиндеги Биринши Президентимиз Ислам Кәримовтың мақбарасын зыяратлады.

 

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться