Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Ҳәр бир мәҳәллениң экономикалық, социаллық, илимий орайы болады

2022-01-31 | Сиясат

Президент Шавкат Мирзиёев 30-январь күни жаслар, спорт, денсаўлықты сақлаў, электр энергиясы тараўларындағы жойбарлардың презентациясы менен танысты.

28-январь күни мектеп билимлендириўин раўажландырыў мәселелери бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде мәмлекетимиз басшысы жаслардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў, олар арасында спортты ғалаба ен жайдырыў бойынша бир қатар көрсетпелер берген еди. Презентациядағы жойбарлар соның логикалық даўамы болды.

Жуўапкерлер алдынғы тапсырмаларға муўапық, бул бойынша мәҳәлле ҳәм мектеплердеги шараятлар үйренилгенлиги ҳаққында мәлимлеме берди. Атап өтилгениндей, елимиздеги 9 мың 309 мәҳәлледен 763 инде спорт объекти, 6 мыңнан артығында китапхана жоқ. Сондай-ақ, 10 мың 130 мектептен 2 мыңнан артығында спорт залы, 22 синде китапхана жоқ.

Бул жерлерде спорт дәргайлары ҳәм китапханалар қурыў бойынша 3 түрли типтеги жойбар усынысы ислеп шығылған. Бириншисинде китап шкафлары ҳәм спорт қурылмаларын орнатыў, екиншисинде ашық спорт майданлары және үшиншисинде жабық объектлер қурыў нәзерде тутылған.

Мәмлекетимиз басшысы бул жойбарларды мақулламай, қайта көрип шығыў бойынша өз усынысларын берди.

– Көз алдыңызға келтириң: аўылларда әпиўайы адамларға не керек, жасларға не керек? Балалар кешқурын не ойнайды? Жасы үлкенлер қай жерге барып сәўбетлеседи? Соларды ойлап, халқымыздың тилегин инабатқа алып, жойбар ислеў керек. Мәселен, мәҳәлледе мектеп, стадион бар. Соның қасында жасалма қапланған мини-футбол майданы, баскетбол, стол тенниси, шахмат-шашка ушын орынлар шөлкемлестириў мүмкин. Оған керек ҳәмме нәрсе өзимизде ислеп шығарылып атыр.

Екиншиден, усы орынларда китапхана, компьютерхана, асхана, монша қурыўға болады. Келешекте шыпакерлик пунктлерин де жайластырыў мүмкин. Улыўма, бул арқалы ҳәм хызметлер раўажланады,  ҳәм адамлар разы болады. Ҳәр бир мәҳәллениң мине усындай экономикалық, социаллық, илимий орайы болыўы керек, ол жерде өмир қайнаўы керек,-деди Шавкат Мирзиёев.

Соннан келип шығып, жойбарды жетилистириў, мәҳәлле орайларын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында шөлкемлестириў ўазыйпасы қойылды. Оның ушын исбилерменлерге жеңиллик бериледи ҳәм соның есабынан жәмийетлик жуўапкершилик жүкленеди. Күнниң белгили бир саатлары мәҳәлле жаслары ушын бийпул ажыратылады. Ийеси болғаны ушын исбилермен де дәрамат табады, комплекс те қараўсыз қалмайды.

Презентацияда мектеплерге қамтып алыўды арттырыўға байланыслы жойбарлар көрип шығылды.

Ҳәммемизге белгили, келеси бес жылда елимизде 1 миллион 200 мың оқыўшы орнын шөлкемлестириў зәрүр. Соның ушын мәмлекетимиз басшысы жаңа мектеплер қурыў ҳәм барларының қуўатлылығын арттырыў бойынша тапсырма берген еди. Соған тийкарланып, 330, 660, 990, 1320 ҳәм 1650 орынлық мектеплер жойбары таярланған. Онда қосымша имарат, көп функциялы зал, санитариялық-гигиеналық ханалар қурыў, заманагөй лаборатория, интерактив тахта, қолайлы отырғышлар менен тәмийинлеў сыяқлы барлық тәреплерге итибар қаратылған.

Мәмлекетимиз басшысы қәнигелер менен ҳәр бир мектептиң тийкарын ҳәм дийўалының жағдайын үйренип шығыў зәрүр екенлигин атап өтти.

– Буны не ушын айтып атырман? Илажы барынша, ҳәзирги мектеплердиң өзин кеңейтиў керек. Себеби балалар да, муғаллимлер де сол жерге үйренген. Мәҳәллениң ортасында басқа бос жер жоқ. Шетки жерден орын көрсек, барып–келиўге транспорт керек, балалар қатнаўға қыйналады. Соның ушын мектеплердиң өзине қосымша қабат ямаса жанынан имарат қурыў мақсетке муўапық,-деди Президент.

Жағдайына қарап, ҳәр бир мектепке айрықша қатнаста болыў, халықтың демографиясын инабатқа алып, қай жерде неше қабатлы имарат қурыўды есап-санақ етиў бойынша тапсырма берилди.

Шавкат Мирзиёев өткен жылы онкология медицина орайының жойбары менен бир неше мәрте танысып, бир қатар тапсырмалар берген еди. Бүгин бул бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилди.

Орай имараты 10 қабатлы, 650 орынлық болады. 16 хирургиялық ханасы, 45 наўқасқа мөлшерленген реанимация ханасы, емлеў ҳәм диагностика бөлимлерин өз ишине алады. Сондай-ақ, күнине 100 адамға хызмет көрсетиў қуўатлылығына ийе стационар жумыс алып барады. Ҳәзирги күнде имараттың тырнағын таярлаў басланған.

Мәмлекетимиз басшысы орайды заманагөй үскенелер менен тәмийинлеў, онда сырт ел инвестицияларынан нәтийжели пайдаланыў, кадрлардың маманлығын арттырыў бойынша көрсетпелер берди.

Презентацияда электр энергиясының қуўатлылықларын кеңейтиў илажлары да додаланды.

Ҳәммемизге белгили, быйыл 25-январь күни регионымыз электр тәмийнатында техникалық үзилис пайда болды. Бул барлық электр станцияларға тәсир етип, айрықша жағдай пайда болды.

Оған бир қанша себеплер бар. Соның ишинде, бирден-бир энергетика системасы 220-500 киловольтлы магистраль электр тармақлар арқалы толық қоршалмаған. Арқа-Батыс ҳәм Қубла-Батыс энергоузелдиң тийкарғы бөлегинде 500 киловольтлы тармақлар жоқ. Айырым магистраль тармақлар қоңсы мәмлекетлердиң аймағы арқалы өткен.

Соның ушын, елимизде  500-750 киловольтлы тармақларды қурыў арқалы бирден-бир айланба системасын пайда етиў режелестирилмекте. Атап айтқанда, 2026-жылға барып, жәми генерация қуўатлықларын 27 мың 400 мегаваттқа, жыллық өндирис көлемин 110 миллиард киловатт саатқа жеткериў мөлшерленген. Сонда елимиздиң барлық аймақлары 500-750 киловольтлы тармақлар арқалы беккем байланысады ҳәм бир пүтин система жаратылады.

Президентимиз электр энергиясы системасын реформалаў, қоңсы мәмлекетлер менен тараўдағы бирге ислесиўди даўам еттириў ҳәм раўажландырыў зәрүр екенлигин атап өтти. Электр энергиясы қуўатлықларын арттырыў және оны жеткерип бериўди автоматластырыў бойынша қарар жойбарын таярлаўға көрсетпе берилди. Буннан тийкарғы мақсет электр энергиясы системасын турақлы етип, қәўипсизлигин беккемлеў, халқымызды бул әҳмийетли дәрек пенен үзликсиз тәмийинлеў болып есапланады.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться