Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Мәҳәллелерде жаслар менен ислесиў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында

2022-01-20 | Ҳүжжетлер

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Жаслар менен ислесиўдиң жаңаша басқарыў механизмлерин енгизиў, олар менен ислесиўдиң вертикал системасын жаратыў, жаслардың машқалаларын тиккелей мәҳәллелерде шешиў, билимлендириў мәкемелеринде руўхый-ағартыўшылық ҳәм тәрбиялық жумыслардың нәтийжелилигин және де арттырыў мақсетинде:

  1. Ҳәр бир қала, аўылда, сондай-ақ, қалалар, қалашалар, аўыллар және аўыллардағы ҳәр бир мәҳәлледе (кейинги орынларда – мәҳәлле) жаслар жетекшиси лаўазымы енгизилсин.
  2. Төмендегилер мәҳәлледеги жаслар жетекшисиниң (кейинги орынларда – Жетекши) тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

«Жаслар  балансы»н қәлиплестириў, жаслар ҳаққындағы зәрүр мағлыўматларды «Жаслар дәптери» ҳәм «Жаслар порталы» электрон платформаларына киргизип барыў, олар менен нәтийжели жумыс шөлкемлестириў;

мәҳәллелерде жаслардың бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў, миллий халық ойынларын ҳәм спорт түрлерин жаслар арасында оптималластырыў, Бес тийкарғы  баслама жойбарлары, жаслар фестивальлары ҳәм басқа да мәдений-ағартыўшылық илажларды әмелге асырыў;

жаслардың жәмийетлик белсендилигин арттырыў, таланты ҳәм басламаларын хошаметлеў ҳәм турмыста өз орнын табыўына жәрдем бериў;

жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялыў және олардың интеллектуаллық жақтан кәмалға келиўин ҳәм мәнаўий раўажланыўын тәмийинлеў;

ҳуқықбузарлыққа қол урыўға итималлығы болған жаслар менен системалы ислесиў,  жазаны өтеў мәкемелеринен азат етилген, қәнигелестирилген оқыў-тәрбия мәкемелеринен қайтып келген жаслардың социаллық-педагогикалық реабилитациялаўына ҳәм бейимлесиўине жәрдем бериў.

  1. Жетекшилер өзине бириктирилген мәҳәллелерде жумысын төмендеги тийкарғы бағдарларда әмелге асырады:

мәденият ҳәм көркем өнерди үгит-нәсиятлаў бағдарында – «Көркем өнер ғумшалары» таңлаўы, мақом, бақсышылық ҳәм эстрада бойынша «Жаслар ҳаўазы», «Жас сүўретшилер» таңлаўлары және «Камалак жулдызлары» балалар дөретиўшилик фестивалын өткереди, сондай-ақ, жаслар ҳәм балалар театр топарларын шөлкемлестиреди;

саламат турмыс тәризи ҳәм спортты оптималластырыў бағдарында –  мини-футбол, волейбол, стол тенниси, велоспорт, жуўырыў, шахмат, шашка, бадминтон, оқ жайдан атыў бойынша жарысларды шөлкемлестиреди, саламатлық ушын 5 000 қәдем жүриў марафоны және «Жас эколог» акциясын өткереди;

мәлимлеме технологияларынан нәтийжели пайдаланыўды шөлкемлестириў бағдарында – «Бир миллион программист», «Шаққан китапқумар», «Жас китапқумар», «Жас китапқумар шаңарақ», «Шет тиллер билимданы» ҳәм «Жас полиглот» таңлаўлары және «Мунозара» интеллектуаллық ҳәм миллий халық ойынларын шөлкемлестиреди;

ўатансүииўшилик руўхында тәрбиялаў ҳәм ҳуқықый билимданлықты арттырыў бағдарында – «Жас шегарашы», «Жас қутқарыўшы», «Қуўнақ стартлар», «Темурбеклер», «Тумарис маликалары», «Сунқарлар», «Жас ҳуқықтаныўшы», «Жас сайлаўшы», «Жас депутат» таңлаўлары ҳәм «Мен де әскер боламан» акциялары менен әскерий бөлимлерге саяхатларды шөлкемлестиреди;

Исбилерменлик идеяларын қоллап-қуўатлаў бағдарында – «Өзбекстан ушын  100 идея» ҳәм «Мәҳәллениң искер исбилермени» таңлаўларын, «Бизнеске биринши қәдем» грант жойбары және жетискенликке ерискен исбилерменлер ушын ушырасыўларды  шөлкемлестиреди.

  1. Жетекшилер усы қарардың 3-бәнтинде нәзерде тутылған илажлар мәҳәлледеги жаслардың қызығыўшылықларын инабатқа алған ҳалда ҳәр күни өткерилиўин тәмийинлеп барсын.
  2. Өзбекстан ветеранларының социаллық жумысын қоллап-қуўатлаў «Нураний» қоры (Турдиев) ҳәм Жаслар ислери агентлиги (Саъдуллаев):

ҳәр бир мәҳәлледе «Бир нуранийға он жас», «Кексе әўлад ушырасыўлары» жойбарларын әмелге асырсын.

Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы ҳәм Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги менен биргеликте «Жаслар нуранийлардың итибарында» сүрени астында дүркин көрсетиўлер  таярланыўы ҳәм эфирге узатылыўын тәмийинлесин;

Мәҳәллелерде жасларды Ўатанға садықлық, миллий қәдириятларға ҳүрмет, мәмлекетте  әмелге асырылып атырған реформаларға қатнас, диний кеңпейиллик ҳәм миллетлераралық татыўлық руўхында тәрбиялаўға қаратылған  дүркин илажларды шөлкемлестириў  илажларын көрсин.

  1. Туризм ҳәм спорт министрлиги және Өзбекстан спорт федерация (ассоциация)лары басшылары:

ҳәр шеректе  аймақлар кесиминде кеминде бир мәрте ҳәўескер жаслар арасында  жарыслар өткерилиўи бойынша  жыллық реже-графиклерин  тастыйықлап, әмелге асырылыўын тәмийинлесин;

Жарысларда унамлы нәтийжелерге ерискен спорт пенен турақлы түрде шуғылланыўы ҳәм профессионал спортшы болып жетилисиўи ушын оларды ҳәр тәреплеме  қоллап-қуўатлаў илажларын көрсин.

Мәденият министрлиги, Туризм ҳәм спорт министрлиги, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Қорғаныў министрлиги және басқа да мәпдар шөлкемлер Жетекшилер тәрепинен мәҳәллелерде илажлар өткерилиўинде әмелий жәрдем көрсетип барсын.

  1. Ҳәр шеректе мәҳәлледе жаслар сиясатын нәтийжели әмелге асырыўда жоқары нәтийжелиликке ерисип атырған мәмлекет бойынша ең алдынғы 100 Жетекшилер бир айлық мийнет ҳақысына тең муғдарда бир мәртелик ақшалай  сыйлық пенен сыйлықланатуғыны;

жумысын нәтийжели шөлкемлестирип атырған, өзиниң жеке пазыйлетлери менен жасларға  үлги болып атырған ҳәм оларға жетекшилик етип атырған  Жетекшилер «Жаңа Өзбекстан реформашысы» көкирек белгиси менен сыйлықланатуғыны  белгиленсин.

8.Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық  2022-жыл 1-марттан  баслап:

1-қосымшада  көрсетилген жәрдем түрлери Жетекшиниң усынысы тийкарында бериледи;

Жетекши жаслардың  исбилерменлик идеяларын әмелге асырыў, олардың жумысына кредит, субсидия ҳәм басқа да  жәрдем илажларын тартыў бойынша мәҳәлледе  исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты  қысқартыў мәселелери бойынша  ҳәким жәрдемшиси менен бирге ислеседи;

Жетекши жоқарыда көрсетилетуғын жәрдем түрлерин бериўди нәзерде тутылған ҳәр бир мүрәжаттың нәтийжелилиги ҳәм мақсетке муўапықлығын терең үйренген ҳалда оларды бериў ушын жуўапкер уйымлар менен шөлкемлерге өз усынысын  береди;

Жетекши берилетуғын усыныслардың әҳмийетли, ҳақыйқат  ҳәм әдил екенлиги ушын  жуўапкер есапланады.

Жаслар ислери агентлиги Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў  министрлиги және Әдиллик министрлиги менен биргеликте  үш ай мүддетте  усы қарарға 1-қосымшада көрсетилген жәрдем түрлерин бериўди тәртипке салыўшы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердеги механизмлерди  ықшамластырыў ҳәм әпиўайыластырыў бойынша ҳүкимет қарары жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Төмендегилер:

Министрлер Кабинети аппараты структурасында хызметкерлердиң улыўма шекленген саны шеңберинде 3 штат бирлигинен ибарат болған  Жаслар ислери секторы;

Жаслар ислери агентлиги, оның аймақлық басқармалары ҳәм бөлимлери струткурасында  мәҳәлледе ҳәм билимлендириў мәкемелеринде жаслар менен ислесиў бөлимлери  шөлкемлестирилсин.

  1. Мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелери ҳәм олардың филиалларындағы жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша проректорға (директор орынбасарына) биринши проректор (директордың биринши орынбасары) статусы берилсин.

Мәмлекетлик улыўма орта билимлендириў мектеплеринде директордың руўхый-ағартыўшылық ислер бойынша орынбасары жаслар мәселелеринде уйымлараралық бирге ислесиў ҳәм Жетекшилердың жумысына жәрдем бериў ушын жуўапкер деп есаплансын.

  1. Жаслар мәселелери менен шуғылланыў ҳәм аймақларда усы жумысты муўапықластырыў жеке Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы ҳәм районлар (қалалар)дың ҳәкимлери тәрепинен әмелге асырылатуғыны;

Жетекшилердиң және Жаслар ислери агентлигиниң мәҳәлле ҳәм билимлендириў  мәкемелеринде жаслар менен ислесиў бөлимлери хызметкерлериниң штат бирликлери улыўма орта билимлендириў мектеплериндеги 10 008 жаслар жетекшилери штат бирликлерин қысқартыў  есабынан қәлиплестирилетуғыны;

Жетекши лаўазымына талабанлар районлар (қалалар)дың ҳәкимлери басшылығындағы таңлаў комиссияларын қәлиплестириў арқалы  ашық таңлаўлар  тийкарында жумысқа қабыл етилетуғыны;

Жетекши лаўазымына жаслар менен ислеў тәжирийбесине ийе, жасларды изине ерте алатуғын, жеке пазыйлетлери менен үлги көрсеткен, пидайы, садық ҳәм халықшыл талабанлар тайынланатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Кеңеси, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте штат бирликлери қысқартылған хызметкерлердиң жумыс пенен тәмийинлениўи илажларын көрсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги:

Жумыс ислеў нәтийжелерине бола Жетекшилерди Миллий кадрлар резервине  киргизсин, онда бул Жетекшилер таңлаўсыз тиккелей жоқары лаўазымларға өткерилиўи мүмкин;

Еки жыллық мийнетиниң нәтийжелелерине бола Жетекшилердиң лаўазымын арттырыў бойынша министрликлер ҳәм уйымлар, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимликлерине усыныс киргизсин;

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясы ҳәм Жаслар ислери агентлиги менен биргеликте 2022-жыл 1-мартқа  шекем Жетекшилер ушын жаңадан енгизилип атырған системаның тийкарғы мәниси ҳәм нәтийжели жумыс ислеўин  тәмийинлеў бойынша  оқыў семинарларын  шөлкемлестирсин.

Оқыў семинарларын шөлкемлестириўге байланыслы қәрежетлер Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги жанындағы Мәмлекетлик  хызметти раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў қоры қаржылары есабынан қапланатуғыны белгиленсин.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлерине оқыў семинарларын өткериў менен байланыслы шөлкемлестириўшилик мәселелерин шешиў ўазыйпасы жүкленсин.

  1. Жетекшиниң айлық мийнет ҳақысының муғдары ол бириктирилген мәҳәлледеги шаңарақлардың санына сәйкес түрде төмендегише :

шаңарақлардың саны 500ге шекемги мәҳәлледе – мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарының 5 есеси муғдарында;

шаңарақлардың саны  501 ден  1000 ға шекемги мәҳәлледе – мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарының 5,5 есеси муғдарында;

шаңарақлардың саны  1000нан аслам болған мәҳәлледе – мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарының 6 есеси муғдарында белгиленсин.

Жаслар ислери агентлигине жумыс нәтийжелилиги көрсеткишлринен келип шығып, Жетекшилерди  ҳәр шеректиң  жуўмағы бойынша айлық мийнет ҳақысының  50 процентине шекемги муғдарында сыйлықлаў  ҳуқықы берилсин.

  1. Басқа аймақлардан келип өз жумысын алып барып атырған Жетекши ушын базалық есаплаў муғдарының еки есесине шекемги муғдарда турақ жайдың ижара төлеми қаплап берилетуғыны;

жылдың жуўмағы бойынша өзине бириктирилген аймақта жоқары нәтийжелерге ерискен Жетекшилерге ипотека кредити тийкарында сатып алынып атырған турақ жай баҳасының  50 проценти муғдарында,  бирақ Өзбекстан Республикасы Президентиниң  2021-жыл 9-декабрьдеги ПП-33-санлы пәрманына муўапық  белгиленетуғын турақ жай есапланған баҳасының 50 процентинен  жоқары болмаған муғдарда  субсидия берилетуғыны;

усы қарардың 7-бәнтиниң екинши абзацы, 14-бәнтиниң ҳәм усы бәнттиң екинши ҳәм үшинши абзацында нәзерде тутылған илажлардың қаржыландырылыўы белгиленген тәртипте  Мәмлекетлик бюджет  есабынан әмелге асырылатуғыны;

Жетекши лаўазымына жумысқа қабыл етилген шахслардың әскерий ҳәм арнаўлы атақлары сақлап қалынатуғыны,  Жетекши лаўазымындағы жумыс стажы  гезектеги әскерий ҳәм арнаўлы атақлар алыўда есапқа алынатуғыны, сондай-ақ, оларға алдынғы жумыс орнына қайтқанында нызамшылықта белгиленген барлық жеңилликлер енгизилетуғыны;

нызамшылық ҳүжжетлерине муўапық кадрлардың әмелдеги резервин қәлиплестириў  ўәкиллигине ийе министрликлер ҳәм уйымлар Жетекши лаўазымына жумысқа қабыл етилген хызметкерлерин  кадрлардың әмелдеги резервине киргизип мобилизациялайтуғыны белгиленсин.

  1. 16Жаслар ислери агентлиги Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги менен биргеликте бир ай мүддетте  Жаслар ислери агентлигине ажыратылған бюджет қаржылары  есабынан ҳәр бир Жетекшиниң  мийнетин толық санластырсын  және төмендеги бағдарларды нәзерде тутатуғын  элеткрон рейтинг системасын (KPIенгизсин:

мәҳәлледе  жаслардың бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў, мәдений-ағартыўшылық ҳәм спорт илажларын күнделикли әмелге асырыў жағдайы;

илажларда  мәҳәлледеги жасларды толық қамтып алыў дәрежеси;

«Жаслар балансы»н қәлиплестириў, «Жаслар дәптери» ҳәм «Жаслар порталы» электрон платформаларын санластырыў дәрежеси;

сырт елде жүрген мәҳәлле жаслары менен жақыннан қатнасықтың жолға қойылғанлығы.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимликлери 2022-жыл 1-мартқа шекем:

жетекшилер ушын қолайлы шараятқа ийе болған хызмет ханаларын ажыратсын  ҳәм  оларды материаллық-техникалық үскенелер ( мебель, компьютер топламы, байланыс, Интернет ҳәм басқалар) менен тәмийинлесин;

жергиликли бюджет қаржылары ҳәм нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан Жетекшилерди «Жаслар дәптери» ҳәм «Жаслар порталы» электрон платформаларына жалғанған, аралықтан турып есабатлар тапсырыў және видеоконференцбайланыс түринде мәжилислерде қатнасыў имканиятын беретуғын   планшетлер  менен тәмийинлесин.

Жаслар ислери агентлиги және Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги  еки ай мүддетте  планшетлерде пайдаланылатуғын  программалық тәмийнатты  ислеп шықсын ҳәм Жетекшилерге усынсын.

  1. Қаржы министрлиги усы қарар менен ажыратылыўы тийис болған қаржылар Өзбекстан Республикасы республикалық бюджетиниң қосымша дәрамат ҳәм жумсалатуғын қаржылары шеңберинде ажыратылыўын тәмийинлесин.
  2. Мәҳәллелерде жаслар менен ислесиў мәселелерин муўапықластырыў бойынша республикалық комиссиясы 2-қосымшаға муўапық қурамда шөлкемлестирилсин ҳәм оның тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсин :

Жетекшилердиң жумысын нәтийжели шөлкемлестириў, оларға өз ўазыйпаларын зәрүр дәрежеде әмелге асырыў ушын  методикалық жәрдем бериў;

мәҳәллелерде жаслар менен ислесиўдиң бир пүтин вертикал «мәҳәлле – район – ўәлаят – республика»  басқарыў системасын жаратыў бойынша жумыслардың нәтийжелилигин қадағалаў;

Жетекшилердиң жумысында пайда болатуғын машқалаларды шешиў бойынша  уйымлараралық бирге ислесиўди тәмийинлеў белгиленсин.

  1. Жаслар ислери агентлиги:

еки ҳәпте мүддетте Жетекшиниң тийкарғы ўазыйпалары, функциялары, ҳуқықлары, ўәкилликлери ҳәм жуўапкершилигин белгилеў бойынша үлги режени тастыйықласын;

ҳәр ҳәптеде ҳәкимлер ҳәм Жетекшилердиң қатнасыўында мәҳәллелерде әмелге асырылып атырған жумысларлы додалап барсын;

Жетекшилер жумысының нәтийжели шөлкемлестирилиўин тәмийинлеў мақсетинде ҳәр ҳәптеде аймақларға шығып, мәҳәлле кесиминде ислесиў системасы тийкарында әмелге асырылып атырған жумысларды орнында үйренип барсын;

ҳәр айда әмелге асырылған жумыслардың нәтийжелери ҳаққында Мәҳәллелерде жаслар менен ислесиў мәселелерин муўапықластырыў бойынша республикалық комиссиясына мәлимлеме киргизип барсын;

еки ай мүддетте мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Жетекшилерди олардың ўазыйпалары ҳәм жумыс бағдарларына байланыслы болмаған мәжилис ҳәм басқа да илажларға тартыў, олардың жумысына тийкарсыз араласыў, тийисли болмаған ўазыйпаларды жүклеў қадаған етилсин.
  2. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар, Ташкент қаласы ҳәкимликлери Қарақалпақстан Республикасы бюджети, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы, сондай-ақ, районлар (қалалар) жергиликли бюджетлерде қәлиплескен қосымша дәреклердиң кеминде 15 проценти муғдарында қаржыларды ҳәр шеректе «Жаслар дәптери»не киргизилген жасларды қоллап-қуўатлаў қорына ажыратылыўын қатаң тәмийинлеп барсын.
  3. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарларына 3-қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
  4. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Мәҳәллелерде жаслар менен ислесиў мәселелерин муўапықластырыў бойынша республикалық комиссияның баслығы К.К.Куранбаев, Жаслар ислери агентлигиниң директоры А.З.СаъдуллаевҚарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимлери белгиленсин.

Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының баслығы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.

Әмелге асырылып атырған илажлар ҳаққында ҳәр алты айда Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме киргизип барылсын.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2022-жыл 19-январь

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться