Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Инвестицияларлың нәтийжелилиги ҳәм сыртқы саўда жумысы додаланды
2022-01-12 | Сиясат
Президент Шавкат Мирзиёев 12-январь күни Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги ҳәм Стратегиялық раўажланыў агентлигиниң жумысын додалаў бойынша мәжилис өткерди.
Мәмлекетимиздеги турақлылық ҳәм қолайлы инвестициялық орталық нәтийжесинде сыртқы экономикалық байланыслар избе-из раўажланбақта. 2021-жылы жәми 10 миллиард доллардан артық, соның ишинде, 8 миллиард 100 миллион доллар муғдарында тиккелей сырт ел инвестициясы өзлестирилген. Соның нәтийжесинде 318 ири ҳәм 15 мыңнан аслам аймақлық жойбарлар әмелге асырылып, 273 мыңнан артық жумыс орны шөлкемлестирилген. Жаңа кәрханалар жәми 1 миллиард доллардан аслам экспорт ҳәм 530 миллион долларлық импорттың орнын толтырыў имканиятына ийе.
Әлбетте, коронавирус пандемиясы елеге шекем экономикалық процесслерге айрықша тәсир етпекте. Соған қарамастан, экспортта избе-из өсиўге ерисилмекте. Атап айтқанда, 2020-жылы елимизде экспорт муғдары 9 миллиард доллардан асқан болса, 2021-жылы 12 миллиард долларды қураған. Итибарлы тәрепи, онда таяр ҳәм ярым таяр өнимлердиң үлеси сезилерли дәрежеде көбейген.
Усы жылы 9 миллиард 500 миллион доллардан аслам тиккелей сырт ел инвестицияларын өзлестириў, 282 ири ҳәм 9 мыңнан артық аймақлық жойбарларды иске қосыў мөлшерленген. Экспорт көлемин 14 миллиард долларға жеткериў есап-санақ етилген.
Мәжилисте жуўапкерлер бул көрсеткишлерди тармақлар ҳәм аймақлар кесиминде тәмийинлеў илажлары бойынша мәлимлеме берди.
Мәмлекетимиз басшысы ҳәр бир инвестициялық жойбарды турақлы қадағалаўға алып, интакерлерге жәрдемлесиў ҳәм өз ўақтында иске қосыў бойынша тапсырмалар берди.
Туризм, медицина ҳәм машина қурылысы тармақлары, аймақлардан Қарақалпақстан Республикасы, Наўайы ҳәм Хорезм ўәлаятларында сырт ел инвестицияларын тартыў дәрежеси төмен екенлиги көрсетип өтилди. Сонлықтан олар бойынша тапсырмалар берди.
Президентимиз өндиристи ҳәм санаат кооперациясын раўажландырыў мәселесине айрықша итибар қаратты. Жергиликли өнимлердиң түрин көбейтиў, бул бойынша исбилерменлерди қоллап-қуўтлаў ҳәм хошаметлеў бойынша тапсырмалар берилди. Соның ишинде, елимизде ислеп шығарылмайтуғын товарларды өзлестирген жергиликли кәрханалардың өнимлери кепилликли түрде сатып алынады. Бул поцесске ҳәким жәрдемшилерин де тартыў әҳмийетли екени айтылды.
Халықтың турмыс сапасына тиккелей тәсир ететуғын билимлендириў, медицина, суў тәмийнаты, жол ҳәм басқа да инфраструктуралық жойбарларды әмелге асырыўда ашық-айдынлықты тәмийинлеў ҳәм жәмийетлик қадағалаўды күшейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Денсаўлықты сақлаў тараўы, Аралбойы регионы ушын траст фонды сыяқлы социаллық әҳмийетли бағдарларға сырт ел грантларын тартыў зәрүр екенлиги айтылды.
Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыў мәселесине де тоқтап өтилди.
Шавкат Мирзиёев Президент сайлаўы алдынан халық пенен ушырасыўларда ҳәр бир районда жойбарлаў топарлары ҳәм холдинг компанияларының шөлкемлестирилетуғынын айтқан еди. Мәжилисте бул системаны енгизиў бойынша исленип атырған жумыслар да таныстырылды.
Мәмлекетимиз басшысы жойбарлаў топарларының қәнигелерин бир система ҳәм методология тийкарында ислеўге оқытыў керек екенлигин атап өтти.
Мәжилисте экспорт мәселеси ҳәр тәреплеме талланды. Бул бағдардағы прогнозларды орынлаў ушын санаатқа айрықша итибар қаратыў, қосымша имканиятларды иске қосыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Ҳәммемизге белгили, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 19-июльдеги пәрманына муўапық, Стратегиялық раўажланыў агентлиги шөлкемлестирилген еди. Бул Агентликке инвестицияларды тартыў ҳәм жойбарларды әмелге асырыўдың стратегиляық мәселелерин үйрениў, инвестициялық жумыстың перспективалы бағдарларын анықлаў, халықаралық тәжирийбе тийкарында экономика тармақларын реформалаў ҳәм аймақлардың инвестициялық потенциалын арттырыў бойынша усыныслар ислеп шығыў сыяқлы көплеген ўазыйпалар жүкленген.
Мәжилисте бул Агентликтиң структурасы, усы күнге шекем ислеген жумыслары ҳәм быйылғы режелер ҳаққында мәлимлеме берилди.
Ҳәзирги күнде Агентлик басқармалары қәлиплестирилген, оларға жетекши сырт ел университетлеринде оқыған, интакер ҳәм билимли қәниегелер жәмленген.
Агентликтиң быйылғы режеси 18 әҳмийетли илаждан ибарат. Инвестициялық жойбарларды алға қойыўдың жаңа механизмин енгизиў, жасырын экономиканы қысқартыў арқалы инвестициялық орталықты жақсылаў ҳәм бул бағдарда аймақлар рейтингин жолға қойыў, интакерлердиң системалы машқалаларын анықлаў және шешиў бойынша онлайн платформаны иске қосыў, Жәҳән банки менен биргеликте тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыў стратегиясын ислеп шығыў солардың қатарына киреди.
– Бул Агентлик инвестиция көлемин кеңейтиў ҳәм экспорт потенциалын арттырыўға тийкар жаратады. Соның ушын, аймақлар ҳәм тармақларды стратегиялық раўажландырыў бойынша «жол картасы»н ислеп шығыў, оған сырт елден тәжирийбели қәнигелер ҳәм мәсләҳәтшилерди де тартыў керек,-деди Шавкат Мирзиёев.
Стратегиялық раўажландырыў бойынша методология жаратып, оны ҳәр бир аймақ ҳәм тармақта енгизиў бойынша анық ўазыйпалар белгилеп берилди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги