Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Сырт елге шығыў биометриялық паспортын «my.gov.uz» арқалы алыў тәртиби белгиленди
2022-01-07 | Жәмийет
Ҳүкимет қарары (5-санлы, 05.01.2022ж) менен Пуқаралардың сырт елге шығыў биометриялық паспортын алыў ушын Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы арза жибериў бойынша мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламенти тастыйқланды.
Ҳәкимшилик регламентке бола, сырт елге шығыў биометриялық паспортын алыў ушын пуқаралар арзаны өз қәлеўине бола төмендегилерден бирине бериўи мүмкин:
– ИИМниң миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў бөлимлерине келген жағдайда;
– мәмлекетлик хызметлер орайларына келген жағдайда;
– Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы (БИМХП) арқалы.
Арза бериўде сораўнама толтырылады, сораўнамада қәте мағлыўматлар көрестилгенде ямаса ҳүжжетлер толық болмағанда, кемшиликлерди сапластырыў ушын арза бериўшиге 5 жумыс күни бериледи, қәтелер сапластырылмаса сораўнама бийкар етиледи.
Пуқаралар сырт елге шығыў биометриялық паспортын алыў ушын 3 жумыс күн ишинде мәмлекетлик бажы төлейди (БЕМ 1,2 есеси – 324 мың сум, 16 жасқа толмаған пуқараларға БЕМның 80 проценти – 216 мың сум).
Арза бериўшиниң арзасы қабыл етилгенлиги ҳәм фотосүўретке түсиў және қол бармақ электрон излерин алыў ушын келиў күни ҳаққында 1 жумыс күнинде хабардар етиледи.
Сырт елге шығыў биометриялық паспорты 10 жумыс күн ишинде бериледи.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги