Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекстан ҳәм Тәжикстан Президентлери еки тәреплеме күн тәртиби ҳәм регионаллық қәўипсизликтиң әҳмийетли мәселелерин додалады
2022-01-06 | Сиясат
6-январь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмонның телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти.
Сөйлесиўде мәмлекет басшылары Өзбекстан-Тәжикстан стратегиялық шериклик қатнасықларының әҳмийетли мәселелерин додалады, сондай-ақ, региондағы жағдай, соның ишинде, қоңсы Қазақстанда пайда болып атырған жағдай бойынша пикир алысты.
Еки мәмлекет жетекшилери ҳәзирги ўақыялардың қатнасыўшысы болған тәреплерди сабырлылыққа ҳәм пайда болып атырған мәселелерди тыныш жол менен шешиўге шақырды.
Мәмлекет басшылары регионда тынышлық, турақлылық ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў бағдарындағы ҳәр тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыўға буннан былай да биргеликтеги ҳәрекетлерди қаратыўға таяр екенин атап өтти.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги